Теңиз балығын бермеди (Teńiz balıǵın bermedi )
Аў салдым барып теңизге,
Теңиз балығын бермеди.
Алла нәзер салғай бизге,
Көз жасты неге көрмеди?
Қытай, Қоңырат бүлер болды,
Әўлийеге түнер болды,
Ашлықтан журт өлер болды,
Теңиз балығын бермеди.
Мен өзим бардым сал минип,
Сал емес уллы ҳал минип,
Әлибим-ире, дал болып,
Теңиз балығын бермеди.
Әбеший болды замана,
Күн көрмегимиз гумана,
Қудайым бергей амана,
Теңиз ҳәм балық бермеди.
Қалай болды ҳалларымыз,
Болмады ҳәм малларымыз,
Болар ма екен жолларымыз,
Теңиз балығын бермеди.
Сапырысып толқын урды,
Қаҳәрленип даўыл турды,
Бир әламат заман болды,
Теңиз балығын бермеди.
Әй, ағалар, ығбал болғай,
Ҳақ нурына мийрим қанғай,
Душпанлардың үйи жанғай,
Заман түринен бермеди.
Байда саҳаўат болмады,
Ийшанда шәпәәт қалмады,
Сонда да гүли солмады,
Тилегимди ҳеш бермеди.
Кетпеди кеўилдиң дағы,
Көпир сынды гүзардағы,
Ғариплер ашылмай бағы,
Теңиз балығын бермеди.
Бердимурат мениң өзим,
Ялған емес айтқан сөзим,
Әламатты көрди көзим,
Саламатлығын бермеди.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Маған бер
Алдынғы бөлимге қайтыў: Билмедим
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: