Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ХАЛЫҚ УШЫН (XALIQ UShIN)

Жигит болсаң арысландай туўылған,
Хызмет еткил удайына халық ушын.
Жигит болсаң арысландай туўылған,
Қашпас ҳәзге қара бастың ғамы ушын.

Ойлан Бердимурат, айтқыл сөзиңди,
Көтермей лап етип қуры өзиңди,
Қызартпағай биреў сениң жүзиңди,
Қолдан келсе хызмет исле халық ушын.

Жетерсең муратқа хызметлер етсең,
Елатың силтесе, ғайры елге кетсең,
Душпанның ҳәр қашан басына жетсең,
Аямағыл хызметиңди халық ушын.

Жигит болған жигит адам ертеди,
Айтқан сөзин палдан шийрин етеди,
Бир сөз айтса ықырарына жетеди,
Соған мегзес хызмет етер халық ушын.

Залымлар тыңламас мүҳминниң зарын,
Олар ойлар өзлериниң оңарын,
Ҳеш ўақытта залым қолында барын,
Жаратпаслар бар болса да халық ушын.

Ойлы жигит жақсы, билимпаз келер,
Айтқан гәплериңе түсимпаз келер,
Ақылсыздың қәсийети аз келер,
Ақмақлар ҳеш хызмет етпес халық ушын.

Хызмет етер адам өзин хош етип,
Душпанын муңайтып достын шад етип,
Кеше-күндиз ата-анасын яд етип,
Хызмет етер ата-ана, халық ушын.

Жақсы ермес пасықлардың сөзине,
Көп берилмес өз басының ҳәзине,
Ғайрат берип өлгенинше өзине,
Хызмет етер мудам уллы халық ушын.

Жақсының үйине адам көп келер,
Жаман болса оның көзи жеп келеп,
Қуры тили менен «аға» деп келер,
Қәсийети болмас оның халық ушын.

Пухта етип ислейтуғын исини,
Жыйнасақ деп елат пенен есини,
Изине ертер бәрҳә жақсы кисини,
Ақыры өзине теңер халық ушын.

«Бөри арығын ҳеш ўақытта билдирмес»
Жақсы адам душпанларын күлдирмес,
Қолдан келсе оған дәўран сүрдирмес,
Сол жигиттиң жаны қурбан халық ушын.

Ая кеўлим, ойлан, әсилик етпе,
Менмендик әйлеп сен наҳаққа кетпе,
Ҳасла сырды душпаныңа билдиртпе,
Сонда исиң бәржай табар ел ушың.

Адам уғлы бәри бирдейин болмас,
Бириниң гүли солса, бириники солмас,
Жақсы болса бийәдеплик ис қылмас,
Жақсы болса хызмет етер халық ушын.

Сөйлейин болажақ ислерди болжап,
Ҳасла ис етпеслер жаманлық ойлап,
Көрген истиң ишин-сыртыны жайлап,
Барлық күшин сарп етер халық ушын.

Исиңде жигитлер қамлық болмасын,
Ғумшаланса гүлиң ҳәргиз солмасын.
Билек күшли болып, қолың талмасын,
Хызмет исле қолыңызда бар ушын.

Дослық пенен ҳәр бир иске тақ турсаң,
Жан аямай ел-журт ушын ис қылсаң,
Қайғыланбай уллы иске қол урсаң,
Сонда мениң кеўлим өсер халық ушын.

Жақсы адам аяғына бас урар,
Жаманлар дарғазап етип, тас урар,
Мәрт жигитлер халық исине тақ турар,
Соныңдайлар хызмет етер халық ушын.

Ғош жигитке мәдет болса елаты,
Күн-күннен артады оның қуўаты,
Изинде қалады жигиттиң аты,
Соның ушын хызмет ислер халық ушын.

Бул заманда жәбириў-жапа шегермен,
Қара көзден қанлы жаслар төгермен,
Залымлардың зулымын көрип сөгермен,
Күйгенликтен жаным ашыр халық ушын.

Болмады ҳеш жерде мәнзил-мәканым,
Зәҳәр-заққым болды ишип-жегеним,
Болмады айтсам да мениң дегеним,
Кеўил жубатаман текте халық ушын.

Бердимурат ҳақыйқатты изледиң,
Мудам өзиң туўры гүзар гөзледиң,
Жаўызлардан қорықпай сөзди сөйледиң,
Жан-тәниңди бердиң бәрҳа халық ушын.

Қуўат бергей тағы нәзик беллерге,
Мәдет бергей таза ашылған гүллерге,
Бахыт келерме екен бизиң еллерге,
Өлгенше айтарман сөзди халық ушын.

Жигитлер, айтайын тыңлаң зарымды,
Мен баян етейин арзыў-ҳалымды.
Азап пенен алар болды жанымды,
Бердимурат айтар дағын халық ушын.

Әжел жетип өлсем, бул күнде өзим,
Кейнимде қаларлар тәрийп боп сөзим,
Көрди бир нешшени тириде көзим,
Парқын билген хызмет етер ел ушын.

Сөзлерим, ағалар, досларға жағып,
Душпанды ақыры тасларлар қағып,
Жақсы адам дос тутып, өзине бағып,
Бар күшин аямас жақсылар ушын.

Бердимурат тыңлап сөзиңди көргил,
Жүрген соқпағыңнан изиңди көргил,
Қайғы шекпей ғәриплерге қол бергил,
Сонда ис еткениң мүҳминлер ушын.

Көп жылама, өз баўырыңды дағлама,
Сазды шертип ғайры елде шағлама,
Душпаннан қәўип етип, жолыңнан қалма,
Өмириңше хызмет исле халық ушын.

Бул азапты меннен соңға бермесин,
Адамға ҳеш мүсәпирлик келмесин,
Бул зулматты енди көзим көрмесин,
Көрсе, көзден жасым ағар ел ушын.

Қайтармағыл достың ҳеш бир нәзерин,
Қолдан келсе, қурғыл шадлық базарын,
Өткермегил досқа гәптиң азарын,
Дослар хызмет етер яраны ушын.

Сорлыларды ғамғун етпе ҳәр дайым,
Тилегимди қабыл еткей ылайым,
Жалғыз сүйенишим, халқым–панайым,
Жүзимди солдырар душпан дағ ушын.

Душпанларды бул заманда зор еттиң,
Сол себепли бизлерди де хор еттиң,
Ийшанлардың биразларын уры еттиң,
Оның урлықлары зыян халық ушын.

Мойын бурып, кеўлим қапа болмағыл,
Қайғыланып сарғыш тартып солмағыл,
Бийәдеплик исти ҳасла қылмағыл,
Сонда раўаж табар исиң халық ушын.

Жаманлар қасынан қоңсы көширер,
Өзиниң дедикли антын иширер,
Жақсы адам болса, гүнә кеширер,
Сонда раўаж, мениң кеўлим ел ушын.

Жаман адам өзинен кем көрерлер,
Душпанлығын етип азап берерлер,
Наданлар халықты жеп, дәўран сүрерлер,
Кеўлим қабарады мениң сол ушын.

Жаман адам билмес сөзиниң парқын,
Барқулла жаманлар ағайын, халқын,
Көтермекши болып өзиниң даңқын,
Удайына зыян етер халық ушын.

Жақсы адам сөз мәнисин аңлайды,
Жаман адам пасық сөзди тыңлайды,
Жаман адам ҳәргиз ақыл алмайды,
Кеўлим мениң ўайран болар сол ушын.

Жақсы адам жағар шийрин жаныңа,
Жаман адам бояр қызыл қаныңа,
Қол салар ол және сениң наныңа,
Жаманларды журт жек көрер пейли ушын.

Аға-беглер, тартса жат-журтқа несип,
Душпанлар қуўанар көкейин кесип,
Жүрер, күнлер барма кеўилим өсип,
Барлық өмирим бағыш мениң халық ушын.

Жаман жолдас найзасына илдирер,
Жақсы жолдас адамгершилик билдирер,
Душпанды муңайтып, достын күлдирер,
Солар хызмет етер уллы халық ушын.

Ағалар, сөзимди көрмеңлер айып,
Кисини айтпайман сыртынан сайып,
Мен тилермен, тилек, қолымды жайып,
Мениң кеўлим шадланарма халық ушын?

Залымнан ул туўса, атаға тартар,
Күн санап газзаплық ҳикмети артар,
Халыққа жақпас кесапатлы жол тутар.
Ондайдың пайдасы болмас халық ушын.

Жақсы жигитлердиң пейли тар болмас,
Жақсыларға жаман ислер кәр болмас,
Бийәдеплик ислер ядыңда болмас,
Соннан кеўлиң толар ҳәр ўақ халық ушын.

Бердимурат дурыс айт, сөйлеме ялған,
Бул дүнья узақ жол, атаңнан қалған,
Жақсы жүрер бул заманда ақыл алған,
Жақсылар хызметин етпес өзи ушын.

Адам айтар адамгершилик сөзлерин,
Мәлим етпес натуўрыға излерин.
Көрди соныңдайды мына көзлерим
Ҳәр бир исиң маған бүгин яд ушын.

Ақыллы адам билер сөзлердиң парқын,
Хор қылмаслар ондай жигитлер халқын,
Билер ақыл менен алыс, жақынын,
Сондай адам ислер бәрҳа халық ушын!

Ойлансам, сөз келер изме-из өзи,
Өзи емес дүзетер адамның тези,
Жойылмас жақсының айтқан ҳәр сөзи,
Шад болады кеўлим ҳәр ўақ сол ушын.

Ҳақ исин яд етип бул Бердимурат,
Тарийип етип аз емесдур жазды хат,
Айттым бир неше сөз етип ихтияд,
Оның парқын ойлағанлар ел ушын.

Шайыр едим, көзим көргенин жаздым,
Кеўлимниң билип, сезгенин жаздым.
Заман қысыметинен сарғайдым аздым,
Боларма деп жақты күнлер халық ушын.

Сыйлайман өлгенше ғәрип анамды,
Қолдан келсе буздырмайман ханамды,
Ҳүрметлеймен мени өсирген панамды,
Бар хызметим панам – уллы халық ушын.

Жақсыны пәм әйле сөйлеген сөзден,
Жаманның парқы ҳеш билинбес жүзден,
Ишки сырын айырып болмайды көзден,
Соны сынаў пайда уллы халық ушын.

Ғәрипке бергейлер узақ, жыл өмир,
Өмир шад болмаса боларлар көмир,
Сөзлерим мерўертдур айтылған ҳәр бир,
Жаздым дослар, арнап уллы халық ушын.

Атым Бердимурат халықтың қулы,
Саҳрада сайраған шәйда бүлбили,
Он гүлинен ашылмаған бир гүли,
Дегенине жете алмады халық ушын.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ЖАҚСЫРАҚ
Алдынғы бөлимге қайтыў: САЗАН АЎ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.