ШОПАНЛАР (ShOPANLAR)
Сарылып күни-түн қойдың изинде,
Қан қалмай сарғайып қызыл жүзинде,
Қанды жас қапланып еки көзинде,
Қула дүзде жүрген мынаў шопанлар.
Ийнинде жумыры салынған торға,
Меслерин арқалап қозғалып зорға,
Төслери қайқайып шығалмай қырға,
Асқар қумды аралаған шопанлар.
Шарықтан шырмалып еки аяғы,
Аўыр болып талдан кескен таяғы,
Аўыр сөзге ҳәм сарсылып қулағы,
Қула дүзде қайғыда жүр шопанлар.
Үстинде шапаны бийтлери ағып,
Қанын сорып, арқасына от жағып,
Тикен кирип аяғынан қан ағып,
Етиксиз тоғайда жүрген шопанлар.
Киминиң арқасын таяқлар тилген,
Биразының қолы отларға күйген,
Жасы жетпей қыпша бели бүгилген,
Сансыз қой кейнинде жүрген шопанлар.
Ата-аналары өлип жасынан,
Таз болып торағы ағып басынан,
Қызыл қум сел болып көздиң жасынан,
Жай табалмай жүрген мынаў шопанлар.
Аш болса кейнине ермей ийтлери,
Тарыққаннан тарғыл болып бетлери,
Қус түткендей тилким-тилким етлери,
Азаптан шыға алмай жүрген шопанлар.
Жетим болып шарға болған бойлары,
Артық ҳәммелерден ақыл-ойлары,
Қайысып баққаны байдың қойлары,
Бир ылаққа үш жыл жүрген шопанлар.
Қайнаған ыссыда қумларды басып,
Алаңлап көзлери, ақылдан сасып,
Қойы жайылғанда арқасын қасып,
Күни ушын жүрген ғәрип шопанлар.
Беллери бүгилип, көзлери тынып,
Жаталмай дем алып бир майдан жылып,
Топыраққа былғанып, терлери ағып,
Төсексиз далада жатқан шопанлар.
Қан қалмай сарғайып қызыл жүзинде,
Қанды жас қапланып еки көзинде,
Қула дүзде жүрген мынаў шопанлар.
Ийнинде жумыры салынған торға,
Меслерин арқалап қозғалып зорға,
Төслери қайқайып шығалмай қырға,
Асқар қумды аралаған шопанлар.
Шарықтан шырмалып еки аяғы,
Аўыр болып талдан кескен таяғы,
Аўыр сөзге ҳәм сарсылып қулағы,
Қула дүзде қайғыда жүр шопанлар.
Үстинде шапаны бийтлери ағып,
Қанын сорып, арқасына от жағып,
Тикен кирип аяғынан қан ағып,
Етиксиз тоғайда жүрген шопанлар.
Киминиң арқасын таяқлар тилген,
Биразының қолы отларға күйген,
Жасы жетпей қыпша бели бүгилген,
Сансыз қой кейнинде жүрген шопанлар.
Ата-аналары өлип жасынан,
Таз болып торағы ағып басынан,
Қызыл қум сел болып көздиң жасынан,
Жай табалмай жүрген мынаў шопанлар.
Аш болса кейнине ермей ийтлери,
Тарыққаннан тарғыл болып бетлери,
Қус түткендей тилким-тилким етлери,
Азаптан шыға алмай жүрген шопанлар.
Жетим болып шарға болған бойлары,
Артық ҳәммелерден ақыл-ойлары,
Қайысып баққаны байдың қойлары,
Бир ылаққа үш жыл жүрген шопанлар.
Қайнаған ыссыда қумларды басып,
Алаңлап көзлери, ақылдан сасып,
Қойы жайылғанда арқасын қасып,
Күни ушын жүрген ғәрип шопанлар.
Беллери бүгилип, көзлери тынып,
Жаталмай дем алып бир майдан жылып,
Топыраққа былғанып, терлери ағып,
Төсексиз далада жатқан шопанлар.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ЕШКИМ БАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: КҮН ҚАЙДА
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: