Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

АМАНГЕЛДИ (AMANGELDÍ)

Көрип тамаша қылыңыз,
Не әжайып палўан келди,
Келсе бабасын билиңиз,
Журт ағасы Амангелди.

Амангелди журт ағасы,
Миян көлдиң тоқ сабасы,
Мырза Полаттың бабасы,
Аты шыққан Амангелди.

Асан аталық болғанда,
Миянкөлди сорағанда,
Оны душпан өлтиргенде,
Қанын алған Амангелди.

Миян көлде Асан сонда,
Неше душпан барды онда,
Көп қолдаўлы Түркстанда,
Соған барды Амангелди.

Барып душпанды өлтирди,
Келлесин кесип келтирди,
Мәртлигин журтқа билдирди,
Арыслан туўған Амангелди.

Амангелди Түркстанда
Әмир етсе бир заманда,
Ләшкер тартып атланғанда,
Бөлек-бөлек думан келди.

Өзи батыр өзи даңқлы,
Соңында бар қоңырат халқы.
Уллы урыўдур қолдаўлы,
Соның ери Амангелди.

Ашамайлы ҳәм Сандаўлы,
Қостамғалы ҳәм қолдаўлы,
Қолдаўлы төрт ата улы,
Жақсысыдур Амангелди.

Гүрти, Аджир, Гүржистаннан,
Ҳәм де жөҳит Түркстаннан,
Тус-тустан шықты неше сан,
Өткен атаң-бабаң келди.

Әмирдиң аты Музаппар,
Ҳәм де батыр хан Мирайдар,
Шамурат ўәлләми Данияр,
Барып көрди Амангелди.

Қоқан қаны қылды зорлық,
Қыз соратып берди қорлық,
Асан көрсетти дуғымлық,
Жылатпайман елди деди.

Қарақалпақ бермес қызын,
Ҳәммеси де мениң қозым,
Тийдирмеспен тириде өзим,
Деп Асан ер Қоқан келди.

Сөзинен қайтпады Асан,
Қыз аларсаң өлсем қашан,
Ўатан болмас бизге Қоқан,
Сен шуўлаттың елди деди.

Хан Асанды көп урғызды,
Және орнынан турғызды.
– Бермейсеңбе? – деди қызды,
Асан және сөзге келди.

Астырды дарға Асанды,
Ел деп Асан берди жанды,
Оны қуртқан залым ханды,
Гелле қылды Амангелди.

Амангелдидей болмаға,
Барып ханнан қан алмаға,
Гелле кесип, жан алмаға,
Қай бириңниң шамаң келди?

Қайтпады бектен ҳәм ханнан,
Кешерлер шийрин жанынан,
Амангелдиниң қолынан,
Қутылмағы гуман келди.

Амангелди урысқанда,
Душпанға қарсы турғанда,
Гезенип қылыш урғанда,
Қырман-қырман гелле келди.

Урысқанын көрсең оның,
Қәтеси жоқ бул дәстанның,
Қарсы келген ол душпанның,
Жүрегинде әрман келди.

Патшалар турған тақтында,
Оның дәўлетли бахтында,
Амангелдиниң ўақтында,
Нешше ханнан инам келди.

Ол Бухары, Ғыждуўаннан,
Қашқары, Ташкент, Қоқаннан,
Андижаны, Марғуланнан,
Тәрк болмайын даўам келди.

Амангелди дәўлетинде,
Бәрекелла ҳимметине,
Ҳәр бир журттан хызметине,
Түрли-түрли адам келди.

Өзи озған ғардашынан,
Кетпес дәўлети басынан,
Ол Бухардың патшасынан,
Жарлық меҳри нышан келди.

Дөремес оныңдай адам,
Бул сөзди не билсин надан,
Олар ҳәм өтти дүньядан,
Неше түрли заман келди.

Жетисти елине дады,
Қолдаўлыдур ҳаслы-заты,
Мырза Полаттың зүряты,
Еди арыслан Амангелди.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: АЙДОС БАБА
Алдынғы бөлимге қайтыў: ТАРИЙХЫЙ ПОЭМАЛАРЫ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.