Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ЖАҚСЫРАҚ (JAQSIRAQ)

Ақ бийдайы турып сулы сепкеннен,
Таза салы турып, шигин еккеннен,
Жөнсиз қырық күн қайғы-уўайым шеккеннен,
Ден саўлықта бир күн шадлық жақсырақ.

Дүньяға шыққан соң бахтың ашылса,
Душпанларың аяғына бас урса,
Жаў бағынып, еки қолын қаўсырса,
Көзди алартқаннан иззет жақсырақ.

Жумыс исле туўылған соң ел ушын.
Жаныңды аяма елде ер ушын,
Киндиктен қан тамып, туўған жер ушын,
Өлип кеткениңше хызмет жақсырақ.

Орымбет, Нурымбет, Жалал, Сүлайман,
Сапар, Мырза, Арзыў, Еримбет иймам,
Халықтың қанын сорған гилең бий ийман,
Бәринен биздей бир гедей жақсырақ.

Анаў отырыпты Қулмурат, Муўса,
Кеўли ҳеш ағармас қырық шайып жуўса,
Жарлыларға бахыт, нурлы күн туўса,
Өшимди алмасам өлген жақсырақ.

Басқа кемлик келип түсти уўайым,
Себепсиз таяқ жеп, недур гүнайым?
Жерди-көкти халық әйлеген қудайым,
Бул жүристен әжел келген жақсырақ.

Бир ақшам айттырып урдың жазықсыз,
Не шара байлаўда турмыз қазықсыз,
Қарақалпақ күниң өтти жарықсыз,
Бул өткен өмирден зиндан жақсырақ.

Не ҳасыл сөз айттым, өтти паянсыз,
Не хызметлер еттим, кетти аянсыз.
Мен де жан едим журтқа зыянсыз,
Хорлық көрдим, тек өлгеннен жақсырақ.

Бердимурат айтар көре алмай жақты,
Өлим кетер болды ашылмай бахты,
Бердимурат – халықты, халық – Бердақты,
Жалғызындай көрер, жаннан жақсырақ.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: САЛЫҚ
Алдынғы бөлимге қайтыў: ХАЛЫҚ УШЫН
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.