Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ЗАМАН (ZAMAN)

Қарап турсаң бул заманға,
Сондай жайсыз шыбын жанға,
Жылға-сайлар толды қанға,
Әлеўмет бул қандай заман?

Жылаған көп, өксиген көп,
Ҳәм ашлықтан ийт етин жеп,
Бир жутымға етеди еп,
Қайғы камал болды заман.

Жесир қатын, жетим уллар,
Тентиреп ботадай бозлар,
Шабаққа сатылды қызлар,
Ҳәсирет-қайғы болды заман.

Халық посып мәканынан,
Ҳәм айрылып үй-жайынан,
Табалмады бир тислем нан,
Қайғы қырғын болды заман.

Малы барға ҳеш гәп емес,
Малсыз оларға тең емес,
Бул күнимиз күн емес,
Қара түнек болды заман.

Ата баладан айрылып,
Қанат-қуйрықтан майрылып,
Тамақ табалмай сарсылып,
Жүрген қайғы болды заман.

Бала-шағалар жалаңаш,
Пулсыз, тағы қарыны аш,
Көзинен ағып қанлы яш,
Қыяметлик болды, заман.

Егинлерди суўық урды,
Ерте бастан суў қурыды,
Кимлер асып кетти қырды,
Қыян-кески болды, заман.

Суў ақпады, жаплар ылай,
Ем-дәри болды, басалай,
Көз көр болды жылай-жылай,
Аш-әптада болды, заман.

Аштан өлгенлер көп болды,
Өликке жылға топ болды.
Ашлыққа аўарыў жуп болды,
Қыян-кески болды, заман.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: МЕНИҢ БАЛАМ
Алдынғы бөлимге қайтыў: НЕ БОЛДЫМ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.