КҮН ҚАЙДА (KÚN QAYDA)
Ордық орақ, шаптық отын, қаздық жап,
Тердик масақ, ийнимизге салдық қап,
Жас өмирлер гүлдей солып, болдық сап,
Бул жүристен енди бизге күн қайда?
Орақ орып, өмир бойы болдық қул,
Ислесек те ала алмадық қара пул,
Не жананлар байы өлип қалды тул,
Енди буған жайнап-жаснар күн қайда?
Күни-түни ордық пишен, салыны,
Гүздиң күни жыйдық пискен тарыны,
Өмиринше бир тоймаған қарыны,
Аш, жалаңаш биз сорлыға күн қайда?
Салық салып усы ҳалға ҳәр дайым,
Салығын салыўға биз болдық қайым,
Бир жутым бул ўақта болды уўайым,
Бул жүристен енди бизге күн қайда?
Ийинге тартарлық және жоқ кийим,
Ҳәм де ағайин жоқ, қәўендер бейим,
Көсилип жатарға және жоқ үйим,
Бул жүристен енди бизге күн қайда?
Тапқанымыз жетпей қара теңгеге,
Аўыстырып кийим алып кийерге,
Ҳәм базарлық қатар-қурбы жеңгеге,
Алып барар енди бизге ҳал қайда?
Не пайда, жигитлер, жалғаншы дүнья,
Алдады бизлерди жол салып қыя,
Қара басқа бул не деген ўақыя,
Бул жүристен енди бизге ел қайда?
Ашығың бар еди, талмадай бойы,
Қатарынан артық ақыл ҳәм ойы,
Болар деп қуўанған жақсылық тойы,
Жийемурат, көретуғын күн қайда?
Жийемурат, сениң менен едим дос,
Жер айдасам, бирге барып салдым қос,
Жоқшылықтан, қалдың мине бүгин бос,
Ашығыңа жететуғын күн қайда?
Буяқтағы көрген қорлық-азапты,
Күни-түни етип аўыр талапты,
Шай орнына ишкен айран шалапты,
Қушақласып айтатуғын күн қайда?
Қайғыдан қарайып, қайнаған иши,
Билектен майрылып, жоқ болған күши,
Сайымбетжан едиң бизлерден киши,
Сақтың сынбай жүретуғын күн қайда?
Бес жасыңда ағаң менен қой бақтың,
Сен шопаны болдың майда ылақтың,
Жол тап, жан шырағым, сынбасын сақтың
Жайнап-жаснап туратуғын күн қайда?
Қасымдағы еки бирдей жолдасым,
Қайғылыққа түсти мениң бул басым,
Көзден көл-дәрья боп ақтылар жасым,
Бул дүньяға шыққан менен не пайда?
Тердик масақ, ийнимизге салдық қап,
Жас өмирлер гүлдей солып, болдық сап,
Бул жүристен енди бизге күн қайда?
Орақ орып, өмир бойы болдық қул,
Ислесек те ала алмадық қара пул,
Не жананлар байы өлип қалды тул,
Енди буған жайнап-жаснар күн қайда?
Күни-түни ордық пишен, салыны,
Гүздиң күни жыйдық пискен тарыны,
Өмиринше бир тоймаған қарыны,
Аш, жалаңаш биз сорлыға күн қайда?
Салық салып усы ҳалға ҳәр дайым,
Салығын салыўға биз болдық қайым,
Бир жутым бул ўақта болды уўайым,
Бул жүристен енди бизге күн қайда?
Ийинге тартарлық және жоқ кийим,
Ҳәм де ағайин жоқ, қәўендер бейим,
Көсилип жатарға және жоқ үйим,
Бул жүристен енди бизге күн қайда?
Тапқанымыз жетпей қара теңгеге,
Аўыстырып кийим алып кийерге,
Ҳәм базарлық қатар-қурбы жеңгеге,
Алып барар енди бизге ҳал қайда?
Не пайда, жигитлер, жалғаншы дүнья,
Алдады бизлерди жол салып қыя,
Қара басқа бул не деген ўақыя,
Бул жүристен енди бизге ел қайда?
Ашығың бар еди, талмадай бойы,
Қатарынан артық ақыл ҳәм ойы,
Болар деп қуўанған жақсылық тойы,
Жийемурат, көретуғын күн қайда?
Жийемурат, сениң менен едим дос,
Жер айдасам, бирге барып салдым қос,
Жоқшылықтан, қалдың мине бүгин бос,
Ашығыңа жететуғын күн қайда?
Буяқтағы көрген қорлық-азапты,
Күни-түни етип аўыр талапты,
Шай орнына ишкен айран шалапты,
Қушақласып айтатуғын күн қайда?
Қайғыдан қарайып, қайнаған иши,
Билектен майрылып, жоқ болған күши,
Сайымбетжан едиң бизлерден киши,
Сақтың сынбай жүретуғын күн қайда?
Бес жасыңда ағаң менен қой бақтың,
Сен шопаны болдың майда ылақтың,
Жол тап, жан шырағым, сынбасын сақтың
Жайнап-жаснап туратуғын күн қайда?
Қасымдағы еки бирдей жолдасым,
Қайғылыққа түсти мениң бул басым,
Көзден көл-дәрья боп ақтылар жасым,
Бул дүньяға шыққан менен не пайда?
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ШОПАНЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: ҚАШАН КӨРЕРМЕН
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: