Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ЖАЗ КЕЛЕРМЕ (JAZ KELERME)

Даўыл болды, үргин үрди,
Қосымның қамысын түрди,
Думан басты аспан, жерди,
Пухараға жаз келер ме?

Жанымды алды сыран суўық,
Зарпынан жарылды уўық,
Өмиринше көрген хорлық,
Пуқараға бақ келер ме?

Тамағым жоқ ишерге,
Көлигим жоқ көшерге,
Төсегим жоқ төсерге,
Биз сорлыға жаз келерме?

Жүрген жерим Айырша атаў,
Аяғыма салды матаў,
Қай ўақытта тарқар татаў,
Бул хорлықтан ҳәз келер ме!

Ағалар бул ис әбести,
Қашан жыйнар адам ести,
Теңизлер сеңге сирести,
Бул ўақытта жаз келер ме?

Теңиз ашшы суў сорлақ дуз,
Қостың иши болып тур муз,
Ең жаманы болып тур гүз,
Қыслар өтип, жаз келер ме?

Арқам Тоқтас суўы терең,
Адам бармас үлкен өзен,
Аўыр мийнет женшип жүрген,
Пуқараға жаз келер ме?

Жалайыр көпир бойында,
Күн кешер ҳал қыйында,
Адамның усы ойында,
Қыслар өтип жаз келер ме?

Қара суўық қысты елди,
Бултлар басып теңиз көлди,
Әбдижәмийдиң улы өлди,
Биз сорлыға жаз келер ме?

Аспан/жерди бастылар булт,
Сиреспе болды дүнья-журт,
Етемен еле де үмит,
Биз сорлыға жаз келер ме?

Бизлерде болмады жарақ,
Аўқатымыз қарабарақ,
Қудай болды жалғыз шабақ,
Усы ўақта жаз келер ме?

Аўылда маллар қалмады,
Сыран суўықлар жалмады,
Сыран тарқар ўақ болмады,
Аласатта жаз келер ме?

Елиме жаман дус болды,
Мениң айтарым қыс болды,
Алтын-гүмислер мыс болды.
Пуқараға жаз келер ме?

Қызыл тилим болды айғақ,
Аяқ бассам бар жер тайғақ,
Көз жиберип деймен қай ўақ.
Биз сорлыға жаз келер ме?

Көсилип жатар үйим жоқ.
Ийинге тартар кийим жоқ.
Тоқтан бизлерге буйым жоқ,
Биз сорлыға жаз келер ме?

Жалғыз туўысқан ағамның,
Аққан дәрьядай сағамның,
Өкпе менен қолқамның,
Баласы өлди жаз келер ме?

Бул ялғаншы дүнья қайда,
Табалмадық излеп пайда,
Бундай азап бәрҳа ойда,
Шықпай өтер жаз келер ме?

Қараңлар ҳасыл-затыма,
Фарьяд еткен шын дадыма,
Келиси болмай елатыма,
Ақыры болды жаз келер ме?



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ИЗЛЕР ЕДИМ
Алдынғы бөлимге қайтыў: БИЛМЕДИМ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.