Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

АҚМАҚ ПАТША (үзинди) (AQMAQ PATShA (úzindi))

Ийе болып алтын тахқа,
Зәҳәрин жайып халыққа,
Қойып биразды қуллыққа,
Нешше ханлар өткен екен.

Бәрҳа қыйналып шийрин жан,
Өмир өтип әлўан-әлўан,
Атағы асқан бир ғарры, хан,
Көп жыллар сораған екен.

Уллы екен салған қаласы,
Қан болған шөли даласы,
Езилип халықтың баласы,
Қатты жәбир көрген екен.

Күнлерден-күнлер өткенде,
Жыл өтип, айлар жеткенде,
Жасы сексенге келгенде,
Хан аўырып өлген екен.

Ғарры хан дүньядан өтти,
Тәжи-тахтын таслап кетти,
Улына патшалық жетти,
Улы тахқа минген екен.

Минди бала алтын тахқа.
Көп қуўанды келген бахқа,
Ҳүким қылып көп елатқа,
Ата жолын қуўған екен.

Келди бала он сегизге.
Түсти залымлық минезге,
Еткен иси көринип көзге,
Күтә зулым болған екен.

Қәҳәрленип белин буўды,
Батыл қылды аққан суўды,
Атасынан залым болды,
Дым мийримсиз болған екен.

Болды қасында ақылгөй,
Тилеги оның – ел бүлгей,
Арза айтқанлар көп келгей,
Деп тилек тилеген екен.

Оқыды патша жасынан,
Кетпеди молла қасынан,
Таймады дәўлет басынан,
Талабы ерлеген екен.

Тартты бала атасына,
Ақырет берди анасына,
Сыймады өз қанасына.
Күтә менмен болған екен.

Қансыз суп-сур болды жүзи,
Оқтай болды айтқан сөзи,
Дәўлетке тоймады көзи,
Күтә гөрқаў болған екен.

Келди бир күн он тоғызға,
Зейини кетти сулыў қызға,
Айтты бул ойын биразға,
Ашықлыққа түскен екен.

Халқының бәрин жыйдырды,
Ҳүкимин жөнге сыйдырды,
Сыртынан неке қыйдырды.
Қырық бир қатын алған екен.

Халықтан сайлап қыз алды,
Уллы тойларды баслады,
Барынша кеўил хошлады,
Арыўларды сүйген екен.

Жас еди барлық алғаны,
Сыртынан неке қыйғаны,
Жылады зорлық қылғаны,
Көби азапта өлген екен.

Тоймай халықтың сулыўына,
Тағы қызды алыўына,
Кейнинде ат қалыўына,
Патша талап еткен екен.

Шығарып исин аныққа,
Сөз салып өзге халыққа,
Адам жиберип елатқа,
Сулыўды излеткен екен.

Сулыў болса журттан асқан,
Балқыған, айдай толысқан,
Тез хабарын бериң маған,
Деп оларға айтқан екен.

Сулыў жолына дүнья мал,
Айтқан сөзиме қулақ сал,
Малға бермесе, тартып ал,
Патша ҳәмири деген екен.

Айтқанының бәрин тыңлап,
Сөз жүйесин билип, аңлап,
Аламыз деп қызды таңлап,
Булар елге шыққан екен.

Патша қалды мақул көрип,
Ақ отаўдың артын түрип,
Қырық қыз бенен дәўран сүрип,
Ашығыў-әширет қурған екен.

***
Қосын тигип Сасық көлге,
Қосыла алмай бөтен елге,
Шыжым жибин байлап белге,
Балықшы мәкан еткен екен,

Жаман қосы болып қалқа,
Ушырасып ол усы ҳалға,
Минип алып жекен салға,
Көлге аўын салған екен.

Жастан қуўып ата жолын,
Суўық суўға малып қолын.
Қармалақлап оңлы-солын,
Көлге аўын салған екен.

Суўы тасып болса ойын,
Ақ балықтың көрип тойын,
Онлап, жүзлеп буға мойын,
Сол аўынан алған екен.

Бул атаўға қоныс басып,
Дәрти-дәртлерге уласып,
Гейде ашлықтан шуўласып,
Қырық жыл өмир сүрген екен.

Қара қаслары қыйылған,
Сулыўлық даңқы жайылған,
Аўзы оймақтай ойылған,
Жалғыз қызы болған екен.

Ирең берген қоймай минди,
Шағылыстырған ай ҳәм күнди.
Жарық қылған қара түнди.
Мисли гәўҳар болған екен.

Шашы Қара, жупқа додақ,
Қыпша белли бир ақ тамақ,
Узын бойлы ҳәм кең қушақ,
Пери киби болған екен.

Келбетленип келген бойы,
Артық ҳәм де ақыл-ойы,
Ойнап-күлмей өмир бойы,
Өмири зая болған екен.

Атасына көмек берип,
Барлық исте бирге болып,
Жасы жетпей гүлдей солып,
Көп азаплар көрген екен.

Бир кеше ойнап күле алмай,
Жайнатып кийим кийе алмай,
Уўайымсыз бир жүре алмай,
Көп азаплар көрген екен.

Дәрт үстине дәрти толды,
Қаплады қайғы кеўилди,
Он жасында шешеси өлди,
Гүлим жетим қалған екен.

Жетим қалды анасынан,
Айрылды бул панасынан,
Көзи айрылмай жасынан,
Қайғы менен жүрген екен.

Өзинен бетер атасы,
Ағады тынбай көз жасы,
Таўсылмас жәбири-жапасы,
Ғәрип зарын шеккен екен.

Атасына қосып зарын,
Айтып жылап иште барын,
Қайғы қуртып ҳәл-дәрманын,
Қыз азапты көрген екен.

Жылай-жылай күни өтти,
Жолдас қылып қайғы дәртти,
Гүлим қыз болып ержетти,
Атасы қартайған екен.

Кеўилде қайғы әрманы,
Болған соң бундай дәўраны,
Қурып барлық ҳал-дәрманы,
Атасы хор болған екен.

Атасының шығып көзи,
Суп-сур болып қызыл жүзи,
Қалғаннан соң бағып өзи,
Гүлим жумыс қылған екен.

Атасы ғәрип киси еди,
Қызы ушын қайғы көп жеди,
Азабы бәрҳа сол еди,
Ис ақырын күткен екен.

Ғәрип пақыр отырып ол,
Отырған менен таппай жол,
– Гүлим шырағым аман бол,
Деп, тилегин тилейди екен.

Улым да усы, қызым да усы,
Алла болғай жалғыз досы,
Отырман ғәрип муңлысы,
Жылатпағай дейди екен.

Қызымның бахты ашылғай,
Үстинде дүрлер шашылғай,
Өз сүйгенине қосылғай,
Деп ғарры тилейди екен.

Ғаррының усылай тилеги,
Ҳәм зары усы күндеги,
Уйықласа түси түндеги,
Ғәрип көп сарсылған екен.

Қызы кирлетпей кийимин,
Сорап күнде билмегенин,
Үйретип бул да билгенин,
Қәдирданлы болған екен.

Қайыл болып ҳақ исине,
Сарғыш ендирип жүзине,
Билдирмейин деп кисиге,
Көп ислер ойланған екен.

Қызы салып аў-дузағын,
Алды көлдиң ақ шабағын,
Ҳеш аш қылмады тамағын,
Ғарры ыразы болған екен.

Тыйып ғарры көздиң жасын,
Тәғдирине ийип басын,
Берип қызға пәтиясын,
Көп алғыслар айтқан екен.

Қыз атасын қәдирледи,
Соқырлығын билдирмеди,
Кемтарлықты келтирмеди,
Атасыны күткен екен.

Қыз тоқып жекен шыптаны,
Дүзеди қамыс шатпаны,
Таслады гөне ләттени,
Өз исине пухта екен.

Бузды гөне қамыс қосын,
Мәканлап көлдиң жағасын,
Тоқыған барлық шыптасын,
Сол қосына тутқан екен.

Шылым тал есип әкеси,
Усы болды етер иси,
Қосып күшлерди екеўи,
Көп шыпта тоқылған екен.

Бул исинен пайда тапты,
Қамыс қосқа шыпта жапты,
Улғайтты усы талапты,
Қыз күтә уқыплы екен.

Солайша Гүлим күнелтти,
Атасын да жақсы күтти,
Аянбай хызметин етти,
Күтә ақыллы болған екен.

Уллы байлық – дени саўда,
Алты жыл турды атаўда,
Мәканы болған жайлаўда,
Атасы менен турған екен.

Қас қарайып, күн батқанда,
Жапалақ қанат қаққанда,
Жатар ўақыт, ел жатқанда,
Шаҳдан адам келген екен.

Сол мәҳәлде айдай арыў,
Денесине жыйнап қарыў,
Бул жерлерге душпан дарыў,
Қалай болар деген екен.

***
Жыйнап билегине күшин,
Алардай-ақ жаўдан өшин,
Беккем етип қостың ишин,
IIIырт уйқыда, жатыр екен.

Ҳақтан бир тилеп тилегин,
Көтерип қарап ийегин,
Дастық қылып ақ билегин,
Қыз қосында жатыр екен.

Бүлик-бүлик етип ақ тамағы,
Балқыған жупқа додағы,
Аҳлар тартып гей бир ўағы,
Қырын қарап жатыр екен.

Өзинен басқа үйинде,
Күтә қартайған күйинде,
Жатқан әкеси төринде,
Уйықламастан ояў еди.

Тексерип қарап тум-тусын,
Ай қараңғы болғаннан соң,
Табалмай булардың қосын,
Жаўшы адасып жүрген еди.

Жоқ еди қыздың есинде,
Түн жарпы аўған гезинде,
Көрди мынаны түсинде,
Қыз күтә ҳаўлыққан еди.

«Оратылып қыз мойнына,
Қысым етип жас жанына,
Бир қара жылан қойнына,
Шубатылып кирген екен».

Кетпестей етип есинен,
Қаны дым қашып түсинен,
Шақты сур жылан төсинен,
Қыз шоршып оянған еди.

Суп-сур жылан мойнын созды.
Қыз шоршып уйқысын бузды,
Бийтахат етти бул қызды,
Жүреги жарылған еди.

Атасы билди бул исти,
– Қызым, ойыңа не түсти,
Көрдиң бе жаман бир түсти,
Неге ояндың уйқыңнан?

Уйқыңнан шоршып ояндың,
Аўыр гүрсинип ойландың,
Қызым не ушын қыйналдың,
Хабар бер балам ҳалыңнан.

Билемен балам түсиңди,
Солған гүллердей жүзиңди,
Түсиңде көрген исиңди,
Еситейин өз аўзыңнан, –

Дегенинде жылап қызы,
Тоқсанның соғыслы музы,
Маңлайындағы жулдызы,
Көрген түсин айтқан екен.

Сонда әкеси еңкилдеп,
Аппақ сақалы селкилдеп,
Жылады бирге еңкилдеп,
Бир бәле барын билген екен.

Деди атасы: Уай, балам!
Аямады бизди аллам,
Жазғанба екен лайҳуў қәлем,
Қалай болды истиң түри?

Көзим жоқ, мен соқырман,
Жерди қармалап отырман,
Пайманам толған пақырман,
Дәрт болмағай буннан ири.

Қалар болсам тағы жылап,
Соқыр көзинен жас булап,
Бендем ғой деп мени аяп,
Бир жаратқан қойма тири.

Тағы да азап көргеннен,
Қармалап өмир сүргеннен,
Ақырет сөз еситкеннен,
Қара жердиң жақсы гөри.

Бергил қолыңды жалғызым,
Қәдирданым ҳасыл қызым,
Қашып тур мениң де ҳәзим,
Қайғы түсип ири-ири.

Усы куннен үш ай бурын,
Түси суўық, қайқы мурын,
Қаршығама қурды торын,
Тартып алып кеткен еди.

Көл етип көзиниң жасын,
Бир қайғыға салып басын,
Қаршығама тумағасын,
Кийгизбекши болған еди,

Қаршыға өзин алдырмай,
Тумағасын ҳәм салдырмай,
Болсын, дегенин болдырмай,
Жерге тартып урған еди.

Қусыма азап бергенде,
Қанатын жайып келгенде,
Сол азапларын көргенде,
Ҳал-дәрманым қурыған еди.

Күн өтип, айлар киргели,
Атаўда өмир сүргели,
Сол жаман түсти көргели,
Балам, атаң зарлы еди.

Зарлай-зарлай питти үним,
Табылды тарлықтан миним,
Жалғызым не болар күним,
Жас алпысқа келип еди.

Деген ўақта атасының,
Қушақлады барып басын,
Сүртти төгилген көз жасын,
– Атажаным, муңайма деп.

Көремиз несип болғанды,
Алла бир басқа салғанды,
Алсадағы шийрин жанды,
Душпан исин етпеспен жөн.

Өзиңнен өлмесем бурын,
Ығбалым кетпесе қырын,
Жан ата табарман орын,
Жыламағыл жан ата сен.

Хор қылмаспан жаным саўда,
Арқаларман асқар таўда,
Қалдырмаспан сени жаўда,
Қайғы жеме ата жүдеп.

Бир күн шығыппан дүньяға,
Түстим балалық уяға,
Кетти еңбегим заяға,
Басымда ерик болмады деп.

Көтер атажан басыңды,
Ағызба қанлы жасыңды,
Өлгенде көрген қызыңды,
Бүйтип онша етпе қапа, –

Деп атасын жубатты да,
Жатқызды жайлап жайына,
Келип өзи де орнына,
Дастығына басын қойды.

***
Шақырысқан бирин-бири, –
Даўыстан өзгерди қыз түри,
Шапқан атлардың дүбири,
Келди сонда қулағына.

Тикке турды төбе шашы,
Көрген түси келмеди қайшы,
Жайыўлы қалды қулашы,
Жетти салдар аяғына.

Орнынан қыз ушып турды,
Есик бетке мойын бурды,
Ҳәм де атасын оятты,
Қарады ояқ-буяғына.0

Дүрилдесип ушқандай қус,
Дүңкилдеп кетти тумлы-тус,
«Қосы мине» деген даўыс,
Келип турды анық ғана.

Сол ўақта қыз ырғып турды,
Бир бәлениң барын билди.
Есигин де иштен илди,
Турды өзи бир жағында.

Қоймай бекитти тесикти,
Жыйнады тағы төсекти,
Тепти жаўшылар есикти,
Бузып-жарып кирер болды.

Қыз тағы күшин жыйнады,
Шыбын жанын қыйнады,
Үйинде нәрсе қоймады,
Есигине тирер болды.

Соқыр ғарры да бүкшийип,
Салды бар күшин кекшийип,,
Бойын таслап, басын ийип,
Услап турды босағасын.

Көп екен келген залымлар,
Қапыға урды балта олар,
Иште қорқып турды булар,
Дәрья етип көздиң жасын.

Үсти-үстине – «Есикти аш!
Ашпасаң кетер сизлерден бас!
Тез өлерсиз жайып қулаш», –
Деди, олар ийтергишлеп.

Шыдам бермей сонша күшке,
Маңлайша қулады ишке,
Еңбеклери кетти ҳешке,
Етти душпанлар қыласын.

Билди қыз жаўды ап-анық,
Шахтан келгенине қанық,
Тағы күшин жыйнады нық,
Есигин бекитти иштен.

Сол ўақытта жығылды қос,
Бул еңбеклери кетти бос,
Табалмады жаны ашыр дос,
Атасы жылаған екен.

Бирден баслап бузық жолын,
Қарады да оңлы-солын,
Сулыў қызға салды қолын,
Жолы ҳеш болмаған екен.

Сонда қыз қатты жекиринди,
Төрине қарап секирди,
Қолына балта көтерди,
Қатты қәҳәри келген екен.

Қорықты сол ўақта келгенлер.
Қосты бузып ҳәм киргенлер.
Көзи аларған менменлер,
Сам-саз болып турды сонда.

Деди қыз: – Қәне айтыңыз,
Бар еди не жумысыңыз,
Болмаса кейин қайтыңыз,
Әўере етпей мени, – деди.

Сонда биреўи сөйледи:
– «Патшадан келдик биз деди,
Патша жиберди бизлерди,
Сулыў саған келдик деди.

Еситтик сениң даңқыңды,
Ҳәммелер айтты атыңды,
Билемиз ҳаслы-затыңды,
Саған патша болды ашық.

Өзиң бир излеп келипсең,
Кеўлиңди ҳәм де берипсең,
Патшаның түсине енипсең,
Апарамыз, үйиңнен шық.

Ашық болды сизге патша,
Сөз айтпаңыз айым бунша,
Белиңизден тезден қушса,
Патшамыздың кетер дәрти.

Дизеден көмип жолыңды,
Бәнт қылып оңлы-солыңды,
Байлайман еки қолыңды,
Мойынтаўлық етсең ҳәзир.

Ким шыдайды ҳалымызға,
Ертемиз биз қасымызға,
Апарамыз патшамызға,
Тезирек сен кийин, – деди.

Деди қыз сонда: – Уятсызлар, –
Жүзлери қара иймансызлар,
Ата-анасы қәдирсизлер,
Не дейсиз атам алдында.

Ханнан келген мийримсизлер,
Қутырмаңыз өйтип сизлер,
Бийгүнә жан, ғәрип бизлер,
Турмаңыз атам алдында.

Шақыртқан болса шаҳыңыз,
Бизлерден басқа көп ғой қыз,
Жүрегиме салмаңыз муз,
Бармайман, түсиң жолына.

Айтыңыз барып патшаға,
Болса ол ҳәммеге аға,
Бермесин жәбир буншама,
Бармайман, сизлер қыйнамаң!

Буны еситип ғарры пақыр,
Айланды ол қосын ақыр,
Қәйтсин пақыр, көзи соқыр,
Қуртып тур душпанлар ҳалын.

Келгенлер гүжип қайтадан:
– Қарыў етип, шықтың қайдан,
Көпти бизде сендей шайтан,
Деп, умтылды ҳәммелери.

Қолға усылап жаў-жарағын,
Салып булар айбарағын,
Силтеди барлық жарағын,
Қызды байлап алмақ екен.

Кимиси шығып алдына,
Биразы шығып артына,
Қарамай қыздың жайына, ,
Ғаўырласып салды күшин.

Қыздың қолында балтасы,
Оң жағында тур атасы,
«Усы емеспе дәл ортасы»,
Деп биреўин урды мықлап ,

Балта тийгенде басына,
Қарамай ол жолдасына,
Ҳәмме түсип шалқасына,
Қалды кими жер қушақлап.

Сол ўақыт бир жуўан қарыны,
Алмақ ушын ол арыны,
Бир урды соқыр ғаррыны,
Қыз абайсыз турған екен.

Ғарры пақырда не ҳал бар,
Сум өлимнен келди хабар,
Ақырет болып бир сапар,
Сылық етип жығылды жерге.

Қулатпай қыз қушақлады,
Көзден жасы моншақлады,
Душпан сол ўақта қамады,
Ҳәл берисип бир-бирине.

Атасының басын сүйеп,
Жатқызды төрге әкелип,
Қалды атасы шүрелеп,
Тийген екен жан жерине.

Муңайып қыз басын ийди,
Үстине қараны кийди,
Бир таяқ келип қызға тийди,
Билмей қалды не дерини.

Айбатланып сулыў сонда,
Ағып кетти қызыл қан да,
Аяр ис қалмады жанда,
Көзи жетти өлерине.

Бир керилип биреўин,
Тайдырып жаўдың тиреўин,
Ендиги қалған екеўин,
Устамаға етти талап.

Олар сонда есикти ашты,
Қорыққанынан бәри састы,
Атларына мине қашты,
Алалмады сулыў услап.

Қасында қалды жаралы,
Қаны тыйылмай қаралы,
Кетип димәри, бар ҳалы,
Жатыр сонда демин алып.

Тыпыршылап әдепкиси,
Бир таяққа аўған еси,
Соның менен питип иси,
Сол мәҳәлде қалды өлип.

Екиншиси бойын тиклеп,
Турмақ болды тентиреклеп,
Мурнынан қаны зиреклеп,
Қояды ҳәр ўақ жөтелип.

Қыз барды сонда қасына,
Қарады тумлы-тусына,
Пышағын салып астына,
Жатыр екен ол бүкленип.

Бир ойқанды қылмақшы екен,
Қызға пышақ салмақшы екен,
Сөйтип өшин алмақшы екен,
Жатыр екен қайрап тисин.

Билди сулыў бузық ойын,
Тап сөйерде етти тойын,
Гүрилдеди жуўан мойын,
Қолын байлап питирди исин.

Сөйттидағы еси аўған,
Залымлардан жараланған,
Төринде ҳәлсиреп жатқан,
Атасына барды әстен.

Атасы аман өлимнен,
Үмити бар мол жүримнен,
Айтты «шықтым» деп гөримнен,
Шығып сести әсте-әсте.

Жылама көп жалғыз балам,
Ҳәр бир иске бергил шыдам,
Бундай тарлық болмас мудам,
Жатырман мен болып қәсте.

Мен ушын уўайым жеме,
Жан атам өледи деме,
Өлмей еркиңди сен берме,
Не көрипсең жассаң балам.

Берди қызына нәсият,
Көрди оны – мыңнан зыят,
Ойланды сонда ҳасыл зат,
Не болар деп буның соңы.

Қашып кетти еки атлы,
Қосымда қалды жаралы,
Қалай болар атам ҳалы,
Залым патша өлтирсе мени.

Патшадан келсе көп адам,
Оларға бермеспен шыдам,
Қәйтер сонда сорлы атам,
Қалай кешер екен күни?

Көпти кеўилде әрманым,
Қурыды тәнде дәрманым,
Азапта шығар бул жаным,
Калай кешер атам күни?

Еситкенде бунын сесин,
Көрермиз дүньяның несин,
Не қыларман ендигисин?
Ҳайран етти, усы мени.

Деседағы жыламады,
Көздиң жасын буламады,
Узынына қуламады,
Ғыж-ғыж қайнап турды иши.

***
Арадан өтти алты күн,
Қайғылы болып қара түн,
Тағы бир шықты сумлық үн,
Қыз қасында турған екен.

Атасы да тәўир болды,
Кеўли тағы дәртке толды,
Көзи көрди жәлладларды,
Патшасы жиберген екен.

Келди патшадан жәлладлар,
Менменсиген жаўыз олар,
Гүлимди услап алдылар,
Көп азаплар берген екен.

Қаратпады жағдайына,
Тикти қара талайына,
Сөйлесе урды маңлайына,
Күтә азап берген екен.

Атаўдың ишин жайлады,
Жәлладлар өзин сайлады,
Қолын артына байлады,
Қызға азап берген екен.

Қолын созды, урды, керди,
Ағызды маңлайдан терди,
Атасына азап берди.
Қыз зар жылап кеткен екен.

Жәлладлар жолды баслады,
Қызды беккемлеп услады,
Атасын дүзге таслады,
Гүлимди алып кеткен екен.

Атасы қалды атаўда,
Қол-аяқлары матаўда,
Жалғызы кетти байлаўда,
Ақырет-азап көрген екен.

Қарамай қанлы жасына,
Салып бәлени басына,
Бирден от берип қосына,
Ғарры дүзде қалған екен.

Айрылды ғарры жалғызынан,
Маңлайдағы жулдызынан,
Паналап турған қосынан,
Патша жуда еткен екен.

Өли емес, Гүлим тири,
Кеўлинде бар дәрти ири,
Ҳеш болмады қәўендери,
Сол тутқынға кеткен екен.

Апарды уллы шәҳәрине,
Патша минди қәҳәрине,
Қосты тутқынның бирине,
Қыз зинданға түскен екен.

Өне бойы қанға батқан,
Көп бәлеге басын шатқан,
Ериксиз матаўда жатқан,
Ол да өзиндей болған екен.

Қызға танысты Гүлим,
«Сизге кетип тур кеўилим,
Яки қурдас, яки сиңлим,
Неден болды гүнайыңыз?»

– «Апажаным сорама оны,
Айтпайын, еситпе буны,
Буның бәри патша зулымы,
Елден таңлап сулыў жыйды.

Қойдай шуўлатып халықты,
Көрсетпей журтқа жарықты,
Түсирди басқа тарлықты,
Бираздың желкесин қыйды.

Мен бир жарлының қызы едим,
Ата-анам менен жүр едим,
Шақырды патша, мен келдим,
Ийт көрмесин көргенимди.

Патша айтты: – «Маған тийесең,
Не қылғаныма көнесең,
Бүгин қойныма киресең»,
– Деди, зорлығы үдеди.

Келесең деди ол кеште,
Киресең деди сен ишке,
Жасым апажан он үшке, –
Быйыл ғана жеткен едим.

Арзымды айттым усылай деп,
Тыңламады шаҳ солай деп,
Азаплар берди, урды көп,
Ата-анам да келген еди.

Ата-анамды көп күйдирди,
Залымлығын хан билдирди,
Ата-анамды өлтирди,
Сарайына кирген еди.

Ата-анам өлгеннен соң,
Қызыл гүлим солғаннан соң,
Жалғыз өзим қалғаннан соң,
Денемди бағыш етпедим.

Ҳеш бир тилимди тартпадым,
Тайынып сөзден қайтпадым,
Қарсы турдым да қайтпадым,
Бул зинданға салды сүйреп.

Мен тамақсыз турғаныма,
Қызыл ханға батқаныма,
Бул зинданға жатқанымда,
Үш күн болды жаным апа.

Өлсем, өлемен зинданда,
Былғанып бул қызыл қанға,
Ақыры шығар шыбын жан да,
Патшаға болмайман зайып.

Буннан да бетер қапылып,
Үстиме темир жабылып.
Қалсамда мен естен танып,
Басты иймеймен муңайып.

Әне, апа мениң жайым,
Көзим жетти өлим тайын,
Патша алды халықтың айын,
Дәртлер күн сайын улғайып».

– Дегенинде бул да айтты,
Болған барлық аламатты,
Патшадан көрген азапты,
Бастан баян еткен екен.

Толтырып жасларға көзин,
Елеслетти сол ўақ өзин,
Гүлимниң айтқан ҳәр сөзин,
Гүрсинип тыңлаған екен.

Еки қыз қолы байлаўлы,
Ақыллы, сулыў сайлаўлы,
Аяққа кисен салыўлы,
Көп хорлық көрсеткен екен.

Шаҳ көрди қыздың келбетин,
Перидей болған сүўретин,
Болдырмақ ушын нийетин,
Деп, бир саўал қойған екен.

Қыз айтты сонда: – «Шаҳымыз, –
– Қыйналды шыбын жанымыз,
Ҳәм де жеткен жоқ жасымыз,
Мәўлет бериң деген екен.

Жаспыз еле ондай иске,
Ойлан шаҳым, алың еске,
Айтарым жоқ оннан өзге,
Мен тиймеймен! – деген екен.

Сол ўақытта шаҳ бақырды,
Барлық жәлладын шақырды,
Олар келип қызды урды,
Қатты азап берген екен.

Шаҳ баслады бузық жолын,
Қызды көрип аяқ қолын,
Жас гүлдиң қайнатып сорын,
Өз билдигин еткен екен.

Қыз жатты балықтай туўлап,
Сыңсып жылап, ети жуўлап,
Жәлладлары қолын таўлап.
Шаҳ билдигин еткен екен.

Туралмады қыз орнынан,
Қан ақты заўлап мурнынан,
Босатты патша торынан,
Шаҳ жаўызлық еткен екен.

Қыз жатты үш күн еси аўып,
Қойды устине ақ жаўып,
Патшаға болды бул қәўип,
Қызды жақсы көрген екен.

Есин жыйды төртинши күн,
Қыздан шықты зарлы бир үн,
Болғандай болды қара түк,
Ишке дәртлер толған екен.

Патша Гүлимди қыйнады,
Қыз есин зордан жыйнады,
Отырып соңын ойлады,
Атасын қайғырған екен.

«Болмас ислер енди болды,
Қызыл гүлим ерте солды,
Залым шаҳ билгенин қылды,
Аярлық нем қалды мениң?!

Атам өли ме, тири ме,
Ямаса қорқып өлди ме?
Келсем бурынғы қәддиме,
Деген ойда болған екен.

Барды патшаның алдына,
Патша тур екен тахтында,
Неге келдиң? – деди сонда,
Қыз арызын айтқан екен.

Ағыздың суўдай қанымды,
Жастан қыйнадың жанымды,
Усыңдай еттиң ҳалымды,
Саған айтарлық сөзим бар.

Қарамадың жағдайыма,
Қара тиктиң маңлайыма,
Қысым еттиң жас жаныма,
Мийрими жоқ сүр екенсең.

Қол аяғымды байладың,
Маған душпанлық ойладың,
Қан ишип, тойлар тойладың,
Мийрими жоқ, сүр екенсең.

Билгениңди еттиң маған,
Не айтайын енди саған,
Өзиң жәлладқа усаған,
Тилиң ашшы уў екенсең.

Көрсетип маған өлимди,
Солдырдың жастан гүлимди,
Аямай қыстың белимди,
Мийримсиз бир сур екенсең.

Зорлық еттиң жас жаныма,
Тоймадың қызыл қаныма,
Оралдың келип мойныма,
Нақ сур жылан сен екенсең.

Түсимде көрген сур жылан,
Дос емес еди, ол душпан,
Мен де езилген бир ашпан,
Жүзи қара сен екенсең.

Усынша етип зорлықты,
Көрсеттиң әбден хорлықты,
Салдың мойныма қурықты,
Жаслығыма қарамадың.

Қырды, шапты адамларың,
Ўайран салды жәлладларың,
Усындай ис қылғанларың,
Ылайық па патша сениң?

Бул исиң ханлыққа ылайық па,
Ким шыдайды бундай дыққа,
Салдың ўайран аш халыққа,
Не жазығым болды мениң?!

Бар еди атам қәрия,
Етейин соны жәрия,
Патша соған болғыл пана,
Өлмесин ол қуў майданда.

Атамды алдыр атаўдан,
Босат өзимди матаўдан,
Қутылмады басым даўдан,
Ең болмаса атамды ая» –

– Дегенинде патша күлди,
Қыздың ҳасылын ол билди
Атаўға адам жиберди,
Атасын алдырған екен.

Атасы пақыр аштан-аш,
Маңлайына түсип қуяш,
Қула дүзде жайып қулаш,
Өлер ҳалда турған екен.

Қызын ойлап қылады зар,
Шықпаған ғана жаны бар,
Қудайым маған болғыр яр,
Деп зар жылап жүрген екен.

Атасын көрип Гүлим қыз,
Қушақлап алды ол жалғыз,
Жайнады сонда ай-жулдыз,
Екеўи аҳ шеккен екен.

Көристи Гүлим перзенти,
Айрықша көрген мийнети,
Қосылды ҳәм қайғы-дәрти,
Ҳәммеси бириккен екен.

Қыздың некеси қыйылды,
Ҳаял етип патша алды,
Барынша кеўил хошлады,
Сөйтип дәўран сүрген екен.

Усылай етип патша залым,
Қызлардың алды сулыўларын,
Кимниң қызын, кимниң ярын,
Бәри қырық бир болған екен.

Қысылды халық азаптан,
Әдиллик таппай патшадан,
Езилди халық жан-жақтан,
Көп қыйынлық болған екен.

Халық көнбеди зорлыққа,
Бәрҳа түскен соң тарлыққа,
Шыдамады бул хорлыққа,
Ҳәмме күшин жыйған екен.

Патшаға арзын айттылар,
Теңлик табалмай қайттылар,
Биразы басын шаттылар,
Шаҳқа қарсы болған екен.

Халық оған: – Ҳәй, әдилсиз!
Өлер болдық ашлықтан биз!
Ушыраттың бәле мыңда жүз! –
Деп патшаға айтқан екен.

Патша жаман қәҳәрленди,
Уўын жайды, зәҳәрленди,
Қарсы келгенин өлтирди,
Дарды беккем қурған екен.

Арзагөйди услап алды,
Мойнына қыл арқан салды,
Қарқыратып малдай шалды,
Халықты жаман қысқан екен.

Дәрья болып ақты қанлар,
Қыйылды гүнасыз жанлар,
Отқа қарылды адамлар,
Темир тамға басқан екен.

Қарсы шыққанын өлтирди,
Табанларыны тилдирди,
Үш ағашына илдирди,
Халық шуўласып посқан екен.

Адам өлди, қан төгилди,
Бийгүна гелле кесилди,
Жипектей шашлар есилди,
Мал орнына қосқан екен.

Адамларды қосып қосқа,
Азап берди ғарры-жасқа,
Сонлықтан халық тумлы-тусқа
Жайын таслап көшкен екен.

Сөзлерди қысқа айтқанда,
Тағы дәртлерди молайтқанда,
Әдиллик жоқ патша-ханда,
Халықты усылай қысқан екен.

***
Патшаның қырық бир зайыбы,
Перзент көрмеди айыбы,
Тилеклер тилеп айыбы,
Перзентке зар болған екен.

Дүньяның жүзи тар болды,
Патша перзентке зар болды,
Кеўлин кернеген шер болды,
Жасы еллиге келген екен.

...Патша болып дәўран сүрип,
Өттимекен ҳеш ким бизден?
Соның ушын ендиги ой,
Ҳақ жарылқап уллы болсам.

Қырық күн удай берейин той,
Және көкпар шаптырайын,
Қоналқаға сойдырып қой,
Улды туўған ҳаялымды,

Ақ мамыққа оратайын,
Қызды туўған қатынымның,
Басын кесип туўратайын, –
Деп патша еттилер шәрт...

***
Келбет көркли, орта бойлы,
Жасынан-ақ ақыл ойлы.
Гүлим сулыў жүкли болды,
Болар деди абройлы...

Нур сәўлели шашып нурды,
Пери киби бир қыз туўды...
...Қатынлар қайғыны жойды,
Қызға кеўли жүдә толды...

***
Таң атыўға шамаласты,
Күн шығыўға жақынласты,
Қатынлар тағы ойласты,
Ендиги ис мынаў болсын.

– Патша тағына мингенде.
Кимде арыз бар дегенде,
Ўәзирлер ҳәмме келгенде,
Сүйинши сорап Зәриў барсын...

...Зәриў буны мақул көрди,
Дәрҳал етек-жеңин түрди,
Хан жатқан сарайға кирди,
Тезден шығып кеткен екен.

Қатынлар айтты кетерде,
Абайлап бар жетерде,
Жаза таппа сәл-пәл жерде,
Деп Зәриўге айтқан екен.

Патшадан болса жаманлық,
Кетсе басыңнан аманлық,
Бар күшиңди салда барлық,
Тез хабар бер деген екен.

Бул кетистен Зәриў кетти,
Ўәзирдиң қасына жетти,
Келгенлигин баян етти,
Ол да қуўанған екен.

Барды да патшаға айтты,
Сөйттидағы кейин қайтты,
Ўәзир ҳәм ишке тартты,
Сорамақшы болған екен.

Басында қундыз жығасы,
Жарқырап гүмис жағасы,
Ҳәм қолында айбалтасы,
Патша тахта турған екен.

Қайта-қайта таўлап муртын,
Дем алғандай үрип уртын,
Халыққа қаратып сыртын,
Патша тахта турған екен.

Үстинде сары меллеси,
Бир қулаш болып сәллеси,
Қазы, хожасы ҳәммеси,
Арыз сорап турған екен.

Бир «гүналы» батып қанға,
Хош айтысып шыбын жанға,
Темир ис қадалып санға,
Ол байлаўда турған екен.

Көзден ағып қанлы жасы.
Төменге салбырап басы,
Көз алдында ата-анасы,
Елес-елес турған екен.

Арқан қысып қолын, белин,
Солдырып бул сары гүлин,
Ҳәм көре алмай туўған елин,
Қапалықта турған екен,

Алалмай көз жасын тыйып,
Арқа мойнын арқан қыйып,
Тарығып, тар жерге сыйып,
Күтә азап шеккен екен.

Ийегинен жоқары илип,
Мойынынан қамшы тилип,
Тири емес, енди өлип,
Жан алқымда турған екен.

Бар екен ата-анасы,
Бузылғаннан соң ханасы,
Жетип аллаға наласы,
Жетеклесип келген екен.

Оны патшаға киргизбеди,
Жалғыз улың көргизбеди,
Бир қасық суў бергизбеди,
Қысым етип қойған екен.

Ата-анасы жылады,
Көзиниң жасын булады,
Узынына ҳәм қулады,
Жалғызына келген екен.

Ата-анасы келгенин,
Босат перзентти дегенин,
Тирилей жатып өлгенин,
Жалғызы да сезген екен.

Шықты ананың зары,
Кетти перзенттиң димары,
Бүгежеңлеп жылап ғарры,
Ханға арыз етиўде екен.

Патша арызын тыңламай,
Гүнасыз жанды аямай,
Жаныңа раҳим қылмай,
Перзентин қыйнаған екен.

Патша сонда мойнын бурды,
Жәлладлары тикке турды,
Ғарры менен кемпирди урды,
Қолларын байлаған екен.

Қан ақты ғарры, кемпирден,
Тийди бир таяқ сәл жерден,
Шықты жанлары бирден,
Таяқ жаман тийген екен.

Жолатпай оны қалаға,
Еки өликти далаға,
Ғарға жыйналған салаға,
Сол мәҳәл таслаған екен.

Байлаўдағы гүнакар,
Оннанда бетер етти зар,
Енди өлмеске нем бар,
Деп ол ойлаған екен.

Енди бала қәҳәрленди,
Күшин жыйнады, ширенди,
Арқан үзилди шешилди,
Қолы босаған екен.

Қолы еркин босаған соң,
Ғаррылардың алып тусын,
«Саған сыйлық усы болсын»,
Деп биреўин урған екен.

Бир қылыш қолына түсти.
Күшли даўылдай ести,
Ўәзирдиң геллесин кести,
Ҳеш ким тутып ала алмады.

Қызыл қанын суўдай шашты,
Патша турып тахтан қашты,
Қушағын өлимге ашты,
Қатты қорқып қалған екен.

Тутқын жигит күш бермеди.
Өткир қылышын сермеди,
Ҳеш бир жан шыдам бермеди,
Өз басын қорғаған екен.

Қырды отырған жәлладты,
Төбесине урды қатты,
Тебеде қылыш ойнатты,
Душпаннан өш алған екен.

Бар еди өзиндей болған,
Гүналы болып байланған,
Дарға асыўға тайынланған,
Бир жолдасы турған екен.

Қарады аққан жасына,
Барды жуўырып қасына,
Берди қылыш жолдасына,
Байлаўдан босатқан екен.

Ол жолдасы қасында еди,
Қылышты қынапта көрди,
Келген жаўға соққы берди,
Булдағы қарыўлы екен.

Келген жаўды шыдатпады,
Аяқ-қолын байлатпады,
Душпаны ҳеш бир батпады,
Алақласып турған екен.

Күш бермей барлық адамға,
Шықты жуўырып майданға,
Түспеди қайтып зинданға,
Өлимнен қутылған екен.

Қыстырып белге полатты,
Минип алды жақсы атты,
Аралап сыбай елатты,
Булар қашып кеткен екен.

Қуўды кейнинен көп жан,
«Усла» деп бәрҳа шуўлаған,
Кетти ләшкерлер неше сан,
Сап тартып урысқан екен.

Жеңилместен еки батыр,
Музды шайнап қатыр-қатыр,
Қашып душпан сатыр-сатыр,
Шәҳәрине тығылған екен.

Қолы байланған жигитлер,
Жаўын жеңип сонда мәртлер,
Ханға түсип қайғы дәртлер,
Олар азат болған екен.

Сүйинши сорап келген Зәриў,
Қайтты кейнине дәрриў,
Қыйын болды дәўран сүриў,
Патша қапа болған екен.

Айта алмады Зәриў сөзин,
Қубартты да қызыл жүзин,
Билип патшаның минезин,
Қырық қатынға келген екен.

Болған барлық ҳәдийсени,
Еки батыр еткен исти,
Ҳеш көрмеген бундай күшти,
Ҳәммесине де айтқан екен.

– Барып едим ханыңызға,
Айбалталы шаҳыңызға,
Жәллад қойды қасымызға,
Шыдап сонда туралмадым.

Қасында адам көп екен,
Ханың күтә зулым екен,
Кереги оның жан екен,
Қорқып соннан айталмадым.

Тағы да қайтып барыўға,
Шыдай алмадым қараўға,
Айтқанларыңды айтыўға,
Сарайына баталмадым.

Ҳайран қалды барлық ҳаял,
Енди былай болды қыял,
– Зәриў мынаған қулақ сал,
Деп сөзлерин айтқан екен.

– Тағы бир патша қасына,
Кир жәллаттың арасына.
Дәўлет қонған хан басына,
Ҳәзир барып баян еткил.

Анық айт қызлы болдың деп,
Алдында оның турма көп,
Өз-өзиңе еткил еп,
Бир ис болса жылдам келгил.

Патша сүйиншини көп берер,
Қуўанғаннан кейниңе ерер,
Келип бизлерди көрер,
Көп қәдирлеп жақсы күткил.

Хан қуўанар перзентине,
Қарамас тах, зийнетиңе,
Жеткеннен соң нийетине,
Тезден келер деген екен.

Зәриў бул сөзге ойланды,
Тағы барыўға қыйналды,
Дослықта жипсиз байланды,
Тағы бармақ болған екен.

Басына түскендей дөҳмет,
Кетти ханға екинши рет,
Ақ отаўлардан шығып, шет,
Патшасына жеткен екен.

Патша ашыўлы, зәҳәрленип,
Муртын таўлап, қәҳәрленип,
Айбат пенен тахқа минип,
Сол ўақытта турған екен,

Кеше өлген адамларын,
Тәрк етип қолда барын,
Ҳәркимлерге айтып зарын,
Қапа болып турған екен.

Өлгенлерди ақ кепинлеп,
Моллалар келип биримлеп,
Сол күни ўәзирин жерлеп,
Патша қапалы екен.

Барды Зәриў басын ийди,
Арыз айтқанын патша билди,
Қасындағылар: не? – деди,
Ҳәммеси түсинген екен.

Усынып сол ўақта Зәриў,
Келгенлигин айтты дәрриў,
Ойланарлық бул билдириў,
Кейни жаман болған екен.

– Ҳәй, патшаҳым, келдим сизге,
Қәҳәрленбе ханым бизге,
Қулақ салың айтқан сөзге,
Деп Зәриў баслаған екен.

– Перзентсиз еди айыбың,
Жарылқады бул ғайыбың,
Қыз тапты киши зайыбың,
Сүиинши бер, ханым, сүйинши бер.

Деп Зәриў сезин таўысты,
Ханның қыялы аўысты,
Қатты шығарды даўысты,
Жәллад жетип келген екен.

Жүралмастай қылып жолын,
Байлап алды еки қолын,
Таяқтан үзилди жулын,
Зәриў азап шеккен екен.

Қанға толтырып орнын,
Патша қарады қырын,
Зәриўдиң тилдирди мурнын,
Күтә азап берген екен.

Урды жәллатлар таяғын,
Кесеўдей етип аяғын,
Ҳәмде кестирди қулағын,
Сөйтип журдай еткен екен.

Таў суўындай ағып қаны,
Ҳеш болмады қәдирданы,
Геўдеден шықпады жаны,
Зәриў өлмей қалған екен.

Патша жаман ашыўланды,
Қарт буўрадай қатыўланды,
Жутқандай тири жыланды,
Сондай зәҳәрин жайған екен.

Деди жәллатларын жыйнап,
– Қатынларға барың жайлап,
Туўғанын өлтириң қыйнап, –
Деп буйрығын берген екен.

Қызды туўған сол ҳаялды,
Алып келиң қарсы алдыма,
Оныңдай бузық қыялды,
Салайын бул салдарыма,

Зәриў турды орнынан,
Қаны ағып маңлайынан,
Қақырық түспей таңлайынан,
Қатты азап шеккен екен...

Өлдим-талдым дегенде,
Жалығып жанын жегенде,
Арадан аз ўақ өткенде
Ҳаялларға жеткен екен...

Қатынлар отыр хабарсыз,
Қызды қушақлап қайғысыз,
Болдық деп бәрҳа әрмансыз,
Кеўлин хошлаған екен.

Қатынлар көрди биреўди,
Таный алмады Зәриўди,
Буныңдай азап бериўди,
Ҳеш бир ойламаған екен.

Қатынлардың түси қашты,
Зәриўге қушағын ашты,
Қой-қозыдайын шуўласты,
Ҳәммесин сораған екен.

Жәллатлар кетти адасып,
Қайра-қайра жерди басып,
Өйер-бүйерден сорасып,
Буларды таппаған екен.

Булар отырған сарай,
Еди бурыннан таса жай,
Буннан ҳеш ким хабар алмай,
Таса болып турған екен.

Соның ушын излегенлер,
Қыдырып буны жүргенлер,
Қайдан табамыз дегенлер,
Буларды көрмеген екен.

Зәриў сонда есин жыйып,
Ҳаўлығып, көз жасын тыйып,
Басын көтерип қылтыйып,
Бул сөзди баслаған екен.

– Бардым ханға сүйинши сорап,
Айттым сөздиң басын қурап,
Бүлбил киби турдым сайрап,
Патша мийримсиз екен.

Айттым ҳәмме болған исти,
Сол ўақта өзгертти түсти,
Қәҳәрленип қайрап тисти,
Патша күтә зулым екен.

Сизлерге адам жиберди,
Тезден алып келиң, деди,
Қызын ол өлтириң деди,
Патша күтә зулым екен.

Қалмайын деп қаныңызға,
Келгеним сол қасыңызға,
Берик болың жалғыз қызға,
Деп Зәриў жылаған екен.

Ҳаяллар билди сол ўақыт,
Билди тайғанын бахыт,
Бәледен болыўға сахыт,
Бир илажын еткен екен.

Ашып көзиниң гиреўин,
Өтирик қылып тиреўин,
Туўмаған басқа биреўин,
Мысал жүкли еткен екен,

Гүлимди тезден турғызып,
Қур менен белин буўғызып,
Бети-қолларын жуўғызып,
Ҳеш туўмаған еткен екен.

Ҳаяллар ақыл асырды,
Қызды бир жерге жасырды,
Ҳеш кимге билдирмей сырды,
Бир иләжин көрген екен.

Айры бақанды қурды,
Оған бирин асылдырды,
Қасына жүўен илдирди,
Бир ырымды еткен екен.

Зәриўди орап көрпеге,
Жасырдық қупыя жерге,
Енди ҳеш ким туўды дерге,
Бир белги болмаған екен.

