Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Жақсырақ (Jaqsıraq )


Ақ буўдайы турып сүли сепкеннен,
Таза салы турып, шигин еккеннен,
Жөнсиз қырқ күн қайғы-уўайым шеккеннен,
Ден саўлықта бир күн шадлық жақсырақ.

Дүньяға шыққан соң бахтың ашылса,
Душпанларың аяғыңа бас урса,
Жаў бағынып, еки қолын қаўсырса,
Көзди алартқаннан иззет жақсырақ.

Жумыс исле, туўылған соң ел ушын,
Жаныңды аяма елде ер ушын,
Киндиктен қан тамып, туўған жер ушын,
Өлип кеткениңше хызмет жақсырақ.

Ҳешўақыт досларың болмасын ҳайран,
Қолдан келсе салың душпанға ўайран,
Ел-халық бир болып, әйлеңиз сайран,
Туўылған жер ушын ҳүрмет жақсырақ.

Ғайры биреўлерди етип қурдасың,
Жүрме ағызып дилбарыңның көз жасын,
Жаман болса ҳәм өмирлик жолдасың,
Ўақытша қол берген ҳүрден жақсырақ.

Адам баласында болсын ар-намыс,
Ең кеми жүз болсын көз көрген таныс,
Мәгер билмей қолды қыйса бир қамыс,
Сол ўақ қанын тыйған ардан жақсырақ.

Ер жигитке намыс пенен ар керек,
Ҳақ кеўил, қалем қас, сәўер яр керек,
Мийман келсе, күтип алар ҳал керек,
Соймаға бир ешки малдан жақсырақ.

Хош келдиң деп аттан түсирилген қонақ,
Отырған болмағай сол үйди сынап,
Көзли ҳәм аяқлы, тилли бир шолақ,
Өнерсиз, билимсиз қолдан жақсырақ.

Хийўа хан қаст етип, посты журт қаңғып,
Малсыз жарлыларға түсти көп салғырт,
Узыны келискен жуўан бир арғыт,
Саны жүз сапасыз талдан жақсырақ.

Түргелип ертеден жумысқа шығып,
Қолыңды қабартып, белиңди бүгип,
Дизеңди сызлатып, мийнетин шегип,
Жеген бир зағараң палдан жақсырақ.

Терең ақыл керек сөзди дизбеге,
Тынық қыял керек бәрин сезбеге,
Суў ишинде уўайымсыз жүзбеге,
Бир қайық жүзлеген салдан жақсырақ.

Әўел берермен деп, соңыра бермеген,
Мийнеткешке ҳақы төлеп көрмеген,
Сөзин жутып, өтирик айтып өлмеген,
Нурмураттан бәлки ҳайўан жақсырақ.

Бул сөзимди тыңла, Нурмурат ахун!
Орайсаң сәллеңниң ҳәррийтип шақын,
Алдап мийнеткешлердиң көп жейсең ҳақын,
Сеннен көре ала қарға жақсырақ.

Орымбет, Нурымбет, Жәлал, Сүлейман,
Сапар, Мырза, Арзыў, Еримбет қыйпаң,
Халықтың қанын сорған гилең бийийман,
Бәриңнен биздей бир гедей жақсырақ.

Анаў отырыпты Қулмурат, Муўса,
Кеўили ағармас қырқ шайып жуўса,
Жарлыларға бахыт, нурлы күн туўса,
Өшимди алмасам, өлген жақсырақ.

Басқа кемлик келип, түсти уўайым,
Себепсиз таяқ жеп, недур гүнайим?!
Жерди-көкти халық әйлеген қудайым,
Бул жүристен әжел келген жақсырақ.

Бир ақшам айттырып, урды жазықсыз,
Не шара, байлаўда турмыз қазықсыз!
Қарақалпақ, күниң өтти жарықсыз,
Бул өткен өмирден зиндан жақсырақ.

Не ҳасыл сөз айттым, өтти аянсыз,
Не хызметлер еттим, кетти паянсыз,
Мен де бир жан едим журтқа зыянсыз,
Хорлық көрдим, тек өлгеннен жақсырақ.

Бердимурат айтар, көре алмай жақты,
Өлип кетер болды, ашылмай бахты,
Бердимурат-халықты, халық-Бердақты
Жалғызындай көрер, жаннан жақсырақ.




Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Салық
Алдынғы бөлимге қайтыў: Излер едим
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.