Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ӨМИРИМ (үзинди) (ÓMÍRÍM (úzindi))

Ялғаншы паний дүньяда,
Анадан туўдым не көрдим?
Өткениң бе дүньядан,
Бир күнше болмай өмирим?

Бердимурат мениң өзим,
Еситиң халық, айтқан сөзим,
Сарғайды ғәплетте жүзим,
Өтти әрманда өмирим.

Он жасымда оқып қәлем,
Жас үлкенге берип сәлем,
Жылаўымда ата-анам,
Меҳрибан болған өмирим.

Балалар менен оқып қуран,
Биле алмасам бағрым-бирян,
Сопдай етип зары-гирян,
Аҳу-фиғанлы күнлерим.

Ҳаққа етип налыс сонда,
Мешитте оқып анда-санда,
Балалықты сол заманда,
Ойнап өткерген күнлерим.

Он бир жаста ойын ойнап,
Жүргендей-ақ ҳайтта тойлап,
Күн-түн тынбай жанды қыйнап,
Шақақ урған сол күнлерим.

Қәдди дал назлар менен,
Кеўил хошы сазлар менен,
Он бес жасты қызлар менен,
Жүрип өткерген күнлерим.

Он алтыда, он жетиде,
Зәрделер толып кеўилге,
Жақпай ойын-заўық бизге,
Машқалаға түскен күнлерим,

Жигирмада мәрттей болып,
Жүк көтерген нардай болып,
Арыслан киби ердей болып,
Күшиме толған күнлерим.

Талап етсем туўған елге,
Қуўат-күшлер толып белге,
Шығып жигирма екиге,
Күшке толысқан күнлерим.

Жигерленген ғайрат күши,
Қызыл нарттай рәўиши,
Ғыжлаған жигирма үшти,
Шалқып өткерген күнлерим.

Жүрген жерлер шалғандай өрт,
Олар түссе бир үлкен дәрт,
Төрелик жоқ жигирма төрт,
Қызғынлы шоқ жас күнлерим.

Жигитликтен болмаған ес,
Болмас иске болып кес-кес,
Толысқан күш жигирма бес,
Қайырсыз ҳәсер күнлерим.

Белгили халыққа нышаны,
Ядымда тур ҳәр қашаны,
Қартайғанда Күнхожаны,
Көрген күнлерим күнлерим.

Айтып сөзлерди тыңлатып,
Кемис жерин ҳәм оңлатып,
Бир ярым ай бирге жатып.
Ҳәз етип өткен күнлерим.

Келди енди жигирма сегиз,
Шектим мийнет мысал өгиз,
Жетти мине жигирма тоғыз,
Жабыққан қара күнлерим.

Саўда түсип енди басқа,
Болып алдық қара қасқа,
Келдик енди отыз жасқа,
Өткенди көрген өмирим.

Бердимурат ойлан өзиң,
Жайнап турар еки көзиң,
Халыққа жағып айтқан сөзиң,
Еске алынар күнлериң.

Машқаласы түсип үйдиң,
Хызметин етип көп байдың,
Қурап шийрин сөздиң жүйин,
Қосықлар айтқан күнлерим.

Майханадур отыз алты,
Жигирма бес қашшан қалды,
Билиң енди сорлы ҳалды,
Зары-гирян болған күнлерим.

Жас басқансоң болғандай парқ,
Енди болды кемеңиз ғарқ,
Отыз тоғыз, келдиң бе қырық,
Ҳәр дайым шеккен күнлерим.

Қырық ҳәм өтти, келди елиў,
Қыйын емес парқын билиў,
Қайда қалды ойнап күлиў?
Қайғылы қапа күнлерим.

Ҳақ жеткермей мурадыма,
Ким жуўап берер дадыма,
Келдим енди алпысыма,
Ҳәсиретли ҳайран күнлерим.

Дүнья-дүнья болғаның ба?
Енди меннен қалғаның ба?
Қазан урып солғаның ба?
Суў киби тынған өмирим?

Көрдим Хорезм, Бухарды,
Даңқы шыққан көп шәҳәрди,
Күйик пенен шаш ағарды,
Өттиң бе бастан өмирим.

Жүрип келе алмай жырақтан,
Кем емес боп қулбарақтан,
Астыма дизе қулақтан.
Қайғыда жүрген күнлерим.

Отырсам болдым опақ,
Тура келсем болдым сопақ,
Күнлер қайда апақ-шапақ,
Өттиң бе бастан өмирим?

Жүриўге мәдар қалмады,
Бир күнше дүнья болмады,
Айтқанымды ҳақ қылмады,
Әўере болған күнлерим.

Адам менен болмай исим,
Түсти қалмай барлық тисим,
Бул дүньядан еттим тәслим,
Өтти дәўраным, өмирим.

Сөзлер айтсам көкей кесер,
Жигирма бес жинли ҳәсер,
Өткен күнлер ядқа тусер,
Өттиң бе бастан өмирим.

Мени айыплы қылмаңлар,
Наданның тилин алмаңлар,
Ондайларға көз салмаңлар,
Өтти дүньядан өмирим.

Дүньяға келип не көрдим,
Қайда болдым, қайда жүрдим,
Кимлер менен сана сүрдим,
Өттиң бе енди өмирим?

Аңла бул сөзди халайық,
Айтпақлық бизге ылайық,
Барлығын жария қылайық,
Өтти дүньядан өмирим.

Өлсең қәдирленер сөзиң,
Қапа болма дағлы өзиң,
Қайырлы болсын бул изиң,
Өттиң дүньядан өмирим.

Ким едиң сен Бердимурат?
Айтпа өтирик болар уят,
Биреўлер пәс, биреўлер зыят,
Өтип тур енди өмирим.

Бах, я әжел жетсе дедим,
Залым шырағы өшсе дедим,
Сонша налып қайғы жедим,
Өттиң дүньядан өмирим.

Ҳаққа налыс еткил енди,
Әрман менен кеткил енди,
Айтар сөзиң пүткил енди,
Өтти дүньядан өмирим.

Келме-кетпели сөз айттым,
Я билмеймен терис қайттым,
Пирге дақыл басым шаттым,
Өтти қәпесте өмирим.

Разы болың халықларым,
Кеўлимде кетти дағларым,
Әперди атын жанларым,
Өтти дүньядан өмирим.

Бердимурат халықтың қулы,
Саҳрада өскен бүлбили,
Жазылды бул жылқы жылы,
Хош бол, қайғылы өмирим.

Фиған – муң-зар.


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ТАРИЙХЫЙ ПОЭМАЛАРЫ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ОЙЛАНБА
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.