Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Излер едим (Ízler edim )


Жоғымнан таппадым дәрек,
Сәрдарымды излер едим,
Мен сорлыға дәўран керек,
Дәўранымды излер едим.

Заман нешик заман болды,
Қарағай басын шортан шалды,
Дүньядан көп кеўлим қалды,
Қардарымды излер едим.

Ҳаққа налыш етейин мен,
Өтирик сөйлеп нетейин мен,
Ҳақ жол излеп кетейин мен,
Бир имканын гөзлер едим.

Узақта қаўми-қардашым,
Не саўдаға түсти басым,
Мәрт жигит болғай жолдасым,
Қәўендерим излер едим.

Бир көкирек, еки арыс,
Жоллар аўыр, мәнзил алыс,
Жүреги мисли жолбарыс,
Нағыз шерди излер едим.

Егер тапсам ол шерлерди,
Өзгертер едим түрлерди,
Гүлистан етип жерлерди,
Дүнья жүзин излер едим.

Аға беглер, болмаң қапа,
Сүриң беш күн заўқы-сапа,
Шеккен болсаң жәбири-жапа,
Саған дәрман излер едим.

Берселер алла дадымды,
Еситселер пәрядымды,
Шад әйлесем елатымды,
Дәртке даўа излер едим.

Қам сүт емгенмен анадан,
Бир ушқан көзсиз сонаман.
Соған дым күйип-жанаман,
Жақтылы жол излер едим.

Жолынан адасып қалған
Мөҳминлерге сәрдар болған,
Ғарип-қасерди қолтықлаған
Мийримлини излер едим.

Созсам қолымды ҳаўаға,
Дәртим дус келсе даўаға,
Кетсем бул маннан Кабаға,
Табар болсам излер едим.

Көпти көрген қарияны,
Ақтарып паний дүньяны,
Кешип теңиз ҳәм дәрьяны,
Мен жоғымды излер едим.

Қоянды өлтирер қамыс,
Жигитти өлтирер намыс,
Едиге менен Алпамыс,
Тирилсе мен излер едим.

"Шар китаптан" тура қаштым,
Наўайыдан саўат аштым,
Фызыўлыдан дүрлер шаштым,
Дилўарларды излер едим.

Мақтумқулыны оқығанда,
Айтар едим ҳәр заманда:
"Кемис бар ма, беглер, анда?"
Сөзин таўап қылар едим.

Мен шарқ урып Шамға кетсем,
Билгенимди баян етсем,
Ҳаслы ғайры елге жетсем,
Қандай мәдет алар едим?

Берсе маған Дағыстанды,
Түсирсе де зимистанды,
Жақсы десе Ҳиндистанды,
Жоғым излеп кетер едим.

Бендем десе бийшараны,
Тәрк әйлейип бу кәраны,
Мен ақтарып Бухараны,
Луқманымды излер едим.

Халқым ушын салып күшти,
Алыўға залымнан өшти,
Араласам Үргеништи,
Яранымды табар едим.

Жолдас ертип жолға шықсам,
Жайҳүнде сал болып ықсам,
Яқшылардың аўзын бақсам,
Айтар сөзим табар едим.

Өткен Әрасту, Әфлатун,
Жаратып илимниң кәнтин,
Шешиў ушын пикири бәнтин,
Мен мағрифат излер едим.

Төрт нәрсе-дүнья төркини,
Әўел ҳақ, инсан, бил буны,
Бул дүньяниң жоқдур мини,
"Бахыт бол!" деп излер едим.

Ақылы кәмил, илими зор,
Билимли ел болмайды хор,
Бахыт ушын силтесе жол,
Орысыятты излер едим.

Бедил, Әттар, "Бидиянды",
Тәкирарлап атырдым таңды,
Заман қыйнап тур адамды,
"Ҳидаяны" излер едим.

Бир себепкер жалғыз алла,
Фердаўсыйдай дана бар ма?
Түсиндирер, "Шарқый молла",
Мен алымлық излер едим.

Қаратаў қарсымнан келсе,
Айдарҳасы адам жесе,
Сол жерде жоғын бар десе,
Мен тайсалмай тартар едим.

Қулақ сал мениң сөзиме,
Сарғыш енип тур жүзиме,
Мәдет берсе ҳақ өзиме,
Исим раўаж әйлер едим.

Ҳаққа әсилик әйлемеспен,
Дәнекерсиз жүйлемеспен,
Ҳасла жалған сөйлемеспен,
Дуўрылық сөз сөйлер едим.

Бердимурат изле изле,
Ҳақ жолыны туўры гөзле,
Көп ишинде жақсы сөзле,
Сөздиң парқын билер едим.

Бердимурат ҳақтың қулы,
Саҳрада өскен бүлбили,
Бул бир айтқан ҳикаяты,
Сыйыр емес доңыз жылы.




Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Жақсырақ
Алдынғы бөлимге қайтыў: Халық ушын
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.