Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Келин (Kelin )


Қасың қара, белиң нәзик,
Оң қолыңда тилла жүзик,
Ғайратыңды бүгин көрдик,
Қупияда илдиң келин.

Шашың қара, жүзиң аппақ,
Қундыз кирпик, жупқа додақ,
Писте мурын, ләбиң қаймақ,
Келбет жағың келген келин.

Қулағыңда алтын сырға,
Тилиң шийрин, кеўлиң мырға,
Келдим саған зордан-зорға,
Қарсы алдыңда турман, келин.

Көпке үлги еткен исиң,
Жалтырайды ҳинжи тисиң,
Журттан артық ақыл-есиң,
Қапа болып турсаң келин.

Жарқырайды жүзиң айдай,
Туўған анаң сениң қандай,
Сөзиң шийрин, тилиң палдай,
Перийзаттан артық келин.

Артық сениң ақыл-ойың,
Тал шыбықтай талма бойың,
"Қарма-жарма" болып тойың,
Әрман менен турсаң келин.

Қайнағаға басыңды ийип,
Қайғы менен қабақ үйип,
Әрман менен ишиң күйип,
Ар-сар болып турсаң келин.

Өңириңе тағып теңге,
Кеўлиңде бар оннан өңге,
Ҳәм қайниге болып жеңге,
Жат еллерде турсаң келин.

Күни-түни азап шегип,
Көзлериңнен жасты төгип,
Қабырғаңды қайғы сөгип,
Әрман менен жүрсең келин.

Артық баҳаң елиў туўар,
Сеннен алып әкең саўар,
Бурынғының жолын қуўар,
Бахтың солай болды келин.

Ашылмай ығбалың әбес,
Көркиңе болмады сәйкес,
Қапталында еки бийкеш,
Сийне-сәнли турсаң, келин.

Хорлық азап көрген күниң,
Жылаў менен өтти түниң,
Еркин шағлап шықпай үниң,
Қапалықта турсаң келин.

Еситилди зарың маған,
Не айтайын енди саған?
Қайғыдан мен де оған,
Күниң солай өтти, келин.

Көп сарсылып, болма қапа,
Қыя шөлде шекпе жапа,
Келсе саған сиңли-апа,
Не айтарсаң турып, келин?

Қарасам қысым беллериң,
Шийриннен татлы тиллериң,
Жаўдырап жадыў көзлериң,
Тутқынланып турсаң, келин.

Усы бастан етип талап,
Киси ушин жүрме жылап,
Ертеректен теңиңди тап,
Матаўлықта турма, келин.




Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Ойланба
Алдынғы бөлимге қайтыў: Балам
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.