Қатынлар шақақлап күлип,
Не болғанын иштен билип,
Сарайдың қапысын илип,
Ўағыр-шағыр болған екен,

Келди сол ўақ жәллатлар,
Турды орнынан ҳаяллар,
Дәрўазаны ашып олар.
Ишкериге кирген екен.

– Қызды туўған қайсы ҳаял,
Алдымызға түссин дәрҳал,
Асармыз дарға, итимал,
Деп хабарын берген екен.

Сол ўақытта ҳәмме қатын,
Биреўиниң айтты атын,
– Дүзеп ырым салтанатын,
Мына исти етип едик:

Биреўимизди жүкли еттик,
Ойнап соған толғақ дедик,
Не қылсаңыз өзиң билиң,
Азын-аўлақ ойнап-күлдик.

Инанбасаң қарап көриң,
Тапсаң бизге азап бериң,
Қыз туўғанды алып жүриң,
Деп қатынлар айтқан екен.

Сол ўақытта келген жәллат,
Қалды мойнына аманат,
Енди етпеди қыянет,
Кейнине қайтқан екен.

Қарады ояқ-буяқты,
Суқты ҳәр жерге таяқты,
Ертип кейниңе саяқты,
Жолларына түскен екен.

...Зәриў айтты ҳаялларға,
Нәсийҳат берип оларға,
Пана қылып жан сақларға,
Былай деп жол салған екен...

...Пухта болсақ ҳеш бәле-жоқ.
Болады ҳәм кеўлимиз тоқ,
Бул жүректен өтпейди оқ,
Бирлик болса ҳәр ўақытта.

Тереңнен шыққан сағызды,
Жарқыраған ай, жулдызды,
Маңлайдағы жалғыз қызды,
Жәллат таўып өлтирмеске.

Жер астынан салынсын жай,
Ол болсын келбетли сарай,
Ишине қойылсын гаўҳар-ай.
Кирисейик усы иске.

Душпанларға көринбестен,
Жүрсин олар еситпестен,
Айрылмайық усы истен,
Жердиң астын етип пана.

Душпан сезсе аямайды,
Дүньяда тири қоймайды,
Айтқанларыңды қылмайды,
Өлтиреди асып дарға.

...Сол ўақытта қырық бир ҳаял,
Мақул көрди буны дәрҳал,
Буны ислеўге жетеди ҳал.
Деп ўәдесин берди бәри.

Деп ҳәммеси күшин қосты,
Билип алды душпан, досты,
Қарап көз салып тум-тусты,
Бул илажды еткен екен.

...Қызды орады мамыққа,
Бағыў ушын май, қаймаққа,
Билдирмей аўыл-аймаққа.
Өз ислерин еткен екен.

Ашып төбеден есикти,
Киргизди алтын бесикти,
Бекитти қоймай тесикти,
Уллы гәўҳар қойған екен.

Жарқыратып аппақ жүзин,
Жаўдыратып еки көзин,
Жас сулыўдың жалғыз өзин,
Салды алтын бесигине.

Орамал түйди, қой сойды,
Душпанлардың көзин ойды,
Гүлзар деп қызға ат қойды,
Ҳәммеси жыйналған екен...

...Шешен еди жастан Зәриў
Көтерди кеўлин дәрриў,
Усылай деп кеўил көтериў,
Шермеп дуўтар шерткен екен.

Қайта-қайта басын былғап,
Қайғы сести қайтып толғап,
Көзинен жасы сорғалап,
Былай деп баслаған екен

...Өлтирди патша атамды,
Өртеди көмбей анамды,
Озалдан бузды ханамды,
Бәрҳа қанда жүрмен туўлап.

Усыдан өлип кетермен,
Өлеғойсам не етермен,
Өлмесем буны көрермен,
Көз жасымды бир тыярман.

Озалдан қастым хан еди,
Жастан жанымды жеди,
Неше сапар азап берди,
Желкесин бир ўақ қыярман.

Усы ханнан өшимди алсам,
Таймай тахтында шалсам,
Жылағанға реҳим қылсам,
Болмас еди кеўилде әрман.

Деп Зәриў қатты зарланды,
Кеўлине дәртлер толғанды,
Қардай борап қәҳәрленди,
Күтә ашыўы келген екен.

Ҳаяллар тыңлады сөзин,
Жас пенен жуўдылар көзин,
Ол айтқан жоқты бир өзин,
Ҳәммениң басында еди...

***
Ҳәмме қатын қушақ ашып,
Ҳүрметледи гүллер шашып,
Дослық-дослыққа уласып,
Беккем бирлик еткен екен.

Сол күннен баслап сарайға,
Қараўыллап Гүлзар қызға,
Зәриў пақыр турды бәрҳа,
Маңлай шытып қыйналмады...

Гүлзар екиге келгенде,
Арадан күнлер өткенде,
Мүддетли ўақыт жеткенде,
Зийўар жүкли болған екен.

Ҳәммелери билип оны,
Сылтаў етти оны-буны,
Үзилмесин деп жулыны,
Гүлимдей қып баққан екен.

Зәриў барып есик жапты,
Жарқ еттирди әтирапты,
Он төрт күнлик айдай болған,
Зийўардай ҳасыл қыз тапты.

Адамда жоқ бундай болыў,
Ортасы перзентке толыў,
Бул Гүлзардан ҳәм сулыў,
Шын келбетли болған екен.

Бурын биреў, екеў болды,
Кеўиллери хошўақ болды,
Жыйылып турып ҳәммеси,
Буның атын Әнар қойды.

***
Күнлерден күнлер өткенде,
Көп жыллар өтип кеткенде,
Жыл өтип, жыллар жеткенде,
Қызлары ержеткен екен.

Гүлзар келди он бес жасқа,
Әнар келди он үш жасқа,
Қарады олар тум-тусқа,
Қәпеслигин билген екен.

Еки қыз келди Зәриўге,
Не дейсиз деп апа бизге,
Бир сөз бар айтарлық Сизге,
Тыңлаң буны қулақ салып.

Жақынлатпай жаздың ҳәзин,
Жаўдыратып еки көзин,
Көрсетпей дүньяның жүзин.
Неден болды гүнайымыз?

Туўыппыз бизлер анадан,
Жатырмыз бизлер сол ўақтан,
Хабарымыз жоқ жән-жақтан,
Неден болды гүнайымыз?

Бурыннан ырым болғандай,
Артықша зыян қылғандай,
Жер қабатында жатқандай,
Неден болды гүнайымыз?

Сол ўақытта Зәриў жылап,
Жасы менен көзин булап.
Қызлар да жақын анталап,
Апасынан жуўап күтти.

Гүрсинип Зәриў турады,
Сөзлердиң басын қурады,
Барлығын гүрриң қылады,
Бастан өткенлерди айтып.

Еситип қызлар таң қалды,
Аңлады қыйын бул ҳалды,
Екеўи жылап үн салды,
Көп пушайман жеген екен.

Неге туўылдық әўел бастан,
Өлмедик неге биз жастан?!
Болған соң бундан зимистан,
Деген сезди айтқан екен.

Келди барлық аналары,
Келсе, жылап тур қызлары,
Көрип қурыды ҳаллары,
Булардағы қорққан екен.

Жубатты сонда екеўин,
Тымсал қылып бир-биреўин,
Көзиниң ашып гиреўин,
Кеўилин хошлаған екен...

Айдынлы ҳаўыз сыртына,
Беккемлеп қала артына,
Сақлаўлы қыздың ҳаққына,
Уллы бағ көгерткен екен.

Жең салысып жүргендей қыз,
Гүллер еккен неше мың жүз,
Жайнаған гүл жанларға ҳәз,
Жақсы болып питкен екен,

Ишинде қызыл гүл жайнап,
Уллы дарақлар шақалап,
Күни-түни бүлбил сайрап,
Хош ийисли болған екен.

Гәўҳардың нурын шашқандай,
«Перилер» дүрлеп ушқандай,
Дәрҳал зейинди ашқандай,
Бағ камалға келген екен.

Хабар күтип тум-тусынан,
Кетпей Зәриў де қасынан,
Қызлар бул бағда жасынан,
Қупияда жүрген екен.

Қызлар сулыў, жоқты мини,
Гәўҳар болған ай ҳәм күни,
Уллы бағына бир түни,
Шығатуғын болған екен.

Биз бүгин бағқа барамыз,
Сайранлап ойын қыламыз,
Аналар сизден сораймыз,
Деп жылап турды екеўи.

Шығамыз деп турғаннан соң,
Кеўлин әбден бурғаннан соң,
Аналар жуўап бергеннен соң, ,
Ойнап-күлип қуўанды көп.

Гүлзар айтты сонда турып,
– Жуўап беремен атама,
Ол қуўанар мени көрип,
Гүнәкар қылмас атам да,

Беремен сәлем бас ийип,
Айтып бастан өткен күнди,
Көп қуўанар атам билип,
Жарқыратар ай ҳәм күнди.

Мақул түсти ҳәммеснне,
Гүлзар қыздың айтқан сөзи,
Усылай болды дәмелери,
Билмеди не болар изи...

Сарайдың қапысын ашты,
Жақты дүньяны көрмеге.
Қызлардағы аяқ басты,
Уллы бағына кирмеге.

Шыққанда сарай алдына,
Жарқырады гәўҳарлардай,
Адым атқанда бағына,
Жақты берди туўған айдай.

Жатқанлар турды орнынан,
Таң атып күнлер шықты деп,
Еки ҳасылдың нурынан,
Гәўҳарлы жақты түсти деп.

Ҳайран қалды барлық адам,
Түнде күнниң шыққанына,
Жуўырысты бермей шыдам,
Қарамастан жән-жағына.

Жерди қушақлап биразы,
Жерге сүринип жығылды,
Өлиўине болып разы,
Өкпеси аўзына тығылды.

Қызлар адым атқан сайын,
Халық шуўлап кейнине ерди,
Алды-артын қамап бәри,
Айдай келбетин көрди.

Бағдың дәрўазасын ашты,
Үстине қызыл гүл шашты,
Халық таң қалды, шуўласты,
Сулыўлығын билген екен.

Сонда биреў Гүлзар қызға,
– Сиз кимсиз? – деп сораў қойды.
Берди жуўап ойлап турып,
Айдай арыў, терең ойлы.

Айтты сулыў ол адамға,
Патша қызы екенлигин,
Дым қуўанды ол адам да,
Кетти жуўырып патшаға.

Патшаға барды жуўырып,
Жерлердин шаңын суўырып,
Айтты патшаға барып,
Булар қызы екенлигин.

Патша орнынан турды,
Уллы баққа адым урды,
Тез жетемен деп жуўырды,
Көргенше асыққан екен.

Баққа келсе Гүлзар сулыў,
Тур екен доланып ойнап,
Қосық айтып қумарланып,
Нурлы жүзи күндей жайнап.

Ҳаўазына ҳайран қалды,
Бир шаҳ емес ҳәмме халық,
Көрип қызды мийири қанды
Кирип араға бир шадлық.

Келгенде патша бағына,
Қарады қыз жән-жағына,
Шықты бул истиң ҳағына,
Басын ийип сәлем берди.

Патша қызға жақын келди,
Қыз ата деп басын ийди,
Болған исти баян етти,
Тыңламай ол турған екен.

Айырып қыздың гүлинен,
Уялмай сонша елинен,
«Гүлзар» сулыўдың белинен,
Беккем қысып алған екен.

Қыз айтты: – Ата бул исиң,
Билгенге өлимнен жаман!
Ойланып көр, бул сумлықты,
Көрип пе екен сирә заман?!

– Тийесең бе, тиймейеең бе,
Жаның барда тезирек айт!
Мениң менен жүресең-бе,
Көп сөйлеме, тилинди тарт!

– Ертең дарға илдирсең де,
Сен қандай азап берсең де,
Ийттен ҳәм жаман көрсең де,
Мен тиймеймен, қолыңды тарт!

Атама ҳаял болғаннан,
Өйтип дүньяға шыққаннан,
Өлгеним жақсы азаптан,
Еле де хан ырайдан қайт!

Дегенинде патша турды,
Қызды көтерип жерге урды,
Ийтке таслаўға буйырды,
Жәллад алып кеткен екен.

Апарып ийтке таслады,
Ийтлер бир зыян қылмады,
Қуйрығы менен сыйпады,
Қызды көп аяған екен.

Нәлет болсын ақмақ патша,
Өз қызын алар болар ма?
Гүнәсыз бул бир бийшара,
Мениң алдыма таслар ма?

Қыздың қандай жазығы бар,
Етпеймен буған мен азар,
Патшаның қызы бул Гүлзар,
Деп ийт жемей қойған екен,

Ақ муртын патша таўлады,
Тий! – деп қызынан сорады,
Қыз маңлайына урады,
Қатты қәҳәрине келген екен.

Қәпеске қызды салады,
Қәпесте Гүлзар қалады,
Ҳәр ўақта сести шығады,
Күтә жәбир қылған екен.

Баслады жаман қылығын,
Гүлзарға етти сумлығын.
Өлимши қылып ол қызын,
Күтә азап берген екен.

Жаман қылығын баслады,
Гүлзардың көзин жаслады,
Тоғайға апарып таслады,
Жәллад алып кеткен екен.

Қайтты жәлладлар қалаға,
Таслап Гүлзарды далаға,
Жоқ қылдық деп олар шаҳқа,
Хабарын тез айтқан екен.

Патша буған шадланды,
Қырқ қатынды табалмады.
Ҳеш кимге жала жабалмады,
Ҳаяллар сарайда екен.

***
Әнарды Зәриў алып қашып.
Бир тоғайға барған екен,
Сол тоғайда бир қақпаншы,
Өмиринше болған екен.

Сол қосты бәрҳа сағалап,
Таўдың етегин жағалап,
Көлдиң жийегин паналап,
Баяғылар жүрген екен.

Босап тутқыннан қашқаннан,
Мәртликке қушақ ашқаннан,
Өш алыў ушын патшадан,
Еки жигит жүрген екен.

Таныды Зәриў оларды,
Көристи берип қолларды,
Берди бирине Әнарды,
Өмирлик дос болған екен.

Тоғайды аралап ғарры,
Бир жерден тапты Гүлзарды,
Берди буларға хабарды,
Жүдә ҳайран болған екен.

Зәриў де барды жуўырып,
Еси аўды оны көрип,
Адам қуны ақ дәри берип,
Гүлзарды тирилткен екен.

Гүлзар да жыйнады есин,
Патшаға қайрады тисин,
Батырға берди қыз кеўлин,
Үлкенине тийген екен.

Ҳәммеси ўақтын хошлады,
Енди басқа сөз баслады,
Патшаға қарсы атланды,
Жаў-жарақты алған екен.

Алды-артына қарап барлап,
Өңшең батыр күшин жыйнап,
Көшелерге кирди жайнап,
Зәриў бирге келген екен.

Ҳәммелери қосып күшин,
Аралады шәҳәр ишин,
Қызлардағы түрип пешин,
Бир шетинен тийген екен.

Билдирместен басқаларға,
Қылыш урып шыққанларға,
Ҳеш ким шақ келмей буларға,
Қорқып басын ийген екен

Қарсы шыққанын өлтирди,
Исти орнына келтирди
Достын муратқа жетирди,
Азат етип ҳәмме жанды.

Булар теңликти алғаннан,
Аналар шықты қамаўдан,
Шәҳәрде болды абадан,
Қызыл гүл көгерген екен.

Патшанын уйқылаған жерине,
Бәри бирден жетип барды,
Услап алды да төринде,
Қарқыратып оны шалды.

Сөйтип булар ерлик етти,
Болды ойлаған нийети,
Мурат-мақсетине жетти,
Дәстан тамам болған екен.

Лайҳуў қәлем – тәғдир мәнисинде


Алдынғы бөлимге қайтыў: ЕРНАЗАР БИЙ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.