Үфик мәҳрем (Úfik máhrem )
Үфик мәҳрем, бежит жүриң,
Жолың жуўық па, жырақ па?
Минипсең жылдырым яңлы,
Ат па, ешек пе, пырақ па?
Бул ешектиң маңлайы сор,
Отқа қорең, өзи жемхор,
Мойны киши, хызмети зор,
Ақ ғашырдан уллырақ па?
Басыңа шаншайын жыға,
Ҳаққыңа қылайын дуға,
Ийир андыз сары буға,
Артқаның айна-тарақ па?
Көк ешектиң байрағы қой,
Ҳәр жерге барса жыйын-той,
Қайшы менен бежерип қой,
Саўрысы жүнли барақ па?
Жатпай, турмай ет талапты,
Шөллесең ишкил шалапты,
Еки қоңын ғайзалапты,
Сәл гийтиңи қысқарақ па?
Ешегиңниң тамағы тоқ,
Қулағы салпы, жалпы жоқ,
Қуйрығында бир түги жоқ,
Иштен туўғанда шолақ па?
Бул ешегиң қулынтайды,
Бердимурат бас шайқайды,
"Ҳық" дегенде қыйсаңлайды,
Сәл палаңы жуқарақ па?
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Болмады
Алдынғы бөлимге қайтыў: Қус
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: