Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Балам (Balam )


Алтақлама, талтақлама,
Биреў урды деп жылама,
Аш боламан деп ойлама,
Жигерли бол жастан балам.

Өшиңди ал душпаныңнан,
Күшиңди жыйна жасыңнан,
Халқың қалмасын қасыңнан,
Киши пейил бол жастан, балам.

Менмен болма Пиримбайдай,
Қудайым етпесин ондай,
Селдир болып сеңсең тондай,
Сылбырап ҳәм жүрме балам.

Белиңди буў, жеңиңди түр,
Дос-душпаныңды сынап жүр,
Жақсы сөзге қулағың түр,
Жаман сөзден қашқыл балам.

Малым жоқ деп ҳеш муңайма,
Берер қудайым маңлайға,
Душпанға түспе оңайда,
Көзиң ашып жүргил, балам.

Жаман атың түсип көзге,
Сарғыш ендирмегил жүзге,
Ерме ҳасла шуғыл сөзге,
Ғыйбат сөзден қашқыл балам.

Атым жоқ деп арсынба да,
Тоным жоқ деп тартынба да,
Жаманлардан уялма да,
Орын таўып отыр, балам.

Тойға барсаң барғыл бурын,
Душпаныңның үзип торын,
Жоқарыда алғыл орын,
Ҳеш ўақ төмен болма балам.

Биреў сени жаманласа,
Көрмегенге датқаласа,
Айтқан сөзинде турмаса,
Оннан қашып жүргил балам.

Маңлайыңнан ағызып тер,
Жақсы-жаманды сынап көр,
Жақсы адамның кейнине ер,
Сонда жолың болар балам.

Жаманларға сырыңды айтпа,
Келген жерде сөзден қайтпа,
Достыңды ҳасла муңайтпа,
Душпаныңды мата, балам.

Малым бар деп асып-таспа,
Биреўлер менен жарыспа,
Орынсыз жерге тарыспа,
Ретинде сөйле, балам.

Көпти қасыңнан қашырма,
Барыңды жоқ деп жасырма,
Қуўлықты қалеп асырма,
Әлипайым болғыл балам.

Жақсылығыңды халық билсин,
Дурыслығыңды айтып жүрсин,
Мәзи душпанлар жек көрсин,
Туўры жолдан жүргил балам.

Орынсыз жерге умтылма,
Биреўге жөнсиз жутынба,
Еки рет өтирик айтпа,
Ҳағына жүр бәрҳа, балам.

Ойланбастың түби ойран,
Ақыры бир күн болар ҳайран,
Теңиң менен салғыл сайран,
Нәмәрт пенен жүрме балам.

Басыңды қос жақсы досқа,
Дос таппай ҳәм жүрме босқа,
Қасыңа келмесин шошқа,
Соннан аман болғыл, балам.

Қасыңа ерсе бир жаман,
Зыянәти тийер саған,
Сондайлардан болғыл аман,
Аңластырып қара балам.

Атаңнан пәнди нәсият,
Ҳәммеден де усы зыят,
Орынлы ет-етпе уят,
Кейниңди ойлап жүргил балам.

Жалғызбан деп жалтақлама,
Көппен ғой деп талтақлама,
Жорта күлип шақақлама,
Орынлы ис исле балам.

Жаман ушын түспе отқа,
Сөзге ерип кетпе жатқа,
Қыянет ойлама журтқа,
Оңарыңа жақсы, балам.

Ата-анаңды қәдирле,
Өлгениңше жақсы сөйле,
Мал тапсаң торқаға бөле.
Өсериңе жақсы балам.

Жетим көрсең қолыңды бер,
Аға болса, кейнине ер,
Онша бултыйып болма шер,
Әлипайым болғыл балам.

Ғарип көрсең, ақылыңды айт,
Оңлы болса, қасыңа тарт,
Ол да болса үлкен мурат,
Оныдағы ойла, балам.

Алдында жатыр бийик жар,
Соны ассаң, көп дүнья мал...
Атаңниң сөзин есиңе ал,
Нәсиятты болдым, балам.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Келин
Алдынғы бөлимге қайтыў: Өмирим
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.