КЕЛИН (KELÍN)
Қасың қара, белиң нәзик,
Оң қолында алтын жүзик,
Ғайратыңды бүгин көрдик,
Қупыяда илдиң келин.
Шашың қара, бетиң аппақ,
Қундыз кирпик, жупқа додақ,
Писте мурын, аўзың оймақ,
Келбет жағың келген келин.
Өңириңе тағып теңге,
Әрманың бар оннан өнге,
Ҳәм қәйниге болып жеңге,
Сүймесиңде турсаң келин.
Күни-түни азап шегип,
Көзлериңнен жасты төгип,
Қабырғаңды қайғы сөгип,
Әрман менен турсаң келин.
Қулағыңда алтын сырға,
Тилиң шийрин кеўлиң жорға,
Келдим саған зорға-зорға,
Қарсы алдыңда турман келин.
Сондай үлги еткен исиң,
Жылтырайды ҳинжи-тисиң,
Ақылың ҳәм артық есиң,
Сондай болып турсаң келин.
Жарқырайды бетиң айдай,
Туўған анаң сениң қандай.
Сөзиң шийрин, тилиң палдай,
Перийзаттан артық келин.
Артық сениң ақыл-ойың,
Тал шыбықтай ҳәм де бойың,
Қарма-жарма болып тойың.
Әрман менен турсаң келин.
Қайнағаңа басыңды ийип,
Қайғы менен қабақ үйип,
Әрман менен ишиң күйип,
Сүймесиңде турсаң келин.
Артық баҳаң елиў туўар,
Сеннен алып әкең саўар,
Бурынғының жолын қуўар,
Бахтың солай болды келин.
Хорлық, азап көрген күниң,
Қапалықта өтти түниң,
Еркин шағлап шықпай үниң,
Қапалықта турсаң келин.
Сондай зарың келди маған,
Не айтайын барып саған,
Қайғыдаман мен де оған,
Күниң солай өтти келин.
Көп сарсылып болма қапа,
Қыя шөлде шекпе жапа,
Келсе саған сиңли-апа,
Не айтарсаң турып келин.
Усы бастан етип талап,
Биреў ушын жүрме жылап,
Ертеректен теңиңди тап,
Матаўлықта турма келин.
Оң қолында алтын жүзик,
Ғайратыңды бүгин көрдик,
Қупыяда илдиң келин.
Шашың қара, бетиң аппақ,
Қундыз кирпик, жупқа додақ,
Писте мурын, аўзың оймақ,
Келбет жағың келген келин.
Өңириңе тағып теңге,
Әрманың бар оннан өнге,
Ҳәм қәйниге болып жеңге,
Сүймесиңде турсаң келин.
Күни-түни азап шегип,
Көзлериңнен жасты төгип,
Қабырғаңды қайғы сөгип,
Әрман менен турсаң келин.
Қулағыңда алтын сырға,
Тилиң шийрин кеўлиң жорға,
Келдим саған зорға-зорға,
Қарсы алдыңда турман келин.
Сондай үлги еткен исиң,
Жылтырайды ҳинжи-тисиң,
Ақылың ҳәм артық есиң,
Сондай болып турсаң келин.
Жарқырайды бетиң айдай,
Туўған анаң сениң қандай.
Сөзиң шийрин, тилиң палдай,
Перийзаттан артық келин.
Артық сениң ақыл-ойың,
Тал шыбықтай ҳәм де бойың,
Қарма-жарма болып тойың.
Әрман менен турсаң келин.
Қайнағаңа басыңды ийип,
Қайғы менен қабақ үйип,
Әрман менен ишиң күйип,
Сүймесиңде турсаң келин.
Артық баҳаң елиў туўар,
Сеннен алып әкең саўар,
Бурынғының жолын қуўар,
Бахтың солай болды келин.
Хорлық, азап көрген күниң,
Қапалықта өтти түниң,
Еркин шағлап шықпай үниң,
Қапалықта турсаң келин.
Сондай зарың келди маған,
Не айтайын барып саған,
Қайғыдаман мен де оған,
Күниң солай өтти келин.
Көп сарсылып болма қапа,
Қыя шөлде шекпе жапа,
Келсе саған сиңли-апа,
Не айтарсаң турып келин.
Усы бастан етип талап,
Биреў ушын жүрме жылап,
Ертеректен теңиңди тап,
Матаўлықта турма келин.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ОЙЛАНБА
Алдынғы бөлимге қайтыў: АЙРАЛЫҚ
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: