Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Ойланба (Oylanba )


Жолыңнан қайтып артыңа,
Салып көп исти ядыңа,
Қараны тутып алдыңа,
Қарындасым, ҳеш ойланба.

Исенбе аға-жеңгеге,
Қуўанба таққан теңгеге,
Сырыңды айтпа өңгеге,
Сүймесиң ушын ойланба.

Қапа болма, теңиңди изле,
Хор болмастай жерди гөзле,
Жаман айтпа, жақсы сөзле,
Ҳақ иске ҳешбир ойланба.

Малы көп деп кетпе оған,
Азап берер ақмақ саған.
Қостарым деп ерме соған,
Сүйгениңе кет, ойланба.

Келип тур мынаў сүйгениң,
Әўелде кеўил бергениң,
Көз ашып ҳәмде көргениң,
Соның ушын ҳеш ойланба.

Мин артына бүгин түнде,
Жылап жүрмей күнде-күнде,
Усылай ойлап турман мен де,
Кетер болсаң ҳеш ойланба.

Қарама берген малына,
Қарамас ол ҳал-жайыңа,
Ылайық ба бул бойыңа?
Сүйгениңе кет, ойланба.

Зәңгиңди өзим басайын,
Душпан жүрегин осайын,
Сүйген ярыңа қосайын,
Кел қарындас, ҳеш ойланба.

Қолынды бер де, берман жүр,
Ойыңа алма жат пикир,
Қосылып узақ өмир сүр,
Мин артына, ҳеш ойланба!



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Қашан рәҳәтланадурсаң
Алдынғы бөлимге қайтыў: Келин
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.