Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

БИЛМЕДИМ (BÍLMEDÍM)

Бул дүнья тарма, кең бе?
Ойлап мәнисин билмедим,
Бул өмирлер маған теңбе?
Не боларымды билмедим.

Айрылдым жалғыз қостардан,
Қуба қосақсыз қошқарман,
Асалмай қалдым асқардан,
Не боларымды билмедим.

Артымда аға-иним жоқ,
Жүрегимнен өтип жүр оқ,
Өтер басымнан дүнья б...
Не боларымды билмедим.

Өтер болдым өз дәўраным,
Шығар болды шыбын жаным,
Ағар болды қызыл қаным,
Не боларымды билмедим.

Белимде мәдар қалмады,
Көзим қызыққа тоймады,
Заман қайғымды жоймады,
Не боларымды билмедим.

Жастан айрылдым анадан,
Жетим қалдым ҳәм атадан,
Жуда болдым ғой панадан,
Не боларымды билмедим.

Үстимде жаман ылашық,
Оның да бар жери ашық,
Дүнья маған болды қашық.
Не боларымды билмедим.

Жүзим сарғайды қападан,
Өмирим хорланды қападан,
Жаңылдым нағып тобадан,
Не боларымды билмедим.

Жүрип душпанлар изимнен,
Айырды жақсы күнимнен,
Ләтте түспеди ийнимнен,
Не боларымды билмедим.

Аға беглер қулақ салып,
Мендей болмағай ҳалың,
Өлеғойсам еске алың.
Не боларымды билмедим.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ЖАЗ КЕЛЕРМЕ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ДӘЎРАН
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.