Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Салық (Salıq )


Былтырғыдан быйыл жаман,
Қалай-қалай болды заман,
Ғарип-қасер қалмай аман,
Он тилладан келди салық.

Буны салды Нурымбет жан,
Буйырды деп аталық, хан,
Халық поссын деп нешше сан,
Он тилладан келди салық.

Маған ҳеш гәп ешегим бар,
Сатып берермен бир базар,
Аттең, жарлы аш Ерназар,
Оған қыйын болды салық.

Ол пақырдың нәрсеси жоқ,
Емесдағы қарыны тоқ,
Ҳадалға бир таўығы жоқ,
Албыратты оны салық.

Үйинде бар жетим баллар,
Қазанға түскендей жанлар.
Көзден ақты қанлы жаслар,
Жүдә қыйын болды салық.

Мөр услаған Баҳаўатдийин,
Бизлерде жоқ қара тийин,
Гилең ашқа болды қыйын,
Жүдә аўыр болды салық.

Анаў жүрген Палым лаққы,
Елде бардай оның ҳаққы,
Берер едим оған дәкки,
Ҳал-дәрманды қуртты салық.

Анаў жүргени Елмурат,
Астында жаман ала ат,
Оған не деген салтанат!
Киси қуны болды салық.

Анаў болыс муртын таўлап,
Адамларды аңдай аўлап,
Аш халықты бәрҳа жаўлап,
Димарымды қуртты салық.

Анаў отыр Қулымбет бай,
Таяр алдында аппақ май,
Аш халық жүр табалмай жай,
Дөҳмет болды усы салық.

Өндиреди аш халықтан,
Жетим жылайды сонлықтан,
Бай аман қалды салықтан,
Дөҳмет төлеў болды салық.

Анаў мешит мунарланған,
Басларында шырақ жанған,
Қуран ашып халықты сорған,
Ийшанларға жоқдур салық.

Ақ үзикли үлкен отаў,
Өз алдына болып атаў,
Ерман ахун отыр анаў,
Оғандағы жоқдур салық

Анаў жүрген Пирим шолақ,
Етип жүр ол жалақ-жулақ,
Салық десе таяр сол ақ,
Бизлер ушын қыйын салық.

Ўақтым өтти қайғы менен,
Жасым айрылмай көзимнен,
Сорасаңыз буны меннен,
Усылайынша болды салық.




Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Быйыл
Алдынғы бөлимге қайтыў: Жақсырақ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.