Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ЗАМАНДА (ZAMANDA)

Шаққан аяқ басып хызмет етпесең,
Күн көриў қыйындур бундай заманда,
Ойлап-ойлап мақсетиңе жетпесең,
Күнлер көриў қыйын бундай заманда.

Азаматлар, аяғыңды шаққан бас,
Шаққанлап баспасаң, көзден ағар жас,
Мениң менен болмасаңда шын жолдас,
Нәзер салың сумы шыққан заманға.

Аман жүриң қолыңыздан келселер,
Адам болып, ар-намысты билсеңлер,
Душпанның қолынан биреў өлселер,
Тек әйтеўир қайғырарсаң заманда.

Жолда душпан орды қазып жатарлар,
Қолынан келсе, қәпеслерде тутарлар,
Өзи тиймегенге кесек атарлар,
Қараңғы қаплаған қайғы заманда.

Көллер жүда болды өрдек, сонадан,
Ерлер жүда болды қатын-баладан,
Қыз-жаўан айырылды ата-анадан,
Қараңғы қаплаған қайғы заманда.

Суўға сәўле салған көкте жулдызлар,
Саяда отырған нәзәлим қызлар.
Ядыма түскенде, баўырым сызлар,
Қайсы бағдың анары бар заманда.

Шежиреден көрдим өткен күнлерди,
Ғәрип-қәсер азап көрген түнлерди,
Азап берип, душпан езген еллерди,
Қараңғы қаплаған қайғы заманда.

Душпаннан ҳеш ўақыт алма аманат,
Көтерерсең ақырында жаман ат,
Бул заманлар болып атыр әләмат,
Кимсе ғамгин, кимсе шад бул заманда.

Сапар етсең, аман-есен келгейсең,
Ар-намысты өлгениңше билгейсең,
Журт тиймесе өзиң қарап жүргейсең,
Қыйын болар ҳаллар бундай заманда.

Байлаўлыдур бул заманда қолларың,
Бердимурат қыйын сениң ҳалларың,
Ашылмады сениң жүрген жолларың,
Әрман менен кетер болдың заманда.

Залымлар езип жүр халықларды сансыз,
Бетинде қаны жоқ, гилең иймансыз,
Мөмин қуллар отыр телмирип нансыз,
Душпанлар жәбири өтти заманда.

Бул дүньяда жүрген менен пайда жоқ,
Шадланармыз деген енди ойда жоқ,
Ғәриплерге ҳайт-мереке, той да жоқ.
Келин зийнет таппас бундай заманда.

Жылдан-жылға заман териске айланды,
Жол таба алмай ақыллылар ойланды,
Жүйрик, шешен тиллеринен байланды,
Қараңғы қапланған қайғы заманда.

Қыз-жаўанлар еркин дәўран сүрмеди,
Шағлап күлип, теңи менен жүрмеди,
Шәрият деп, оларға жол бермеди,
Қараңғы қаплаған қайғы заманда.

Мен өлмеспен, сөзим жүрер бәрҳама,
Туўысқаны көп адам жаўдан қорқама?
Залымлардан қорықпай сен ҳәм бир шағла.
Шағлаўға жол болмаса да заманда.

Дуўтарымды шертип қосық айтаман,
Нама салып, дуўтарыма қосаман,
Азап пенен ел журтыма қайтаман,
Қараңғы қаплаған қайғы заманда.

Бердимурат қойғыл, болмағыл, ҳәси,
Аяққа киймедиң бир жақсы мәси,
Шаппаттай нан болды, сөзимниң бәси,
Нан таба алмай кеттиң қайғы заманда.

Ойласаң бул дүнья бийпаян екен,
Душпан иси халыққа көп зыян екен,
Байлар – қасқыр, түлки, халық – қоян екен,
Қараңғы қаплаған қайғы заманда.

Өз басыма отырып, әрман етермен,
Сөзимди оқысам, фәрман етермен.
Қосық айтып әрман менен кетермен,
Бир жазылып айта алмадым заманда.

Ҳәсиге кетпейин, тоба етейин,
Ҳәй, ағалар, өтирик айтып нетейин,
Өлсем сөзим қалар, айтып кетейин,
Сөзим орын алар қайсы заманда?



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ДӘЎРАН
Алдынғы бөлимге қайтыў: БОЛҒАН ЕМЕС
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.