Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ОЙЛАНБА (OYLANBA)

Жолдан қайтып артыңа,
Салып көп исти ядыңа,
Қараны тутып алдыңа,
Қарындасым ҳеш ойланба.

Ис питпейди қыйланғаннан,
Пайда да жоқ ойланғаннан,
Парық болмас байланғаннан.
Қарындасым ҳеш ойланба.

Исенбе аға-жеңгеге,
Қуўанба таққан теңгеге,
Сырыңды айтпа өзгеге,
Сүймесиң ушын ойланба.

Қапа болма, теңиңди изле,
Хор болмастай жерди гөзле,
Жаман айтпа, жақсы сөзле,
Ҳақ иске ҳеш бир ойланба.

Малы көп деп кетпе оған,
Азап берер ахмақ саған,
Ўапасыз ол сөзи ялған,
Сүйгениңе ҳеш ойланба.

Келип тур мынаў сүйгениң,
Әзелде кеўил бергениң,
Көз ашып ҳәм де көргениң,
Соның ушын ҳеш ойланба.

Мин артына бүгин түнде,
Жылап жүрме күнде-күнде,
Соны ойлап турман мен де,
Оның ушын ҳеш ойланба.

Қара мал берген байыңа,
Қарарма ол ҳал-жайыңа?
Ылайықпа бул бойыңа?
Қосыл сүйгенге ойланба.

Зәңгиңди өзим басайын.
Душпан жүрегин осайын,
Дәрьядай болың тасайын,
Кел, қарындас, ҳеш ойланба.

Қолыңды берде де берман жүр,
Ойға алма бөтен пикир,
Қосылып узақ өмир сүр,
Мин артына ҳеш ойланба.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ӨМИРИМ (үзинди)
Алдынғы бөлимге қайтыў: КЕЛИН
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.