Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Бүлбил (Búlbil )


Шеңгелге қонған бүлбилдиң,
Шымшық қурлым сәни болмас.
Ышқысында қызыл гүлдиң,
Сайраса дәрманы болмас.

Пәри түсип қыяғынан,
Сыйқы кетип сыяғынан,
Тикен тырнап аяғынан,
Қанатқанда қаны болмас.

Жылан аңлып жылға сайдан,
Жылжып келсе анадайдан,
Шөл бүлбили билсин қайдан?
Шақса оның еми болмас.

Нама тапса, ырғақ таппай,
Шалқып сайрар бир бағ таппай,
Тыңлаўына қулақ таппай,
Сайраўында мәни болмас.

Ғақылдасып қара қарға,
Жемтик аңлып қонар жарға,
Байыўлыдай байғус бар ма?
Жарғанаттың пәри болмас.

Бардың иси пәрман менен,
Жоқтың иси әрман менен,
Зары-гириян болған менен,
Кеўлиңниң қумары болмас.

Толқынды тайдай туўлатып,
Даўыл келер қуйынлатып,
Путаны паналап жатып,
Шақмақ шақса жаны қалмас.

Тәрк әйлеп паный дүньяны,
Жолға шықса дос яраның,
Йықылып көшки-әйўанын,
Пал шайнасаң дәми болмас.

Жетим қалған бота бозлап,
Әрўана көшегин излеп,
Таўшан-кийик таўын гөзлеп,
Жәзийрасыз жазы болмас.

Күнлер өтер әрман менен,
Жүгиң кетер кәрўан менен,
Аты бүлбил болған менен,
Торғайдай дәўраны болмас.

Султан болма ғайры елде,
Шопан бол туўған жериңде,
Шағала қус өз көлинде
Шарқылдамай сәни болмас.

Ақшам жулдыз ағып өтер,
Жүрек-баўырым жағып өтер,
Ғамсыз күним нағып өтер,
Дәртимниң дәрманы болмас.

Бердимурат ҳақтың қулы,
Саҳраның сары бүлбили,
Беш күн мийман адам улы,
Әрмансыз бир күни болмас.




Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Көринди
Алдынғы бөлимге қайтыў: Заманда
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.