Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

АЙРАЛЫҚ (AYRALIQ)

Баўырымды гирян етти,
Залым айралық-айралық.
Кеўлимди ўайран етти,
Залым айралық-айралық.

Басыма түсип әламат,
Қутыла алмастай саламат,
Көрсетти бизге кәрамат,
Залым айралық-айралық.

Айралықтың жәбири өтти,
Жылай-жылай бәри кетти,
Азы-кем айтсақ не етти,
Залым айралық-айралық.

Көллерим бар, көллерим бар,
Көп ўрыўлы еллерим бар,
Не бир жаман ислериң бар,
Залым айралық-айралық.

Енди сени көрмек жоқты,
Тәрийп етсем ылайықлы,
Мен айтаман халайықты,
Залым айралық-айралық.

Айралық деген үлкен дәрт,
Сабыр етпесе оған мәрт,
Кеўлине өлгенше дәрт,
Залым айралық-айралық.

Дослар ырза болған менен,
Қаўмы-қардаш туўған менен,
Зәрре ўайым қылған менен,
Не пайда жаман айралық.

Айралықтың жәбири жаман,
Баста ҳәр күн ақырзаман,
Бурында Баҳрам, Гүландам,
Булар айралық-айралық.

Айрылып тәнде күшиңнен,
Ҳеш бир алалмай өшиңнен,
Жанып бәрҳама ишиңнен,
Жүргизер залым айралық.

Айралықтың жәбири өтер,
Өлмесе бир нәўбет жетер,
Айтқыл кеўил парқын нетер?
Залым айралық-айралық.

Кеўлиңде тутсаң налышты,
Баян әйлеп жазы-қысты,
Биреўдиң жанса сол пушты,
Залым айралық-айралық.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: КЕЛИН
Алдынғы бөлимге қайтыў: КӨРИНДИ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.