Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

САЗАН АЎ (SAZAN AW)

Табанымды тас қопарып,
Түсерме деп сазанлар,
Салдым сени көлге апарып,
Қайнарма деп қазанлар.

Қарап көрсем бүгин барып,
Сазан түўе шабақ та жоқ.
Қара суўды келдим жарып,
Емес мениң қарыным тоқ.

Сени салып қара суўға,
Ҳеш бир пайда таппадым,
Оқты атып ушқан қусқа,
Оны да ҳеш жарытпадым.

Әрманым көп кеўлимде,
Сазан балық түспеди,
Қайыстырды қайғы мениң,
Ҳеш бир исим өнбеди.

Бизиң талап келиспеди,
Қанша ғайрат салсамда,
Илгерилеп ис өнбеди,
Мудам таққа турсамда...

Не болғаны талабыма,
Қыр шығады удайы,
Жалғыз балық болмаса да,
Ығбалыма шыдайын.

Қайығым жоқ, жекен салда,
Таянаман таяўды,
Басқа нәрсе жоқ ғой қолда,
Салмасам да таяўды.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ХАЛЫҚ УШЫН
Алдынғы бөлимге қайтыў: АҚ ҚАМЫС
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.