Болмады (Bolmadı )
Узақ жолға сапар жүрип,
Жолда дәрманым қалмады,
Дүньяның меҳнетим көрип,
Тәнде мәдарым қалмады.
Дүнья рәҳәтин көрмедим,
Шалқып шад болып жүрмедим,
Ҳәз етип дәўран сүрмедим,
Маған мәдеткар болмады.
Қазан урып, гүлим солып,
Түрли-түрли заман болып,
Ғарип-қасер кеўлин алып,
Бийде шәпәәт болмады.
Бул заманның ийшан, байы,
Жолдан жүрмейди бинайы,
Қарадан көпдур гүнайы,
Шәрият жолы болмады.
Жақсылар жаманды теклер,
Жаманлар бир гәпти кеклер,
Шаҳзадалар, бегиў-беглер
Әдалатлық ис қылмады.
Патша болса әдалатлық,
Ҳәм қайырыў-сақаўатлық,
Ҳатамтайлардай ҳатамлық,
Бай бәтшелерде болмады.
Хорезмде асқан жүйрик,
Ушқан қус ҳәм қулан-кийик,
Атларын айтып кетейик,
Жийренше шенли болмады.
Молла болсаң илимди тут,
Жалғыз өзиң болмайсаң журт,
Кәспи-кәриң сениң жәдут,
Дуўры биреўиң болмады.
Мен өзим билгир емеспен,
Асқан данаман демеспен,
Ҳешўақ жалған сөйлемеспен,
Жалған гәп айтқан болмады.
Биреўлер байбатше болды,
Биреўлер, қазы, бий болды,
Хожа-сейит бурық болды,
Дуўры биреўи болмады.
Кеўлимниң сол интаҳасы,
Бар ма дүньяның опасы,
Бәршеси адам баласы,
Минез-қулқы бир болмады.
Ай яранлар, етпең зина,
Түўесилмес болар гүна,
Ол кәбаңдур ата-ана,
Оннан улуғ зат болмады.
Жүрек баўрыны дағласа,
Өзи ушын бел бағласа,
Жарлы бийшара йығласа,
Байдан шәпәәт болмады.
Жыл-жылдан заман тарылды,
Зардабынан жер жарылды,
Бул азаптан ким арылды?
Ҳешбир паяны болмады.
Сөзим мениң мәлим көпке.
Шығармас оқыған шепке,
Түсинбесе усы гәпке,
Шул ўақыя аз болмады.
Я болмаса гүз келер ме,
Я болмаса қыс келер ме,
Жайма шуўақ жаз келер ме,
Оны билгенлер болмады.
Кемтарлықтың камалы жоқ,
Мен сорлының ҳамалы жоқ,
Шалқып айтар заманы жоқ,
Жайнап-жаснар күн болмады.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Билмедим
Алдынғы бөлимге қайтыў: Үфик мәҳрем
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: