Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

АЙДОС БАБА (AYDOS BABA)

– Кел, баба, шығыңыз төрге,
Ҳақ яратқан нәзер кәрде,
Теңгени бөлдик төрт жерге,
Бирин алың, Айдос баба.

– Мәрт болған ўәдеде турар,
Сөзин бузғанды ант урар,
Төрттиң бирине дийхан турар,
Тең бөл, – деди Айдос баба.

– Ханды уллы қылды қудай,
Дәскеси көп хан еки пай,
Сизиң менен бизлер бир пай,
Болдық енди, Айдос баба.

– Адам болсаң, аброй излеп,
Отырар орныңды гөзлең,
Тиллериңди тартып сөзлең,
Алмаң, – деди Айдос баба.

– Соныңдай болды истиң түри:
Айтса кетер кеўил кири,
Сизди қылдық төрттиң бири,
Алғыл енди, Айдос баба.

– Уллы болса ханың уллы,
Болажақсыз бәриң уллы,
Қайдан алыпсыз бул пулды,
Айтқыл, – деди Айдос баба,

– Хан қылған буйрығы сол,
Хан ҳәмирине мойынсынғыл,
Ҳәммеге бирдей салық пул,
Алың енди, Айдос баба.

– Хан отырар салқын жайда,
Тилла көшкили сарайда,
Мен болмасам ақша қайда,
Билиң, – деди Айдос баба.

– Баба бунша қатты қашпа.
Сум нәпсиңниң аўзын ашпа.
Хызметкер көп сеннен басқа,
Қанаат қыл, Айдос баба.

– Мут пул керек сендей қулға,
Болажақсыз журтқа тулға,
Тең жарымын салық пулға,
Тең бөл, – деди Айдос баба.

– Бабам қылғыл енди сабыр,
Мәҳремлерге қылма жәбир,
Төрт бөлмеклик ханнан ҳәмир,
Алғыл енди, Айдос баба.

– Өлген адам қайтып келмес,
Батыр жигит қайғы жемес,
Ўәдесин бузған хан емес,
Бергил, – деди Айдос баба.

– Мәҳремлер тилин алмасаң,
Хан ҳәмирине бойсынбасаң,
Төрттиң бирине турмасаң,
Өзиң билгил, Айдос баба.

– Бириң баба, бириңиз қарт,
Көп сөйлеме тилиңди тарт,
Қәне, болың, жуўабын айт,
Тез бол, – деди Айдос баба.

– Әси боларсаң аллаға,
Теңгени жары алмаға,
Ханың менен тең болмаға,
Уяларсаң, Айдос баба.

– Сен билмейсең мениң жайым.
Оның менен тең қудайым,
Керек емес, бос абайың,
Тек тур, – деди Айдос баба.

– Қанаатсыз қатын иси,
Ханға қарсы қандай киси,
Метер менен қусбегиси,
Сен қой, – деди Айдос баба.

Ашыўы келди, атланды,
Қусбеги, метер тоқталды,
Қылышын алып оқталды,
Қәҳәрленди Айдос баба.

Әўелинде тил алмады,
Сөзине қулақ салмады,
Метердиң жаны қалмады,
Шабар болды Айдос баба.

– Саўаш, қызып ис басласам,
Қан төгип кеўил хошласам,
Гелленди кесип тасласам, –
Деди сөгип Айдос баба.

– Ис жаманға енди кетер,
Бул киси айтқанын етер,
Тәўбе қылып қусбеги, метер,
«Қойдық», – деди Айдос баба.

Шерик қылмай бир бендени,
Хийўада ханнан өзгени,
Қосып жиберди теңгени, –
Тең айырды Айдос баба.

Душпаны көп досы менен,
Найзасының ушы менен,
Билегиниң күши менен,
Ҳақын алды Айдос баба.

Келгенде хан өрре турды,
Ханға қарсы жуўап урды,
Бир неше жыл дәўран сүрди,
Бул ҳал менен Айдос баба.

Көпдур сөзимниң кемиси,
Дәрьяның урар дегиси,
Метер менен қусбегиси,
Жылаўында Айдос баба.

Еки араға түсти гийне,
Ханның инамы бир ийне,
Айдос бийге қылып ҳийле,
Ғапыл болды, Айдос баба.

Айдос деген уллы киси,
Ақыры кетти қолдан күши,
«Ханның иси – шайтан иси», –
Деген екен, Айдос баба.

Ханға болмады пуқара,
Қарсы болды бара-бара,
Жоқдур өлимге ҳеш шара,
Шейит өлди, Айдос баба.

Бул сөзлердиң жоқдур шеги,
Қолдаўлыдур ата теги,
Туўды Ерназар қусбеги,
Түп сағасы Айдос баба.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ЕРНАЗАР БИЙ
Алдынғы бөлимге қайтыў: АМАНГЕЛДИ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.