Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Жаз келер ме? (Jaz keler me? )


Даўыл болды, үргин үрди,
Қосымның қамысын түрди.
Думан басты аспан, жерди,
Пухараға жаз келер ме?

Жанымды алды сырап суўық,
Суўықтан жарылды уўық.
Жаз бизге келмеди жуўық,
Булкараға жаз келер ме?

Тамағым жоқ ишерге,
Көлигим жоқ көшерге,
Төсегим жоқ төсерге,
Мен сорлыға жаз келер ме?

Жүрген жерим Айырша атаў,
Аяғыма салды матаў.
Қай ўақытта тарқар татаў,
Қыслар өтип жаз келер ме?

Ағалар, бул ис әбести,
Қашан жыйнар адам ести?
Теңизлер сеңге сирести,
Биз сорлыға жаз келер ме?

Теңиз ашшы, суў сорлақ дуз.
Қостың иши болып тур муз.
Қатты ғазеп етип тур қыс,
Қыслар кетип жаз келер ме?

Арқам Тоқтас, суўы терең,
Еситпейди аў қудай герең.
Ақыр заман усы дер ем,
Қыслар өтип, жаз келер ме?

Жалайыр көпир бойында,
Күн көриў түсти қыйынға.
Бармадық тойға, жыйынға,
Биз сорлыға жаз келер ме?

Ашлықтан болмады тамақ,
Аўқатымыз қарабарақ.
Қудай болды жалғыз шабақ,
Пухараға жаз келер ме?

Аўылда маллар қалмады,
Сырап суўықлар жалмады,
Жайнап-жаснап ўақ болмады,
Биз сорлыға жаз келер ме?

Қытай, Қоңырат қатты бүлди,
Ақша жүзге сарғыш енди,
Қырар болды суўық елди,
Пухараға жаз келер ме?

Қызыл тилим болды айғақ,
Аяқ бассам бар жер тайғақ.
Жүре алмадық күлип-ойнап,
Қыслар кетип, жаз келер ме?

Көсилип жатар үйим жоқ,
Ийинге тартар кийим жоқ,
Тоқтан бизлерге буйым жоқ,
Биз сорлыға жаз келер ме?

Ялғаншыда ҳақлық қайда?
Сын қалмады қәдди-бойда.
Қыс азабы бәрҳа ойда,
Пухараға жаз келер ме?

Қараңлар ҳаслы затыма,
Паряд еткен шын дадыма,
Жүдеген бул елатыма
Жайнап-жаснап жаз келер ме?




Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Заманда
Алдынғы бөлимге қайтыў: Быйыл
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.