Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ИЗЛЕР ЕДИМ (ÍZLER EDÍM)

Табылса маған керек зат,
Аяқ жетсе излер едим,
Кейингиге қалдырып ат,
Бойды жазып сөйлер едим.

Ағалар, керек затым бар,
Жүректе толған дәртим бар,
Қайтпаған мениң пәтим бар,
Бойым жазып сөйлер едим.

Билген адам маған келсе,
Мениң бул дәртимди билсе,
Мен айтайын тыңлай билсе,
Дәртке даўа излер едим.

Бедеў минип шапқан әлўан,
Гүрес болса айырар палўан,
Сүриў өмирлик дәўран,
Болса соны излер едим.

Ҳаққа налыс етейин мен,
Өтирик айтып нетейин мен.
Елди излеп кетейин мен,
Бир имканын гөзлер едим.

...Ол жоғалған мениң ағам,
Жыртылмаса егер жағам,
Аққан билим-булақ сағам,
Табылғанша излер едим.

Ықлас берип ондай сөзге,
Жибермей жеңил минезге,
Түсиў ушын бизиң көзге,
Керегимди излер едим.

Излейтуғыным туўған иним,
Думан басқан ай ҳәм күним,
Шығарыўға еркин үним,
Өлгенимше излер едим.

Излер едим мен атамды,
Кешириң болса қәтемди,
Шад қылыўға елатымды,
Бахыт жолын излер едим.

Қапылса да дүнья сонша,
Тартынбастан оған онша,
Сайыр етип табылғанша,
Досларымды излер едим.

Ханаласым, қарындасым,
Саўдаларға түсти басым,
Мәрт жигит болғай жолдасым,
Қәўендерди излер едим.

Қарындас маған қәўендер,
Үстиме жабар ҳасыл зер,
Айтар көрген рахметлер,
Досларымды излер едим.

Шам-шырақтай гүл жүзлери,
Жан алар жадыў көзлери,
Дәртке даўа минезлери –
Адам болса излер едим.

Бириккенде нешше арыс,
Әлҳаббиз деп айтар алғыс,
Излегеним мениң жолбарыс,
Нағыз шерди излер едим.

Егер тапсам ол шерлерди,
Өзгертер едим түрлерди,
Гүлистан етип жерлерди,
Дүнья жүзин излер едим.

Сизлердей мен де адамман,
Бирақта көзсиз сонаман,
Соған дым күйип жанаман,
Бахыт болса излер едим.

Жолынан адасып қалған,
Муҳминлерге сәрдар болған,
Ғәрип-қәсер қолтықлаған,
Мийримлини излер едим.

Ойланып тапқыл жолыңды,
Созба ҳаўаға қолыңды,
Сәрдар болар ақыллыны,
Тапқанымша излер едим.

Ҳәмде көп көрген қарияны,
Халыққа мәлим жарияны,
Яки теңизди, дәрьяны,
Кешип өтип излер едим.

Сабырлыққа байлап белди,
Аралап Қоңырат, Қытай елди,
Ҳәмде қоймай теңиз көлди,
Излегенде табармедим?

Шар китаптан тура қаштым,
Наўайыдан саўат аштым,
Физулиден дүрлер шаштым,
Дилўарларды излер едим.

Мақтымқулыны оқығанда,
Айтар едим ҳәр заманда,
Кемис барма беглер онда,
Сөзин таўап қылар едим.

Тапсам излеген досымды,
Жақыннан салып қосымды,
Саўдаға салмай басымды.
Ҳақыйқатлық излер едим.

Қаратаў алдымнан келсе,
Әйдарҳасы адам жесе,
Адамның парқын ол билсе,
Ҳақыйқатлық ислер едим.

Мен өзим бийкар емеспен,
Алыстан қайғы жемеспен,
Ҳаслан ялған сөйлемеспен,
Бахыт болса излер едим.

Берсе маған Дағыстанды,
Не қыламан зимистанды,
Жақсы десе Ҳиндстанды,
Бахыт ушын излер едим.

Мен етпейин ҳасла қаҳар,
Өлсем де бир келер бәҳәр,
Яки излесем барып Бухар,
Қандайларды табар едим.

Халқым ушын салып күшти,
Алыўға залымнан өшти,
Араласам Ургеничти,
Яранларды излер едим.

Жолдас ертип жолға шықсам,
Дәрьядай бир толып тассам,
Жақсылардың аўзын бақсам,
Сөз маржанын дизер едим.

Сездирместен бий ҳәм ханға,
Ҳәм оларға жақын ханға,
Ата журты Түркстанға,
Барып жоқты излер едим.

Ойлан сөзди алға қарап,
Оған барар ҳалға қарап,
Шыққыл үйден жолға қарап,
Жолды тапсам излер едим.

Бердимурат изле-изле,
Жақсы жолды тезден гөзле,
Көп ишинде жақсы сөзле,
Деп айтқанда билер едим.

Ойланып тапсам жүйесин,
Бетине жағып күйесин,
Сум душпанның несийбесин,
Кесиў жолын излер едим.

Жоғымнан таппадым дерек,
Басылмады ҳеш ўақ жүрек,
Мен сорлыға дәўран керек,
Сол дәўранды излер едим.

...Заман қалай заман болды?
Қарағай басын шортан шалды,
Бирнешеден кеўлим қалды,
Жарық жолды излер едим.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: КӨРИНДИ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ЖАЗ КЕЛЕРМЕ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.