Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

КӨРИНДИ (KÓRÍNDÍ)

Бул дүнья қурысын көз жетпес жериң,
Айтыўға тил жетип, тарқамас шериң,
Ашлықтың азабын көрдилер елим,
Жер бети аядай маған көринди.

Жарғанат жүр үсти қызыл, пәри жоқ,
Тамақ табар тық-тықтайын кәри жоқ,
Суўықта жүрерге оның ҳалы жоқ,
Жаз күнлери қыстай болып көринди.

Жорға жүрмел, тулпар киби жүйриклер,
Адамзатқа шад болғанда кереклер,
Бағы-ҳәрем, бақша ҳәм де тереклер,
Көзлериме шеңгел шелли көринди.

Ҳалын билмей зикир айтып «аллалар».
Адамларды алдап, бәрҳа оллалар,
Суўпы, ийшан, аҳун және моллалар,
Көзлериме шайтан яңлы көринди.

Бул дүнья тарылды, аламат болды,
Көрмеди думаннан муҳминлер жолды,
Бизден бурын неше заманлар болды,
Өткен дүнья бир пул шелли көринди.

Адамға мийримсиз жәлладлар, жаўлар,
Халықты көп жылатқан аталық, ханлар,
Басқа аўыр қайғы салды залымлар,
Көзлериме шаян-жылан көринди.

Көринди-көринди өзимдей ғәрип,
Ақша жүзи солғын тартып сарғайып,
Ағалар бул исти көрмеңлер айып,
Бәршеси көзиме ялған көринди.

Думан тарқап күнниң көзи көринсе,
Жорға минген омбасына сүринсе,
Бахыт анық келсе, я түске енсе,
Бир жасым он жылға татыр көринди.

Дүнья десең қара жумбай көзиңди,
Зулматлары отқа тартар өзиңди,
Пәтиўасыз етер залым сөзиңди,
Заман маған зиндан киби көринди.

Әдалат жоқ беги-патша, ханларда,
Хош кеўил жоқ, ғәрип, пақыр инсанда,
Бизлер шыққан бул ўапасыз дүньяда,
Ҳәр бири көзиме ялған көринди.

Бердимурат шайыр және тапқыл сөз,
Сен айланып жан-жағыңа жибер көз,
Киятырмыз әрман менен жүрип тез,
Дүнья айланған бир пәлек көринди.

Дүньясы қурысын қазан урғандай,
Жасаўыллар найза алып турғандай,
Қара басқа ақыр заман қурғандай,
Заман маған қара думан көринди.

Маҳитабан емес, мажнун көринди,
Шапқан атым арықлықтан сүринди,
Кем-кемнен аңланар сөзлерим енди,
Бәршеси дүньяның ялған көринди.

Бул дүнья, керекдур өлгенше бенде,
Азаплар шегемен залымнан күнде,
Жаным аман жүрсе бул шийрин тәнде,
Залымлардың иси пинҳан көринди.

Ойлан, Бердимурат, заман тарылды,
Жүреклерим солғын тартты, жарылды,
Мен сорлының жолы жаман тарылды,
Заман ҳәр бир жерде жаман көринди.

Мен налыйман заманым тур тарылып,
Жарымадық ислесек те сарылып,
Жерменлер жоғалса, қарны жарылып,
Деген тилек досларымда көринди.

Ойлан, Бердимурат, қысқарт сөзиңди,
Қысқартпасаң топырақ басар жүзиңди,
Залымлар көрсетпес басқан изиңди,
Жамалың бир саат мийман көринди.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: АЙРАЛЫҚ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ИЗЛЕР ЕДИМ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.