Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ЕРНАЗАР БИЙ (ERNAZAR BÍY)

Әўел Айдос баба өлип,
Орнын тутты Ерназар бий.
Қарақалпаққа аға болып,
Ҳүким етти Ерназар бий.

Қарақалпаққа аға болып,
Суңқар салып, бедеў минип,
Кеўлине келгенин қылып,
Болып өтти Ерназар бий.

Қыпшақ ялғаннан даў қылды,
Дөҳметтен мойнына қун салды,
Бир қалмақ жасаўыл болды,
Пул бермеди Ерназар бий.

Хан гүнакәр қылғанында,
Бийлигини алғанында,
Ҳәм ақ үйли болғанында,
Муңаймады Ерназар бий.

Ўәйис байға зорлық қылды,
Қылышын алып умтылды,
Қынаптан тыйығын алды,
Сөйтип турды Ерназар бий.

Саўаш күни ылғал таслап,
Сардар болып, жыйын баслап,
Жанғазы ханды пышақлап,
Сойқан салды Ерназар бий.

Хан гүнакәр қылғанында,
Бийлигин алғанында,
Қарақалпақ тилегенде,
Тилетпеди Ерназар бий.

Бурынғы бийлик сүрисин,
Бурынғы жүрис-турысын,
Ханға сәлемге кирисин,
Кемитпеди Ерназар бий.

Бий басына бир қус барды,
Қус салмаға арнап барды,
Хожеке қустан бос қалды,
Арыз еттирди Ерназар бий.

Ханға барып сәлем қылды,
Ҳәр қайсысы бир сарпай алды,
Хожеке сарпайдан қалды,
Арыз айттырды Ерназар бий.

Хожеке айтар – арзым бар:
Нешше қус сизден қарызым бар,
Қәлпеге сарпай бермек дәркар,
Бериң, – деди Ерназар бий,

Хан ҳәзирети метер еди,
Бежит орныңнан тур деди,
Уғлыма сарпай бер деди.
Қуллық, – деди Ерназар бий,

«Хош болғай» деп метер турды,
Ғәзийнеге қәдем урды,
Метер менен бирге жүрди,
Арыслан туўған Ерназар бий.

Метер барып есик ашты.
Ҳәр түрли гәплерге қашты,
Бир шекпенге ол таласты,
Қол узатты Ерназар бий.

Метер турып сөз баслады,
Ләтте шапанын услады,
Ҳәр түрли сарпай таслады,
Жаратпады Ерназар бий.

Метер турып гүрриңлести,
Ҳәр түрли гәптен сөйлести,
Бир шекпенге көзи түсти,
Қол узатты Ерназар бий.

Танып тур екен ҳасылды,
Метер шекпенге асылды,
Жыйылған сарпай шашылды,
Жибермеди Ерназар бий.

Шекпенге асылды метер.
Бий зор берди оннан бетер,
Сен өлерсең, геллең кетер,
Деди арыслан Ерназар бий.

Шекпенди Ерназар тартты,
Бир жағынан метер тартты,
Ийтерип таслады нәмәртти,
Жулып алды Ерназар бий.

Ханға мәлим шекпен деди,
Көп пул менен питкен деди,
Неғып инам еткен деди,
Еситпеди Ерназар бий.

Ҳәзирет палўандур пири,
Яд етеди өли-тири,
Сен ҳәм ханның бир ўәзири,
Деди Арыслан Ерназар бий.

Сөзим ҳалалдур, арың жоқ,
Саған сыйға берер парам жоқ,
Ханның өзине шарам жоқ,
Кимсең деди Ерназар бий.

Бийлик сүрди, алып өшти,
Ким қылыпдур бундай исти,
Метер қорқып зәрреси ушты,
Буны қылды Ерназар бий.

Жаратқан гүмбезли жайды,
Яд етиңиз бир қудайды,
Үш ай жатқан Қылышбайды,
Бузып шықты Ерназар бий.

Буннан соң Хожели келди,
Көп кемеде кеңес қылды,
Қарақалпақты жыйнап алды,
Арыслан туўған Ерназар бий.

Бәрше жәм болып отырды,
Ғәзийнеге зер толтырды,
Зарлық төрени келтирди,
Хан көтерди Ерназар бий.

Қазы-қалан, шейхул-ислам,
Ҳәм нақип иззети-икрам.
Бәрше турып қылды салам,
Түп сағасы Ерназар бий.

Алып қырмызы иреңди,
Хан етип Зарлық төрени,
Шалып Қулмурат гереңди,
Өлтирдилер Ерназар бий.

Душпанына саўда салды,
Тоғыз ушан кеме алды,
Киси алып, қус беги болды,
Арыслан туўған Ерназар бий.

Яўмыт шақырды келсин деп,
Келип Гөнени алсын деп,
Мәсләҳәт бунда болсын деп,
Бараман, деди Ерназар бий.

Айтса, қарақалпақ қылмады,
Бармаң, десе тил алмады,
Көптен ҳәм бул қалмады,
Бирге барды Ерназар бий.

Яўмыттан ылғал келтирди,
Жақпағанларын өлтирди,
Хорезмди тең сорады,
Жалғыз өзи Ерназар бий.

Яўмыттан дослық келмеди,
Атын урлап күн бермеди,
Кемликке көнер ер ме еди,
Бузып қайтты Ерназар бий.

Бийлер келип, мәсләҳәт етти,
Зарлық ханды алып кетти,
Хийўа ханын хош ўақ етти,
Хансыз қалды Ерназар бий.

Қарақалпақтың айтқан сөзи,
Ҳасла келиспеди изи,
Хорезмге жалғыз өзи,
Зорлық қылды Ерназар бий.

Қалғанларды жыйнап алды,
Излим жолға қала салды,
Тәғдирге тәўекел қылды,
Мәрт туўылған Ерназар бий.

Жасаўыл басы ҳәм келди,
Араллы, қалпақ жәм болды,
Арбадан етип қамалды,
Жекке қалды Ерназар бий.

Арбаларын қаңтартпаға,
Журтты елине қайтармаға,
Ийшан келди «ел қылмаға»
Ҳайран болды Ерназар бий.

«Сиз келипсиз сейит», – деди,
«Өкпе гийнеңди айт», – деди,
«Енди ырайдан қайт», – деди.
«Қайтпам», – деди Ерназар бий.

– Мени ҳеш ким тилемесин,
Жалынып сорап жүрмесин,
Мен өлгенде жыламасын, –
Деди, арыслан Ерназар бий.

Қулмурат, Қабыл екеўи,
Жүсип пенен үшеўи,
Әмет, Палўан бесеўи,
Шықсын, деди Ерназар бий.

Алды-артына қарамады,
Ҳал-аўҳалын сорамады,
Бийлер оған жарамады,
Әрман болды Ерназар бий.

Залым бийлердиң қылығына,
Аўыз бирлиги жоқлығына,
Иштен қылған сумлығына,
Ғапыл болды Ерназар бий.

Гөруғлы бектей ер еди,
Қатарда қоса нар еди.
Толы журтқа дәркар еди,
Шейит өлди Ерназар бий.

Мәртлик етип жаннан кешти,
Өз гәпине өзи писти,
Қырмызыны тең бөлисти,
Шейит болды Ерназар бий.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: АҚМАҚ ПАТША (үзинди)
Алдынғы бөлимге қайтыў: АЙДОС БАБА
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.