Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Көринди (Kórindi )


Бул дүнья қурысын, көз жетпес жериң,
Айтыўга тил жетип, тарқамас шериң,
Ашлықтың азабын көрдилер елим,
Жер бети аядай маған көринди.

Жарғанат жүр, үсти қызыл, пәри жоқ,
Тамақ табар тық-тықтайын кәри жоқ,
Суўықта жүрерге аның ҳалы жоқ,
Жаз күнлери қыстай болып көринди.

Жорға-жүрмел, тулпар киби жүйриклер,
Адамзатқа шад болғанда кереклер.
Бағы ҳәрем, бақша ҳәмде тереклер,
Көзлериме шеңгел шелли көринди.

Ҳалып билмей, зикир айтып "аллалар",
Адамларды алдап бәрҳа оллалар,
Суўпы, ийшан, ахун және моллалар,
Көзлериме шайтан яңлы көринди.

Бул дүнья тарылды – әламат болды,
Көрмеди думаннан мөҳминлер жолды.
Бизден бурын неше заманлар болды,
Өткен дүнья бир пул шелли көринди.

Адамға мийримсиз жәлладлар, жаўлар,
Халықты жылатқан аталық, ханлар.
Басқа аўыр қайғы салған залымлар
Көзлериме шаян-жылан көринди.

Көринди-көринди өзимдей ғарийп,
Ақша жүзи солғын тартып сарғайып,
Ағалар, бул исти көрмеңлер айып,
Бәршеси көзиме ялған көринди.

Думан тарқап, күнниң көзи көринсе,
Жорға минген омбасына сүринсе,
Бахыт анық келип түсиме енсе,
Бир жасым он жасқа тарыр көринди.

Дүнья десең, қара жумбай көзиңди,
Зулматлары отқа жағар өзиңди,
Пәтиўасыз етер залым сөзиңди,
Заман маған зиндан киби көринди.

Әдалат жоқ, беги, патша ханларда,
Хош кеўил жоқ ғарип пақыр инсанда,
Бизлер шыққан бул ўапасыз дүньяда,
Ҳәрбири көзиме ялған көринди.

Көринди бул дүнья аздур ўапасы,
Кеўлимниң кетпейди жәбриў-жапасы,
Ҳақ болмаса бендесиниң панасы,
Болмаса бул дүнья ҳайран көринди.

Дүньясы қурысын қазан урғандай,
Жасаўыллар найза алып турғандай,
Қара басқа ақыр заман қурғандай.
Заман маған қара думан көринди.

Маҳийтабан емес, Мәжнүн көринди,
Шапқан атым арықлықтан сүринди,
Кем-кемнен аңланар сөзлерим енди
Бәршеси дүньяның ялған көринди.

Бул дүнья керекдур өлгенше, бенде,
Азаплар шегемен залымнан күнде.
Жаным аман жүрсе бул шийрин тәнде.
Залымлардың иси финҳан көринди.

Ойлан Бердимурат, заман тарылды,
Сумлығынан жүрекгенем жарылды,
Мен сорлының жолы жаман тарылды,
Бул заманның түри жаман көринди.

Ойлан адам, ойлан, дүнья ҳәлекти,
Қайғы-ғам астында езбең жүректи,
Еркиме қой, бермесең де тилекти,
Бул басыма ақыр заман көринди.

Мен налыйман, заманым тур тарылып,
Жарымадық ислесек те сарылып,
Жерменлер жоғалса қарны жарылып,
Деген тилек досларымда көринди.

Ойлан Бердимурат, қысқарт сөзиңди,
Қысқартпасаң топырақ басар жүзиңди,
Беш күнлик дүньяға ақыр изинде
Жамалың бир саат мийман көринди.




Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Өмирим
Алдынғы бөлимге қайтыў: Бүлбил
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.