ЕШКИМ БАР (EShKÍM BAR)
Еки қулағы салынған,
«Саў» – деп маңырап жалынған,
Он бес жыл жүрип алынған,
Рейим аға, бир ешким бар.
Саўрысын көрсең қалақтай,
Өкпеси искен талақтай,
Сүти таўдағы булақтай
Рейим аға, бир ешким бар.
Жалғыз болсада мыңдай маған,
Айтарлық сөз усы саған,
Айтсам жағар сөзим оған,
Жанымнан жақсы ешким бар.
Бир-биреўге етип мирәт,
Көрдим аға жүдә рәҳәт,
Қудайға жүз де рахмет,
Бир енди жалғыз ешким бар.
Кешиўлер болса, кешип кет,
Шешиўлер болса, шешип кет,
Ағажан келип, сүт ишип кет,
Ағажан, жалғыз ешким бар.
«Саў» – деп маңырап жалынған,
Он бес жыл жүрип алынған,
Рейим аға, бир ешким бар.
Саўрысын көрсең қалақтай,
Өкпеси искен талақтай,
Сүти таўдағы булақтай
Рейим аға, бир ешким бар.
Жалғыз болсада мыңдай маған,
Айтарлық сөз усы саған,
Айтсам жағар сөзим оған,
Жанымнан жақсы ешким бар.
Бир-биреўге етип мирәт,
Көрдим аға жүдә рәҳәт,
Қудайға жүз де рахмет,
Бир енди жалғыз ешким бар.
Кешиўлер болса, кешип кет,
Шешиўлер болса, шешип кет,
Ағажан келип, сүт ишип кет,
Ағажан, жалғыз ешким бар.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: БАЙ БАЛАСЫ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ШОПАНЛАР
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: