Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

МЕНИҢ БАЛАМ (MENÍŃ BALAM)

Ингалайды, шырқырайды,
Жубанбайды жыласа,
Анасынан сүт шықпайды,
Қанша ықлас қылса да.

Анасы аш, балам жатыр,
Жубанбастан шырқырап.
Анасы да қайғыда отыр,
Қапталында зар жылап.

Балам мениң шарға болды,
Анасынан сүт шықпай,
Ашық болып гүлдей солды,
Адым атып жүре алмай.

Мениң балам бала еди,
Душпанынан өш алғандай,
Мениң балам сондай еди,
Жаўға ойран салғандай.

Мениң балам,
Кейниме ере алмай,
Мен де оны
Аяйман да жылайман,
Жүрмен өзим жақтылықты көре алмай.

Мениң балам,
Өлди еки жасында,
Көне алмадым оған шыдап,
Көп жыладым қасында.

Мениң балам –
Өлип кетти,
Дедигине жете алмай,
Өмир жасын қысқа етти,
Адым атып жүре алмай.

Мениң балам саў болғанда –
Жүрер еди сайранлап,
Өлим оғы тиймегенде –
Гүресер еди бел байлап.

Мениң балам –
Гүлдей солды жасынан,
Ис ақыры сондай болды.
Өтти бул да басымнан.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: СӨК САНАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: ЗАМАН
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.