БАЙ БАЛАСЫ (BAY BALASI)
Астына минип жорғаны,
Кийипти өңкей торқаны,
Қасында болыс, порқаны,
Сондай болар бай баласы.
Тарлықты ҳеш бир ойламас,
Ылақ шаўып тойдан қалмас,
Айтқаныңа қулақ салмас,
Менмен болар бай баласы.
Жаман болса да жақсыдай,
Атағы бар айтарлықтай,
Келген сөзлерге тартынбай,
Сөйлер еркин бай баласы.
Қызларды көрсе қызығып,
Сөз салғанша асығып,
Жайраңлайды, жүрмес буғып,
Сондай еркин бай баласы.
Болса да мурны пушық,
Мыңқ-мыңқ етип айтар қосық,
Келбетин қарасаң – пасық,
Сонда да зор бай баласы.
Арқасы болса да бүкир,
Ҳалын билип етпес шүкир,
Иши қара толған пикир,
Ардаңлайды бай баласы.
Аўзы жыртық болсадағы,
Еситпесе де қулағы.
Қыйсық болса да аяғы,
Дүзиў-сәнли бай баласы.
Болсадағы көзи соқыр,
Етседағы мурны пыр-пыр,
Мерекеде алдында отыр,
Сонда да зор бай баласы.
Қол созып ушқан қусларға,
Салқын түсирип жазларға,
Ылақ таслайды қызларға,
Кеўли өсип бай баласы.
Қызлардың иши күйеди,
Басларын жорта ийеди,
Ҳәр ким тапқанын түйеди,
Той баслайды бай баласы.
Кийипти өңкей торқаны,
Қасында болыс, порқаны,
Сондай болар бай баласы.
Тарлықты ҳеш бир ойламас,
Ылақ шаўып тойдан қалмас,
Айтқаныңа қулақ салмас,
Менмен болар бай баласы.
Жаман болса да жақсыдай,
Атағы бар айтарлықтай,
Келген сөзлерге тартынбай,
Сөйлер еркин бай баласы.
Қызларды көрсе қызығып,
Сөз салғанша асығып,
Жайраңлайды, жүрмес буғып,
Сондай еркин бай баласы.
Болса да мурны пушық,
Мыңқ-мыңқ етип айтар қосық,
Келбетин қарасаң – пасық,
Сонда да зор бай баласы.
Арқасы болса да бүкир,
Ҳалын билип етпес шүкир,
Иши қара толған пикир,
Ардаңлайды бай баласы.
Аўзы жыртық болсадағы,
Еситпесе де қулағы.
Қыйсық болса да аяғы,
Дүзиў-сәнли бай баласы.
Болсадағы көзи соқыр,
Етседағы мурны пыр-пыр,
Мерекеде алдында отыр,
Сонда да зор бай баласы.
Қол созып ушқан қусларға,
Салқын түсирип жазларға,
Ылақ таслайды қызларға,
Кеўли өсип бай баласы.
Қызлардың иши күйеди,
Басларын жорта ийеди,
Ҳәр ким тапқанын түйеди,
Той баслайды бай баласы.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: УМЫТПАСПАН
Алдынғы бөлимге қайтыў: ЕШКИМ БАР
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: