Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Халық ушын (Xalıq ushın )


Жигит болсаң арысландай туўылған,
Хызмет еткил удайына халық ушын,
Жигит болса арысландай туўылған,
Ҳеш қашан да жумыс етпес өзи ушын.

Өзи ушын ис етер ақылға зайыл,
Болып усыныңдай заманға қайыл,
Ел қыдырған қыдырымпаз гил сайыл
Жумыс етпес ҳеш ўақытта халық ушын.

Залымлар тыңламас мөҳминниң зарын,
Олар ойлар өзлериниң оңарын,
Ҳеш ўақытта залым қолында барын
Жаратпаслар бар болса да халық ушын.

Жетерсең муратқа хызметлер етсең,
Елатың силтесе ғайры елге кетсең,
Душпанның ҳәрқашан басына жетсең,
Аянбағыл хызметиңди халық ушин.

Бердимурат, ойлап айтқыл сөзиңди,
Көтерме лап урып, текте өзиңди,
Қызартпағай халқың сениң жүзиңди,
Қолдан келсе хызмет еткил ел ушын.

Жигит болар жигит адам ертеди,
Айтқан сөзин палдан шекер етеди,
Айтса бир сөз ықрарына жетеди,
Соған мегзес хызмет етер халық ушын.

Ойшыл жақсы жигит билимпаз келер,
Айтқан гәплерине түсимпаз келер,
Ақылсыздың қәсийети аз келер,
Ақмақлар ҳеш хызмет етпес халық ушын.

Ақыл адам сөзлер ертпес изине,
Шөп салмас ярының ҳәргиз көзине,
Бақмас нәмәҳремниң ҳасла жүзине,
Шулар хызмет етер бәрҳа халық ушын.

Ермес жақсы пасықлардың сөзине,
Көп берилмес өз басының ҳәзине,
Ғайрат берип өлгенинше өзине,
Хызмет етер мудам уллы халық ушын.

Жақсының үйине адам көп келер,
Жаман болса оның көзи жеп келер,
Қуры тили менен "аға" – деп келер,
Булар хызмет етпес ҳешўақ халық ушын.

Жақсы адам душпанларын күлдирмес,
Қолдан келсе аңа дәўран сүрдирмес,
Бөри арығын ҳеш ўақытта билдирмес,
Сол жигиттиң жаны қурбан халық ушын.

Исиңде жигитлер қамлық болмасын,
Ғумшаланса гүлиң ҳәргиз солмасын,
Билек күшли болып әлиң талмасын,
Хызмет әйле қолынызда бар ушын.

Дослық пенен ҳәр бир иске тақ турсаң,
Жан аямай ел-журт ушын ис қылсаң,
Қайғыланбай уллы иске қол урсаң,
Сонда мениң кеўлим питер халық ушын.

Ғош жигиттиң мәдет болса елаты,
Ҳеш ўақытта кемлик қылмас қуўаты,
Изинде қалады жигиттиң аты,
Қалыс хызмет етсе егер халық ушын.

Бул заманда жәбириў-жапа шегермен,
Қара көзден қанлы жаслар төгермен
Залымлардың жәбирин айтып сөгермен,
Күйгенликтен жан қыйналар халық ушын.

Болмады бир дарқан мәнзил мәканым,
Зәҳәр-заққым болды ишип-жегеним,
Болмады айтсам да мениң дегеним
Өлгенше айтарман сөзди халық ушын.

Әжел жетип өлсем бул күнде өзим,
Кейнимде қаларлар тәрийп боп сөзим,
Көрди бирнешшени тиримде көзим,
Парқын билген хызмет етер ел ушын.

Бердимурат тыңлап сөзиңди көргил,
Жүрген соқпағыңнан изиңди көргил,
Ғамгүн шекпе, ғариплерге қол бергил,
Сонда ис еткениң мөҳминлер ушын.

Көрсең қайтармағыл достың нәзерин,
Қолдан келсе, қурғыл шадлық базарын,
Өткермегил досқа гәптиң ҳазарын,
Дослар хызмет етер яраны ушын.

Душпанларды бул заманда зор еттиң,
Сол себепли бизлердейди хор еттиң,
Ийшанлардың биразларын уры еттиң,
Оның зардаплары зыян халық ушын.

Кеўлим ҳаққа жылап тәўекел еткил,
Үргеништи қойғыл, Мысырға кеткил,
Кеўилге муўапық бәрҳа ис еткил,
Анда сениң ойың бәрҳа ел ушын.

Жаманлар қасынан қоңсы көширер,
Өзиниң дедикли антын иширер,
Жақсы адам болса гийне кеширер,
Сонда раўажланар кеўлиң ел ушын.

Жаман адам билмес гәпиниң парқын,
Бәрқулла жаманлар ағайин-халқын,
Көтеремен дейип өзиниң даңқын,
Удайина зыян етер халық ушын.

Жақсы адам сөз мәнисин аңлайды,
Жаман адам пасық сөзди тыңлайды,
Айтсаң ҳәргиз ақылыңды алмайды,
Кеўлим мениң ўайран болар сол ушын.

Жақсы адам жағар шийрин жаныңа,
Жаман адам бояр қызыл қаныңа.
Көз саларлар сениң жеген наныңа,
Жаман адам сондай болар пейли ушын.

Душпаннан ғаплетте таппадым саўа,
Қурғақ сөзди айтып, демеңлер "аўа",
Жас үлкенлериңнен алыңлар дуўа,
Пайдасы болар ма ғәрип ел ушын.

Ер жигиттиң атын ҳаял шығарар,
Жаманы сезилсе жигит не қылар?
Жаман жолда жаман сырын алдырар,
Олардың кереги болмас халық ушын.

Жаманнан ул туўса атаға тартар,
Күн санап гәззаплық қыслети артар,
Халыққа жақпас, кесапатлы жол тутар,
Ондайдың пайдасы болмас халық ушын.

Сөйле Бердимурат, сөзлеме ялған,
Бул дүнья узақ жол атаңнан қалған,
Жақсы жүрер бул заманда ақыл алған,
Жақсылар хызметин етпес өзи ушын.

Ойлансам сөз келер изме-из өзи,
Өзи емес дүзетер адамның тези,
Жойылмас жақсының айтқан ҳәр сөзи,
Кеўилим бәржай табар айтсам сол ушын.

Шайыр едим, көзим көргенин жаздым,
Көкирегимниң сезип билгенин жаздым,
Заман қыслетинен сарғайдым-аздым,
Болар ма деп жақты күнлер халық ушын.

Атым Бердимурат, мен ҳақтың қулы,
Саҳрада сайраған шәйда бүлбили,
Он гүлинен ашылмады бир гүли,
Дегенине жете алмады халық ушын.




Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Излер едим
Алдынғы бөлимге қайтыў: Болған емес
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.