Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

УМЫТПАСПАН (UMITPASPAN)

Өмиримде бир ис көрдим,
Буны ҳеш ўақ умытпаспан.
Жаңа едим ҳәм гөнердим,
Оны ҳеш ўақ умытпаспан.

Хийўа ханнан адам келди,
Шуўлатып ҳәм барлық елди,
Қайыстырып мықлы белди,
Буны ҳеш ўақ умытпаспан.

Шыбын жанға ғәзеп етти,
Сонда бизге дерек жетти,
Хийўа ханы алып кетти,
Буныдағы умытпаспан.

Айдады бизди Хийўаға,
Қоймай бир майдан саўаға,
Дәрт үстеме болды даўаға,
Буны ҳеш ўақ умытпаспан.

Қайыққа миндик дарғада,
Көп ойландық ол жағада,
Жыласты ини, аға да,
Буны ҳеш ўақ умытпаспан.

Дарғадан өттик аржаққа,
Интизар болдық бержаққа,
Жүресең деди сол жаққа,
Оныдағы умытпаспан.

Бес-алты бақсы қуралды,
Бул истиң жөни соралды,
Кеўил ҳәр иске таралды,
Өмиримше умытпаспан.

Көз жас төгилип далаға,
Қарамай ата-балаға,
Келдик атақлы қалаға,
Буны ҳеш бир умытпаспан.

Үш ағаш тур кең майданда,
Орналасып қызыл қанға,
Қыйылып ҳәм шыбын жан да,
Турғанларын умытпаспан.

Бул дар екен көринген,
Көп адамлар илдирилген,
Табанлары тилдирилген,
Буларды ҳеш умытпаспан.

Адам өлген жайып қушақ,
Көздиң жасы моншақ-моншақ,
Қолларында өткир пышақ,
Жәлләтларды умытпаспан.

Кирдик қалаға тез жүрип,
Анталады ийтлер үрип,
Тахт үстинде дәўран сүрип,
Турған ханды умытпаспан.

Ертеңине ханға бардық
Жай жағдайды ҳәм де айттық,
Етти бизлерге жаманлық,
Буны ҳеш ўақ умытпаспан.

Жыйылыпты гүллән бақсы,
Кими жаман, кими жақсы,
Жасаўыллар болып сақшы,
Сынағанын умытпаспан.

Соңғы күни келди гезек,
Жаз күнлер ҳәм болды гүзек,
Болдым сонда жетим гөжек,
Буларды ҳеш умытпаспан.

Шерттим дуўтар, айттым қосық,
Кеўилимде қайнап қосық,
Табылмады ҳеш бир дослық,
Душпанлығын умытпаспан.

Бақсыларға байрақ берди,
Жақсыларды жаман көрди,
Лапгөй деп шаўқым көтерди,
Буны ҳеш ўақ умытпаспан.

Әкелди алдыма түйе,
Жақсыларды жаман көрди,
Өлимтикке болдым ийе,
Буны ҳеш бир умытпаспан.

Хийўа хан келди қасыма,
Салды зәўлимди басыма,
Қарамай аққан жасыма,
Турғанларын умытпаспан.

Қотыр түйе байрақ алдым,
Басқасынан қуры қалдым,
Өмирликке тамға етип,
Умытпасқа ойға салдым.

Мен ойладым сол ўақытта:
«Хан ақылсыз», – деп тахтта,
Өз исине болып пухта.
Жүргенимди умытпаспан.

Хийўадан алған сыйым сол,
Аўылға қарап тарттым жол,
Байланды әбден еки қол,
Бул қорлықты умытпаспан.

Қайтып Хийўаға келмеспен,
Сөз айтты сирә демеспен,
Өз еркимди ҳеш бермеспен,
Қорлықларын умытпаспан.

Қорлығы өтти өзиме,
Жаслар келтирди көзиме,
Қалғанлар қарар сөзиме,
Бундағы умытпаспан.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ТҮЙЕ ЕКЕНСЕҢ
Алдынғы бөлимге қайтыў: БАЙ БАЛАСЫ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.