БОЛҒАН ЕМЕС (BOLǴAN EMES)
Бул дүнья-дүнья болғалы,
Патша әдил болған емес,
Шайырлар қәлем алғалы,
Хатқа туўры салған емес.
Инағыў бектиң баллары,
Бәрқулла жетти қоллары,
Қыйсық болса да жоллары,
Ҳеш ўақ ҳарып-талған емес.
Кетпен урсаң да тамырына,
Қара ҳәр истиң сабырына,
Қол алсақ да дабырына,
Ҳәргиз гүли солған емес.
Болмады айтқан нийетим,
Қор қылып мынаў үмметим.
Жылай-жылай барлық жетим,
Жыламас ўақ болған емес.
Қәдирсиз ғәриптиң жаны,
Сүрмеди заўқы-сапаны,
Иштеги қайғыў-жапаны,
Жоқ қылар ўақ болған емес.
Кеўлиме қайғы толтырып,
Жетимниң гүлин солдырып,
Өзлери наймыт болдырып,
Ҳеш ўақытта қалған емес.
Өзлерине жақынлардан,
Қаўми-қарындашы туўғаннан,
Тәбиғасы бақылынан,
Батырып ҳеш алған емес.
Бизиң халықтың бийлери,
Саздур жаҳанда үйлери,
Таймастай ҳеш ўақ гуйлери,
Дуўры жуўап айтқан емес.
Басқанда уллы қонысты,
Еткенде барып жумысты,
Ҳәм мақтап Қүлен болысты,
Ағаң сарпай алған емес.
Қолда барды тартып алды.
Бәле-мәтер артып алды,
Айтысқан жоқ жатып алды,
Оны ҳеш ким билген емес.
Сондай болса да жумыр бас,
Жарылмады бул қара тас,
Көзимнен ақты қанлы жас,
Ҳеш ким келип сүрткен емес.
Мениң бул айтқан сөзлерим,
Сөзим емесдур өзлерим,
Жумылғанша көзлерим,
Ҳеш ўақ жассыз болған емес.
Зая өткердим өмиримди,
Көп тиледим жүримимди,
Бастан өткен күнлеримди,
Ҳеш бир адам билген емес.
Биразлар жүдә зор болды,
Биразлар жүдә қор болды.
Лашынға қурған тор болды.
Торды ҳешким үзген емес.
Қарағай емес, сөкит болдым,
Қартаң емес, жигит болдым,
Таўдан ушқан бүркит болдым,
Қонар жерим болған емес.
Жарғанат болдым пәри жоқ.
Жылан болдым зәри жоқ,
Жансыз болдым кәри жоқ,
Оны адам билген емес.
Сыбызғы болдым, саз болдым,
Үним шықпады, аз болдым,
Палапан емес, ғаз болдым,
Қонарға көл болған емес.
Узын емес ырғай болдым,
Барлық сөзде шырғай болдым,
Дән жоқ жерде торғай болдым,
Оны ҳеш ким билген, емес.
Гүл болдым, гүл жайнамадым,
Ойшыл болдым, ойламадым,
Бүлбил болдым, сайрамадым,
Ҳәдийсе аз болған емес.
Мурыны жоқ пушық болдым,
Мағызы жоқ ушық болдым,
Қырғыйдан қашқан шымшық болдым.
Қашарға жер болған емес.
Қарағай емес қайың болдым,
Бақшада лаладай солдым,
Семсер алып, сермер болдым,
Оны ҳеш ким билген емес.
Қаршыға болдым қорықтым,
Томағам болып торықтым.
Тастай түнекте жабықтым.
Ҳеш ким қәдирим билген емес.
Мал отысы – боян болдым,
Қустан қашқан қоян болдым,
Досларыма зыян болдым,
Оны ҳеш ким билген емес.
Селсиз күни жаўын болдым,
Сәнсиз ескен даўыл болдым.
Түйнек салған қаўын болдым,
Шошқасыз күн болған емес.
Аўзын урадай ашқаны,
Абройының қашқаны,
Ҳеш ўақытта шошқа-шошқаны,
Аўызласып жарған емес.
Шошқа шайнап билегимди,
Жарып мениң жүрегимди.
Бәрҳа түйип түйнегимди,
Урқанды жайдырған емес.
Көкейимди кеспесе де,
Қайғы уўайым жеспесе де,
Мени сорып теспесе де,
Тескеннен кем қылған емес.
Бәзирген өтти, дүньядан,
Гөруғлы кеткен жутып қан,
Ақыры әжел болды зиндан,
Гөрине ҳеш ким кирген емес.
Залымлардың жәбири өтти,
Жылай-жылай есим кетти,
Неге бунша сорлы өтти,
Жақты күним болған емес.
Биразлар аш, биразлар тоқ,
Тоқ адамның қайғысы жоқ,
Аш адамның уйқысы жоқ,
Оны тоқлар билген емес.
Аспанды қара булт басып,
Ғаплетте бенделер сасып,
Ғәриплердиң бақты асып,
Ҳеш ўақытта шалқыған емес.
Баўырлас баўыр, ханамда,
Ғамқорым мениң панамда,
Туўған ғәрийп ол анамда,
Қалың мал ҳеш болған емес.
Бурынғылар, көрген екен,
Бөгет болып жүрген екен,
Атам тухым берген екен,
Қалың малы болған емес.
Ата-бабам малды жыйнап,
Шыбын жанын бәрҳа қыйнап,
Шақақласып күлип ойнап,
Ашлықтан жалшыған емес.
Қарақалпақтың ҳалқы бүлип,
Қоңсы отырған еди күлип,
Биразлары жолда өлип,
Жүз жыл қоныс басқан емес.
Қарақалпақ халық болғалы,
Халық атағын алғалы,
Ҳақтағала жол салғалы,
Бир теңликти алған емес.
Бүлген ел қарақалпақ болды.
Қырылса да урпақ болды,
Бердимурат–Бердақ болды,
Дағын ҳешким билген емес.
Ийшанларда мириўбет жоқ,
Бай-бийлерде сақаўат жоқ,
Бул күнде саў-саламат жоқ,
Халық саламат болған емес.
Биразлардың кеўли хошты,
Залымлар шалқыды, йошты,
Қанат байлап көкке ушты,
Олар ҳеш зар болған емес.
Мен-менликтен заўал таптым,
Кем-кемнен камал таптым,
Залым сөзин ғаўал таптым,
Ықрарын ол билген емес.
Аға-беглер сыртым пүтин,
Ишим жанып болды түтин,
Асырып залымлар ҳәддин,
Ҳеш бир рәҳим қылған емес.
Болған емес жақты бирақ,
Жақын жерим болды жырақ,
Астымдағы ғашырым пырақ,
Атқа тең келген емес.
Бул дүньяға келген адам,
Қайғы ҳәсиретке берип шыдам.
Бой жазалмай кеттик мудам,
Билмей ҳеш ким қалған емес.
Бул дүнья-дүнья болмады,
Әрмансыз ашлар болмады,
Душпанның гүли солмады,
Тилегим ҳеш болған емес.
Бердимурат мениң өзим,
Алды-артымды көрмес көзим,
Тахиқ шежиредур сөзим,
Бирақ қәдирим болған емес.
Досқа-дослар зыян етпең,
Ўапасызға паян етпең,
Жолдан шығып ҳәргиз кетпең.
Жолдан шыққан оңған емес.
Етсемде халыққа ылайық,
Желкемди қыйды бийдайық,
Бул сөз кеўлиме пайық,
Буны ҳеш ким билген емес.
Ҳай, яранлар, мусылманлар,
Дүньядағы мөҳмин жанлар,
Қаўми-қардаш, дос-яранлар,
Ҳеш ўақ тилек болған емес.
Тилек қабыл болар қашан?
Кимлер ара, кимлер ийшан,
Кетермиз бе биз бийнышан,
Паяны ҳеш болған емес.
Бул дүнья қайғыў, ғаплетти,
Адамларды әўере етти,
Нешелердиң басына жетти,
Ҳеш бир әдил болған емес.
Ғәрип-қәсер пақырларға,
Көрмейтуғын соқырларға,
Ҳеш ўақыт мүҳмин қулларға,
Ҳеш жақтылық болған емес.
Өлген өлди, өлмегенлер,
Бул дүньяға келмегенлер,
Ақырет азап көрмегенлер,
Ҳеш ўайым қылған емес.
Бул дүньяның дәрти жаман,
Қуўан, басың болса аман,
Түсти басқа ақыр заман,
Инан дослар ялған емес.
Бул заманның түри бетер,
Ҳәр ким бастың ғамын етер,
Қара думан қашан кетер?
Сөнген шырақ жанған емес.
Дүньяға келдим не көрдим!
Қайғы-ҳәсиретте көп жүрдим,
Ада болмас иштеги дәртим,
Ҳеш ким көзин салған емес.
Бердимурат мениң өзим,
Күнхожаны көрди көзим,
Еситтим Әжинияздың сөзин,
Олар да шад болған емес.
Патша әдил болған емес,
Шайырлар қәлем алғалы,
Хатқа туўры салған емес.
Инағыў бектиң баллары,
Бәрқулла жетти қоллары,
Қыйсық болса да жоллары,
Ҳеш ўақ ҳарып-талған емес.
Кетпен урсаң да тамырына,
Қара ҳәр истиң сабырына,
Қол алсақ да дабырына,
Ҳәргиз гүли солған емес.
Болмады айтқан нийетим,
Қор қылып мынаў үмметим.
Жылай-жылай барлық жетим,
Жыламас ўақ болған емес.
Қәдирсиз ғәриптиң жаны,
Сүрмеди заўқы-сапаны,
Иштеги қайғыў-жапаны,
Жоқ қылар ўақ болған емес.
Кеўлиме қайғы толтырып,
Жетимниң гүлин солдырып,
Өзлери наймыт болдырып,
Ҳеш ўақытта қалған емес.
Өзлерине жақынлардан,
Қаўми-қарындашы туўғаннан,
Тәбиғасы бақылынан,
Батырып ҳеш алған емес.
Бизиң халықтың бийлери,
Саздур жаҳанда үйлери,
Таймастай ҳеш ўақ гуйлери,
Дуўры жуўап айтқан емес.
Басқанда уллы қонысты,
Еткенде барып жумысты,
Ҳәм мақтап Қүлен болысты,
Ағаң сарпай алған емес.
Қолда барды тартып алды.
Бәле-мәтер артып алды,
Айтысқан жоқ жатып алды,
Оны ҳеш ким билген емес.
Сондай болса да жумыр бас,
Жарылмады бул қара тас,
Көзимнен ақты қанлы жас,
Ҳеш ким келип сүрткен емес.
Мениң бул айтқан сөзлерим,
Сөзим емесдур өзлерим,
Жумылғанша көзлерим,
Ҳеш ўақ жассыз болған емес.
Зая өткердим өмиримди,
Көп тиледим жүримимди,
Бастан өткен күнлеримди,
Ҳеш бир адам билген емес.
Биразлар жүдә зор болды,
Биразлар жүдә қор болды.
Лашынға қурған тор болды.
Торды ҳешким үзген емес.
Қарағай емес, сөкит болдым,
Қартаң емес, жигит болдым,
Таўдан ушқан бүркит болдым,
Қонар жерим болған емес.
Жарғанат болдым пәри жоқ.
Жылан болдым зәри жоқ,
Жансыз болдым кәри жоқ,
Оны адам билген емес.
Сыбызғы болдым, саз болдым,
Үним шықпады, аз болдым,
Палапан емес, ғаз болдым,
Қонарға көл болған емес.
Узын емес ырғай болдым,
Барлық сөзде шырғай болдым,
Дән жоқ жерде торғай болдым,
Оны ҳеш ким билген, емес.
Гүл болдым, гүл жайнамадым,
Ойшыл болдым, ойламадым,
Бүлбил болдым, сайрамадым,
Ҳәдийсе аз болған емес.
Мурыны жоқ пушық болдым,
Мағызы жоқ ушық болдым,
Қырғыйдан қашқан шымшық болдым.
Қашарға жер болған емес.
Қарағай емес қайың болдым,
Бақшада лаладай солдым,
Семсер алып, сермер болдым,
Оны ҳеш ким билген емес.
Қаршыға болдым қорықтым,
Томағам болып торықтым.
Тастай түнекте жабықтым.
Ҳеш ким қәдирим билген емес.
Мал отысы – боян болдым,
Қустан қашқан қоян болдым,
Досларыма зыян болдым,
Оны ҳеш ким билген емес.
Селсиз күни жаўын болдым,
Сәнсиз ескен даўыл болдым.
Түйнек салған қаўын болдым,
Шошқасыз күн болған емес.
Аўзын урадай ашқаны,
Абройының қашқаны,
Ҳеш ўақытта шошқа-шошқаны,
Аўызласып жарған емес.
Шошқа шайнап билегимди,
Жарып мениң жүрегимди.
Бәрҳа түйип түйнегимди,
Урқанды жайдырған емес.
Көкейимди кеспесе де,
Қайғы уўайым жеспесе де,
Мени сорып теспесе де,
Тескеннен кем қылған емес.
Бәзирген өтти, дүньядан,
Гөруғлы кеткен жутып қан,
Ақыры әжел болды зиндан,
Гөрине ҳеш ким кирген емес.
Залымлардың жәбири өтти,
Жылай-жылай есим кетти,
Неге бунша сорлы өтти,
Жақты күним болған емес.
Биразлар аш, биразлар тоқ,
Тоқ адамның қайғысы жоқ,
Аш адамның уйқысы жоқ,
Оны тоқлар билген емес.
Аспанды қара булт басып,
Ғаплетте бенделер сасып,
Ғәриплердиң бақты асып,
Ҳеш ўақытта шалқыған емес.
Баўырлас баўыр, ханамда,
Ғамқорым мениң панамда,
Туўған ғәрийп ол анамда,
Қалың мал ҳеш болған емес.
Бурынғылар, көрген екен,
Бөгет болып жүрген екен,
Атам тухым берген екен,
Қалың малы болған емес.
Ата-бабам малды жыйнап,
Шыбын жанын бәрҳа қыйнап,
Шақақласып күлип ойнап,
Ашлықтан жалшыған емес.
Қарақалпақтың ҳалқы бүлип,
Қоңсы отырған еди күлип,
Биразлары жолда өлип,
Жүз жыл қоныс басқан емес.
Қарақалпақ халық болғалы,
Халық атағын алғалы,
Ҳақтағала жол салғалы,
Бир теңликти алған емес.
Бүлген ел қарақалпақ болды.
Қырылса да урпақ болды,
Бердимурат–Бердақ болды,
Дағын ҳешким билген емес.
Ийшанларда мириўбет жоқ,
Бай-бийлерде сақаўат жоқ,
Бул күнде саў-саламат жоқ,
Халық саламат болған емес.
Биразлардың кеўли хошты,
Залымлар шалқыды, йошты,
Қанат байлап көкке ушты,
Олар ҳеш зар болған емес.
Мен-менликтен заўал таптым,
Кем-кемнен камал таптым,
Залым сөзин ғаўал таптым,
Ықрарын ол билген емес.
Аға-беглер сыртым пүтин,
Ишим жанып болды түтин,
Асырып залымлар ҳәддин,
Ҳеш бир рәҳим қылған емес.
Болған емес жақты бирақ,
Жақын жерим болды жырақ,
Астымдағы ғашырым пырақ,
Атқа тең келген емес.
Бул дүньяға келген адам,
Қайғы ҳәсиретке берип шыдам.
Бой жазалмай кеттик мудам,
Билмей ҳеш ким қалған емес.
Бул дүнья-дүнья болмады,
Әрмансыз ашлар болмады,
Душпанның гүли солмады,
Тилегим ҳеш болған емес.
Бердимурат мениң өзим,
Алды-артымды көрмес көзим,
Тахиқ шежиредур сөзим,
Бирақ қәдирим болған емес.
Досқа-дослар зыян етпең,
Ўапасызға паян етпең,
Жолдан шығып ҳәргиз кетпең.
Жолдан шыққан оңған емес.
Етсемде халыққа ылайық,
Желкемди қыйды бийдайық,
Бул сөз кеўлиме пайық,
Буны ҳеш ким билген емес.
Ҳай, яранлар, мусылманлар,
Дүньядағы мөҳмин жанлар,
Қаўми-қардаш, дос-яранлар,
Ҳеш ўақ тилек болған емес.
Тилек қабыл болар қашан?
Кимлер ара, кимлер ийшан,
Кетермиз бе биз бийнышан,
Паяны ҳеш болған емес.
Бул дүнья қайғыў, ғаплетти,
Адамларды әўере етти,
Нешелердиң басына жетти,
Ҳеш бир әдил болған емес.
Ғәрип-қәсер пақырларға,
Көрмейтуғын соқырларға,
Ҳеш ўақыт мүҳмин қулларға,
Ҳеш жақтылық болған емес.
Өлген өлди, өлмегенлер,
Бул дүньяға келмегенлер,
Ақырет азап көрмегенлер,
Ҳеш ўайым қылған емес.
Бул дүньяның дәрти жаман,
Қуўан, басың болса аман,
Түсти басқа ақыр заман,
Инан дослар ялған емес.
Бул заманның түри бетер,
Ҳәр ким бастың ғамын етер,
Қара думан қашан кетер?
Сөнген шырақ жанған емес.
Дүньяға келдим не көрдим!
Қайғы-ҳәсиретте көп жүрдим,
Ада болмас иштеги дәртим,
Ҳеш ким көзин салған емес.
Бердимурат мениң өзим,
Күнхожаны көрди көзим,
Еситтим Әжинияздың сөзин,
Олар да шад болған емес.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ЗАМАНДА
Алдынғы бөлимге қайтыў: БЫЙЫЛ
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: