Болған емес (Bolǵan emes )
I
Бул дүнья дүнья болғалы,
Патша әдил болған емес.
Шайырлар қәлем алғалы,
Хатқа туўры салған емес.
Инағыў-бектиң баллары,
Бәрине жетти қоллары,
Қыйсық болса да жоллары,
Ҳешўақ ҳарып-талған емес.
Қарақалпақ қалпақ болғалы,
Халық атағын алғалы,
Ҳақ-тағала жол салғалы,
Бир теңликти алған емес.
Қарақалпақтың халқы бүлип,
Қоңсы отырған ели күлип,
Биразлары жолда өлип,
Жүз жыл қоныс басқан емес.
Бүлген ел қарақалпақ болды,
Қырылса да урпақ болды,
Бердимурат Бердақ болды,
Дағын ҳешким билген емес.
Бизиң халықтың бийлери,
Саздур жәҳанда үйлери,
Таймастай ҳешўақ гүйлери,
Дуўры жуўап айтқан емес.
Кеўилге қайғы толтырып,
Жетимниң гүлин солдырып,
Өзлери наймыт болдырып,
Ҳешўақ жолда қалған емес.
Болмады мақсет-нийетим,
Хор қылып мынаў үмметин,
Жылай-жылай барлық жетим,
Күлер ўағы болған емес.
Биразлардың кеўли хошты,
Залымлар шалқыды-йошты,
Қанат байлап көкке ушты,
Аны аллам билген емес.
Кимселер ҳәдден зор болды,
Биразлар шыннан хор болды,
Лашынға қурған тор болды,
Торды ҳешким үзген емес.
Нәпсин урадай ашқаны,
Абырайының қашқаны,
Ҳеш ўақыт шошқа-шошқаны,
Азыўласып жарған емес.
Биразлар аш, биразлар тоқ,
Тоқ адамның қайғысы жоқ,
Аш адамның уйқысы жоқ,
Аны тоқлар билген емес.
Аспанды қара булт басып,
Ғаплетте бенделер сасып,
Ғариплердиң кеўли тасып,
Ҳешўақ шағлап жүрген емес.
Ийшанларға мириўбет жоқ,
Ағабийде әдалат жоқ,
Байда қайыр-сахаўат жоқ,
Бир инсапқа кирген емес.
Бул заманның түри бетер,
Ҳәрким бастың ғамын етер,
Қара думнан қашан кетер?
Шырақ шалқып жанған емес.
Бул дүнья қайғы-ғәплетти,
Адамларды аўере етти,
Нешшениң басына жетти,
Ҳешбир әдил болған емес.
Досқа дослар зыян етпең,
Опасызды яран етпең,
Ҳәргиз жолдан шығып кетпең,
Жолдан шыққан оңған емес.
Өлген өлди, өлмегенлер-
Бул дүньяға келмегенлер,
Ахырет азап көрмегенлер,
Ҳеш уўайым қылған емес.
Бердимурат мениң өзим,
Гиреў тартты еки көзим,
Тақыйық шежиредур сөзим,
Қадирим, бирақ, болған емес.
2
Гүл болдым, гүл жайнамадым,
Ойшы болдым, ойламадым,
Бүлбил болдым, сайрамадым,
Ҳәдийсе аз болған емес.
Қарағай емес, сөкит болдым,
Қартаң емес, жигит болдым,
Таўдан ушқан бүркит болдым,
Қонар төбем болған емес.
Узын емес, ырғай болдым,
Ҳәр мухамға шырғай болдым,
Дән жоқ жерде торғай болдым,
Аны ҳешким билген емес.
Сыбызғы болдым, саз болдым,
Үним шықпай сам-саз болдым,
Тобынан қалған ғаз болдым,
Қонар көлим болған емес,
Қаршыға болдым, қорықтым,
Томағам болды, торықтым,
Тастай түнекке жолықтым,
Ҳешким қәдирим билген емес.
Қурғақ күни жаўын болдым,
Желсиз ескен даўыл болдым,
Дүзде еккен қаўын болдым,
Шошқасыз күн болған емес.
Бир жазалмай пәлегимди,
Көклей үзип қамегимде,
Шошқа түйип түйнегимди,
Урқаным жайдырған емес.
Сондай болса да жумыр бас,
Жарылмады бул қара тас,
Көзимнен ақса қанлы жас,
Аны ҳешким сүрткен емес.
Зая өткердим өмиримди,
Тилемедим жүримимди,
Бастан өткен күнлеримди
Ҳешбир адам билген емес.
Басқанда уллы қонысты,
Еткенде барып жумысты,
Ҳәм мақтап Қүлен болысты,
Ағаң сарпай алған емес...
3
Ата-бабам малды жыйнап,
Шыбын жанын бәрҳа қыйнап,
Шақақласып күлип-ойнап,
Ашлықтан жалшыған емес.
Баўырлас баўыр ханамда,
Ғамхорым мениң панамда
Туўған ғәрип ол анамда,
Қалың мал ҳеш болған емес.
(Бурынғылар көрген екен,
Көрип зейни илген екен,
Атам тухым берген екен,
Бул айтқаным жалған емес).
Аға беглер сыртым пүтин,
Ишим жанып болды түтин,
Асырып залымлар исин,
Ҳешбир реҳим қылған емес.
Геўдем пүтин, кеўлим қурақ,
Өмир қысқа, жолым жырақ,
Астымда ғашырым пырақ,
Атлыға жете алған емес.
Бул дүньяға келген адам,
Ҳәсирет шегип жүрген адам,
Дәўран атын сүрген адам,
Ол ҳәм тулға болған емес.
Бәзирген өтти дүньядан,
Гөруғлыбек сүрди дәўрин,
Әрманда кетти олар ҳәм,
Кеткен қайтып келген емес.
Бердимурат мениң өзим,
Күнхожаны көрди көзим,
Еситтим Әжинияздың сөзин,
Олар ҳәм шад болған емес.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Халық ушын
Алдынғы бөлимге қайтыў: ҚОСЫҚЛАР
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: