Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

БЫЙЫЛ (BIYIL)

Мураплар алды тилланы,
Айтты олланы-билланы,
Қазбай жылдағы салманы,
Суў там-тарыс болды быйыл.

Суў келмеди көк шыққанда,
Әтшөк қуслар шақырғанда,
Я бақ деп шығыр қурғанда,
Жаплар кеўип қалды быйыл.

Жүз өткенде, егин ектик,
Қарық жарып қаўын тиктик.
Ақыры ийт түйнек жедик,
Жаманлыққа түсти быйыл.

Суў келмеди атызларға.
Әспек болды күши барға,
Ақсақ мурап – ақсақ ғарға.
Байлар менен жүрди быйыл.

Қоян жылы жақынлады,
Жылқы жылы халық шуўлады,
Қорқып жүрегим суўлады,
Сондай қыйын болды быйыл.

Шегиртке жеди арпаны,
Қалыпты тозаң-топаны,
Айырып келип қопаны,
Қабан да жаў болды быйыл.

Жерлеримиз болды аяқ,
Әспекти ашып, жедик таяқ,
Мурап болып өңкей саяқ,
Қасық дәнсиз қалдық быйыл.

Басалайды баса тартып,
Быламыққа шопақ қатып,
Жутым ушын кийим сатып,
Қыйыншылық болды быйыл.

Аштан өлди нешше адам,
Суўыққа да бермей шыдам,
Ашлық болды кетпей мудам,
Бәринен де өтти быйыл.

Аман қоймай усы ҳалға,
Көп адамды салып жолға,
Қазыўға айдады бәрҳа,
Сүргиншилик болды быйыл.

Бардық қазыўға азықсыз,
Жедик таяқты жазықсыз,
Байлаўлы турдық қазықсыз,
Қазыў аўыр болды быйыл.

Ылайды алды, шаққаны,
Таўсылып кимниң тақаны,
Тийди мураптық бақаны,
Сондай қырғын болды быйыл.

Адамлар жүр жалаң аяқ,
Ҳалы оның қалай болмақ,
Мурап сонда да урды таяқ,
Жаман ислер болды быйыл.

Солай болып истиң жөни,
Қозғала алмай, шықпай үни,
Биразлардың қалды көни,
Өлгенлер көп болды быйыл.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: БОЛҒАН ЕМЕС
Алдынғы бөлимге қайтыў: САЛЫҚ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.