Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Билмедим (Bilmedim )


Бул дүнья тар ма я кең бе?
Ойлап мәнисин билмедим,
Қуў өмирлер маған тең бе?
Не боларымды билмедим.

Айрылдым жалғыз қостардан,
Қуба-қосақсыз қошқарман,
Асалмай қалдым асқардан,
Не боларымды билмедим.

Артымда аға-иним жоқ,
Жүрегимде жанар бир шоқ,
Өтер басымнан дүнья боқ,
Не боларымды билмедим.

Өтер болды аз дәўраным,
Шығар болды шыбын жаным,
Қайнар болды қызыл қаным,
Не боларымды билмедим.

Кейнимде бала қалмады,
Көзим қызыққа тоймады,
Қайғы-қапамды жоймады,
Не боларымды билмедим.

Жастан айрылдым анадан,
Жетим қалдым ҳәм атадан,
Айырылып пушты панадан,
Не боларымды билмедим.

Үстимде жаман ылашық,
Тум-тусының бәри ашық,
Дүнья болды маған қашық,
Не боларымды билмедим.

Жүзим сарғайды қападан,
Өтти өмирим жападан,
Жаңылдым неғып тобадан,
Не жазғанымды билмедим.

Жүрип душпанлар кейнимнен,
Айырды жақсы күнимнен,
Гөне түспеди ийнимнен,
Не боларымды билмедим.

Аға беглер, қулақ салың,
Мендей болмағайлар ҳалың,
Өлеғойсам, еске алың,
Не боларымды билмедим.




Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Теңиз балығын бермеди
Алдынғы бөлимге қайтыў: Болмады
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.