Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Заманда (Zamanda )


Шаққан аяқ басып хызмет етпесең,
Күнлер көриў қыйын бундай заманда.
Ойлап-ойлап мақсетиңе жетпесең,
Өмир сүриў қыйын бундай заманда.

Азаматлар, аяғыңды шаққан бас,
Шаққанлап баспасаң көзден ағар жас,
Болмайын десеңиз қайғыға жолдас,
Ҳасла албаў болмаң мына заманда.

Жолда душпан орды қазып жатарлар,
Язитлердиң жолын беккем тутарлар.
Өзи тиймегенге кесек атарлар,
Аман жүриў керек бундай заманда.

Ситемкерлик етсе мийримсиз залым,
Бириксең жетерлер бәлентке қолың,
Шашаў жүрсең, кимге болар обалың,
Бул қайғылы аласатлы заманда?

Көллер жуда болды өрдек-сонадан,
Ерлер жуда болды қатын-баладан,
Ул-қыз айра түсер ата-анадан,
Боз думан қаплаған қайғы заманда.

Тилла кекиллери маржан төкилмиш,
Айтсам көзде жасым бәрҳа егилмиш,
Қабырға сай болып дал-дал сөкилмиш,
Ҳайран болдым бундай қайғы заманда.

Кеўлим исьян1 табар қайғы дәрт билән,
Шериң тарқар журтта батыр мәрт билән,
Жолдас болма өзиң билмас гүрт билән,
Ҳалың қыйын болар бундай заманда.

Жәҳиллерден ҳешўақ алма аманат,
Көтерерсең ақырында жаман ат,
Бул заманлар болып атыр әламат,
Кимсе ғамгүн, кимсе шад бул заманда.

Байлаўлыдур бул заманда қолларың,
Бердимурат, қыйын сениң ҳалларың,
Тириңде болмады ҳасла жолларың,
Әрман менен кетер болдың заманда.

Бердимурат, көп ойланып болма лал,
Жасы үлкенниң өлгениңше ақлын ал,
Жасы киши, баллар енди қулақ сал
Айтқан сөзлериме бул бир заманда.

Залым қысым етер халқыма сансыз,
Жүзинде нуры жоқ гилең иймансыз,
Мөҳмин қуллар отыр телмирип нансыз,
Жоқшылық жәбири өтти заманда.

Дүнья деп ғам шексең оннан пайда жоқ,
Шадланармыз деген енди ойда жоқ,
Ғариплерге ҳайт-мереке, той да жоқ,
Кеўлиң зийнет таппас бундай заманда.

Заман жылдан-жылға терис айналды,
Ақыллылар жол таба алмай ойланды,
Жүйрик шешенлердиң тили байланды,
Қаранғы қаплаған қайғы заманда.

Қыз-жаўанлар сүйгенине кетпеди,
Шәрият шарымына илаж етпеди.
Бийдәртлердиң буған ақылы жетпеди,
Ақылы жеткен қолы жетпес заманға.

Мен өлмеспен, сөзим жүрер бәрҳама,
Туўысқаны көп адам жаўдан қорқа ма?
Залымлардан қорқып бақпа арқаңа,
Мәккем аяқ басың бундай заманда.

Бас аманлық ушын еткен тобаңыз,
Бир бас емес мәгер қоңсы-қобаңыз.
Кепин таўып өлсе ата-анаңыз,
Шүкирлик әйлерсең бундай заманда.

Бай болсаң малың көп, - болдың әрмансыз,
Жарлы болсаң, - исиң болды пәрмансыз,
Қалай қылар аш-арықлар дәрмансыз,
Бундай қайғы ҳәсирет турған заманда?

Өз-өзим отырып пәрман етермен,
Сөзимди дәртлиге дәрман етермен,
Тилим байлаўлықтан әрман етермен,
Бир жазылысып айта алмадым заманда.

Ҳәсиге кетпейин, тәўбе етейин,
Ҳәй ағалар, өтирик айтып нетейин.
Өлсем сөзим қалар, айтып кетейин,
Не көрдим мен әдира қалған заманда?

Қадиримбет шәкиртим, атым Бердимурат,
Еккимиз майданда еттик мулаққат,
Онда көк жүрмел бар, менде қара ат,
Жүрдик бирнешше жыл бундай заманда.

Шайыр Бердимурат алланиң қулы,
Саҳрада сайраған бүлбили,
Бул қосықты айттым мен доңыз жылы,
Қадиримбет, ҳикаятым заманда!

1 Исьян – ғаўға, көтерилис мәнисинде.




Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Бүлбил
Алдынғы бөлимге қайтыў: Жаз келер ме?
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.