Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Билгейсиз (Bilgeysiz )


Биреў менен жолдас болсаң,
Шығыс жағыны билгейсиз.
Сапар шығып ҳәмдам болсаң,
Сыры-ҳалыны билгейсиз.

Ҳақ жолында сабыр етип,
Душпанларға жәбир етип,
Талабыңа ықлас етип,
Болажағыны билгейсиз.

Ҳаял алсаң, жақсыны ал,
Көп тыңлап сөзге қулақ сал,
Көркин алма, минезин ал,
Әўелден сынап көргейсиз.

Ҳаслы кәрим қара мениң,
Жүрек баўырым пара мениң,
Кеўлим толы жара мениң,
Бул гәптиң парқын билгейсиз.

Бер дегенде достыңа бер,
Душпанды етип қара жер,
Ҳаслан қайқайып болма шер,
Нәсиятымды илгейсиз.

Жигит қанаты ат болар,
Ат жигитке қуўат болар,
Өлгенше ўақты шад болар,
Аларның парқын билгейсиз.

Аға беглер жасым орта,
Айтқаным жоқ сөзди жорта,
Исимде болмағай қата,
Сөзимниң парқын билгейсиз.

Ағалар, мен шайыр болдым,
Гүл едим, қуўрадым солдым,
Шығып дүньяға не көрдим?
Аҳыў-зарымды билгейсиз.




Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Қарамас
Алдынғы бөлимге қайтыў: Надан болма
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.