Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ДӘЎРАН (DÁWRAN)

Келген соң адам көп жасқа,
Қартайған соң болар қәсте,
Гүңгиртленип көзли жаста,
Бул басымнан өттиң дәўран.

Тынлаң қурбы ҳәм қурдасым,
Жигирма бес өтти жасым,
Қайғыда болды бул басым,
Әрманлықта өттиң дәўран.

Мени салдың жанған отқа,
Өкпемди ҳәм қойып партқа,
Кем тасладың бизди артқа,
Сөйтип бизден өттиң дәўран.

Бай болмадым жыйнап малды,
Бий болмадым салып барды,
Бәри меннен арта қалды,
Кереги жоқ ондай дәўран.

Байға бардың, бахыт болдың,
Сынбайтуғын сахыт болдың,
Жөнин таптың қыйсық жолдың
Ҳәркимлерге кеттиң дәўран.

Жарлы адамға жантаспайсаң,
Көпке дейин уялмайсаң,
Қалай-аў деп ойланбайсаң,
Бизден қашып жүрсең дәўран.

Астымда жоқ көлик ешек,
Төсенгеним топырақ, кесек,
Малы жоқты еттиң өсек,
Күлки еттиң бизди дәўран.

Ата-анама келмедиң,
Бизге мал-ҳалды бермедиң,
Көзлердиң жасын көрмедиң,
Бул басымнан өттиң дәўран.

Енди маған керегиң жоқ,
Жүрегимнен өткенде оқ,
Басымнан өтти дүнья б...
Қашсаң жолың болсын дәўран.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: БИЛМЕДИМ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ЗАМАНДА
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.