Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Маған бер (Maǵan ber )


Бәршени яратқан қадир қудайым,
Берсең бул бендеңе ҳақлық жолын бер,
Игри жүрсем артар мениң гүнайым,
Бул қалбиме туўрылықтың нурын бер.

Пәлек гәрдишинен етсем шикаят,
Тыңлағанға ҳәсиретли бир ҳикаят,
Жәбри-жапам болып тур бийниҳаят,
Зибаныма әдалатлық ҳүкмин бер.

Әзел әмири билән дүньяға келдим,
Қадир болып жақсы-жаманды билдим,
Қайғы-әлем билән баўрымды тилдим,
Қутылайын, бул қайғының емин бер.

Бай дәўлетин бергил, бийғам жасайын,
Несийбе ырысқымды молдан асайын,
Әрмансыз ойнайын, сүйип қушайын,
Маған дүнья жәннетиниң ҳүрин бер.

Бир дем еткен мағрып-машрық арасын,
Пырақ бер, күниме мениң жарасың,
Жаҳан маған ҳәўес етип қарасын,
Ҳәзирети Юсуптиң ҳусни көркин бер.

Үстинен жол берсе не теңиз-дәрья,
Мени тоздырмаса не заман гирия,
Мың жылдан соң қандай болады дүнья?
Көрейин, Луқманның узақ өмирин бер.

Бостан бер, гүллери әтир анқысын,
Арасында ел сайранлап шалқысын,
Қолымда сом темир оттай балқысын,
Темирши ҳәзирети Даўыт сеҳрин бер.

Дүньяда тилсимлер сырын ашпаға,
Рәфрад минип, жерден көкке ушпаға
Душпанды өз зинданына баспаға,
Жер-көктеги Сүләйманның ҳәмрин бер.

Жаҳан гәзийнесин алсам қолыма,
Сари айлемек ушын ҳақлық жолына,
Бердимурат киби ҳақтың қулына,
Тәңрим, саҳаўатлы ана меҳрин бер.

Түркстан, Хорезм мәсканым мениң,
Бес қала, теңиздиң әтирапы елим,
Айшы-әширет, арзыў әйлейди кеўлим,
Маған да дәўлетли инсан өмирин бер.

Бердақ дер, сөзимди айтып кетейин,
Бақ болмаса хор өмирди нетейин,
Болмаса дүньяны қарап етейин,
Қане, маған Исрапылдың сүрин бер!




Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Бир жигитке
Алдынғы бөлимге қайтыў: Теңиз балығын бермеди
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.