Дәўран (Dáwran )
Келгенсоң адам көп жасқа,
Қартайған соң болар қаста,
Гүңиртленип көзим жасқа,
Бул басымнан өтти дәўран.
Жигирма бес өтти жасым,
Кемейди қурбы-қурдасым,
Қайғыда болды бул басым,
Әрманлықта өтти дәўран.
Мени салып жанған отқа,
Күйдирип өкпемди партқа,
Кем таслады бизди артқа,
Сөйтип бизден өтти дәўран.
Бай болмадым жыйнап малды,
Бий болмадым бийлеп елди,
Бәри меннен әдира қалды,
Кереги жоқ ондай дәўран.
Жутым болды маған қыйын,
Мал болмады жыйын-жыйын,
Қайда маған берген сыйың?
Көп әўере еттиң, дәўран.
Байға бардың, бахыт болдың,
Сынбайтуғын сахыт болдың,
Жөнин таптың қыйсық жолдың,
Ҳәркимлерге кеттиң, дәўран.
Жарлы көрсең жантаспайсаң,
Жүги аўырға қолдасбайсаң,
Ақыл көрсең ойласпайсаң,
Ақылсыз жорға дәўран.
Астымда пырағым ешек,
Төсенерге ҳәм жоқ төсек,
Малы жоқты еттиң өсек,
Күлки қылдың бизди, дәўран.
Ата-анама келмедиң,
Бизге мал-ҳалды бермедиң,
Қасыма мениң келмедиң,
Бул басымнан өттиң дәўран.
Сен тойған болсаң, мен де тоқ,
Басымнан өттиң дүнья боқ,
Маған да сен керегиң жоқ,
Қашсаң жолың болсын, дәўран!
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Ақыбет
Алдынғы бөлимге қайтыў: Мениң
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: