Бир жигитке (Bir jigitke )
Өзи болған ғошшақ жигит,
Қатты кетип барасаң сен.
Бизден сизге пәнди үгит,
Зейин салып қарасаң сен.
Шапқанда байдың улысаң,
Тоқтағанда бир пулысаң,
Өзиңше Хийўа ханысаң,
Пухараңбыз сорасаң сен...
Батыр жигит елин бағар,
Қасқалдақ ҳәм көлин бағар,
Қатынлардың жолын бағар,
Сендей жигит, қарасам мен.
Өйтип, иним, қатты қашпа,
Нар буўрадай көбик шашпа,
Бир күн мурның тийер тасқа,
Қатты уятқа қаласаң сен.
Байлығым бар деп буўсанба,
Дүнья жеткизбес қуўсаң да,
Атадан алтаў туўсаң да,
Ўатаныңа дарасаң сен.
Бердақ айтар, жассынғандай,
Әўметиң жоқ ассынғандай,
Бақсы ағаңды бассынғандай,
Иним еле баласаң сен!
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Мениң
Алдынғы бөлимге қайтыў: Маған бер
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: