Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

АҚ ҚАМЫС (AQ QAMIS)

Жапырағың сарғышланып,
Көринеди көзиме,
Қайғы менен көп қыйналып,
Уқсатаман өзиме.

Көп шөллепсең суў ишинде,
Батып-шүмип турсаң да,
Қалтырайсаң жел песинде,
Сонша тамыр урсаң да.

Тамырыңның пайдасы аз,
Беркиспеген ылайға.
Тоқсан түсип болмады жаз,
Биз не қылдық қудайға?

Ескен самал сени қозғап,
Қайыстырды белиңди.
Ушырады ер жетпестен,
Ғумшаланған гүлиңди.

Турпатыңа қарап турсам,
Сарғаймаған жериң жоқ,
Ислериңди ойға алсам,
Жақтыға шығар күниң жоқ.

Қара берман, қамыс, сен де,
Қуўрама суў ишинде,
Сендей болып турман мен де,
Көк тайғақтың үстинде.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: САЗАН АЎ
Алдынғы бөлимге қайтыў: СӨК САНАР
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.