Өмирим (Ómirim )
Дүнья-фаный, келмек ғаный,
Келдимиў енди, не көрдим?
Бир пуш дәне билсең аный,
Бир күнше жоқдур өмирим.
Бердимурат мениң өзим,
Билмеске биймәни сөзим,
Запырандек солды юзим,
Өтти әрманда өмирим.
Биримде ҳәўлеп күлгеним,
Ата-анамды билгеним,
Үшимде ғаз-ғаз жүргеним,
Алақанда турған өмирим.
Бес жасымда кеўлим өсти,
Жети жаста тисим түсти,
Билмей жақсы-жаман исти,
Қус талпыныслы өмирим.
Он жасымда оқып кәлам,
Жасы үлкенге бердим сәлем,
Өтип дүньядан ата-анам,
Қан жылап қалған өмирим.
Он биримде жаным жақтым,
Он үшимде бузаў бақтым,
Жетимлилик гүлшесин таттым,
Ғамлы балалық өмирим.
Мен енди он төрт жасымда,
Ышқы саўдасы басымда,
Қыз-жаўан енип түсимде,
Таўыс сүўретли өмирим.
Он алтыда, он жетиде,
Зәрделер толып кеўилге.
Жақпай ойын-заўық бизге,
Машқала түскен күнлерим.
Қәдди далы назлар менен,
Кеўил хоши сазлар менен,
Илме султан сөзлер менен
Дегишип өткен күнлерим.
Налыш етип бир аллаға,
Медиресе истәб бармаға,
Илму фан ҳасыл қылмаға
Талабан болған күнлерим.
Жигирмада дардай болып,
Жүк көтерген нардай болып,
Гүркиреген шердей болып,
Күшке толысқан күнлерим.
Жигит жигирма биринде,
Тақат таппас бир орында,
Бир батпан самал мурында,
Сәңкийип салған күнлерим.
Кеўил әнжамсыз, қайғы-дәрт,
Ышқи ҳәсер ишиңде өрт,
Төрелик жоқ жигирма төрт,
Шоғы ҳәўирли күнлерим.
Түйилсе тис пенен шешкен,
Топылса қылышсыз кескен,
Жигитлик жигирма бестен
Толықсып өткен күнлерим.
Бир ғарғысаң жигирма алты,
Енди айтар сөздиң салты:
Илму сәўбет есимди алды,
Маный излеген күнлерим.
Белгили халыққа нышаны,
Ядимдадур ҳәр қашаны,
Қартайғанда Күнхожаны,
Көрген күнлерим, күнлерим.
Айтың сөзлерим тыңлатып,
Кемис жерини оңлатып,
Бир ярым ай бирге жатып,
Ҳәз етип өткен күнлерим.
Отызында отағасы,
Тапсаң бергил қонақ асы,
Боларсаң жигит ағасы,
Ақыл тоқтатқан күнлерим.
Биймәни гәп сөзленбеген,
Сөз келгенде егленбеген,
Шалқып аға беглер менен,
Ҳәм сәўбет болған күнлерим.
Паяны жоқ паный дүнья
Алдады жол салып қыя
Көп өмирим кетти зая,
Аҳыў-афғанлы өмирим.
Кимлер өткен өмирин билмес,
Қартайса ҳәм қырққа келмес,
Қырққа келсе, нырққа келмес,
Қырқ машақатлы өмирим.
Байдың малы, жоқтың ҳалы,
Бул дүньяның ғалмағалы,
Шеп есип дәўран самалы,
Қазан урғандай өмирим.
Қырқ ҳәм қалып, келди елиў,
Қыйын емес парқын билиў,
Жарасар ма ойнап-күлиў,
Елиде белли өмирим.
Алпыс ҳәм алқымлап келер,
Шапаның жалпылдаған келер,
Келинлер тоңқылдап келер,
Әлип қадди дал өмирим.
Дүнья-дүнья болғаның ба?
Енди бизден қалғаның ба?
Қазан урып солғанын ба?
Суў киби тынған өмирим.
Көрдим Хорезм, Бухарды,
Даңқы шыққан көп шәҳәрди,
Кемлик пенен шаш ағарды,
Өтти әрманда өмирим.
Бул дүньяның басы қызық,
Тили – шийрин, көзи – сүзик,
Ақыбети аның бузық,
Көп пушайманлы өмирим.
Ким жетпистен ҳәзлик тапқан?
Ҳалың мүшкил қулбарақтан,
Дизең асарлар қулақтан,
Мүсәпирхана өмирим.
Отырсаң боларсаң опақ,
Турсаң боларсаң соп-сопақ,
Күнлер қайда апақ-шапақ?
Әўере болған өмирим.
Адам менен болмай исиң,
Даҳан кеўип, түсер тисиң,
Дизиңнен сарқылып күшиң,
Өтер дәўранлы өмириң.
Шайыр ҳәм билгенин жазар,
Ҳақ кимлерге салса нәзер,
Соның иси болар базар,
Базарын саўған өмирим.
Дәртлерим көп көкей кесер,
Өткен дәўран еске түсер,
Жигирма бес – жилли ҳәсер
Енди жоқ саған, өмирим.
Кәрўан көшер, дүнья өтер,
Бенде нешик иләж етер?
Қылыш сүйреп әжел жетер,
Келдиң – келмедиң, өмирим.
Бақ я әжел жетсе дедим,
Залым шырағы өшсе дедим,
Сонша налып қайғы жедим,
Өтип әрманда өмирим.
Ҳаққа налыс еткил енди,
Әрман менен кеткил енди,
Айтар сөзин питкил енди,
Өтти дүньядан өмирим.
Келме-кетпели сөз айттым,
Я билмеймен терис қайттым,
Пирге дақыл басым шаттым,
Өтти қапесте өмирим.
Бердимурат ҳақтың қулы,
Саҳрада өскен бүлбили,
Жазылды бул жылқы жылы,
Хош бол, әрманлы өмирим.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Балам
Алдынғы бөлимге қайтыў: Көринди
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: