Мениң (Meniń )
Бул дүньяға келгели,
Болды ма айтқаным мениң?
Ес-ақылымды билгели,
Бар ма көрмегеним мениң?
Қалем алып хатлар жаздым,
Қайғыдан жүдедим, аздым,
Жүзден жүйрик мыңнан оздым,
Аз емес билгеним мениң.
Бир кәмийне талып-илим,
Өзимде жоқ аса билим,
Тәңирим берген төкпе тилим,
Төгер кеўлимдеги мениң.
Көрер ғарип жүз мың ҳазар,
Бердимурат дағын жазар,
Сөз аңбаслар салмас нәзер,
Сөзлерди тыңлап мениң.
Ғамлы кеўлим шегер нала,
Залым жәбиринен сат пара,
Ҳақтың ҳәмирине не шара,
Үгер үстиқаным мениң.
Мерекеде опақ болдым,
Еңгезердей сопақ болдым,
Көлге барсам, қопақ болдым,
Аўым майламады мениң.
Тыңлап, журтларым, найлейин,
Тилимди тартып сөйлейин,
Бул заманға мен не дейин,
Айтқаным болмасдур мениң.
Мен аллаға дад етермен,
Кәмбил пирди яд етермен,
Өтирик айтып, нетермен,
Кеўлимде әрманым мениң.
Ойланың енди, халайық,
Усы ма бизге ылайық?
Бәримиз бир ис қылайық,
Сөзимди тыңласаң мениң.
Басыма түсти қыямет,
Бул заман болды әламат,
Жоқ шығарлар саў-саламат,
Барлығы ойымда мениң.
Жақсының гүли солмасын,
Қаза жетпесин-өлмесин,
Ғарипке жәбир келмесин,
Өлгенше нийетим мениң.
Күнхожаны тақыйық көрдим,
Әжинияз бенен бир жүрдим,
Айтқанына қулақ түрдим,
Ирикпеди сөзимди мениң.
Ҳақ жолына белим бағлап,
Қара бағрым турман дағлап,
Жүре алмадым бес күн шағлап,
Барлығы ойимда мениң?
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Дәўран
Алдынғы бөлимге қайтыў: Бир жигитке
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: