Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

НЕ БОЛДЫМ (NE BOLDIM)

Шықтым дүньяға не көрдим,
Жасап дүньяда не болдым?
Қайғы-қапада жер болдым,
Қысым болды шыбын жанға.

Жасым жетти, исим питти,
Аз дәўран басымнан өтти,
Ғаррылық камалы жетти,
Енди бул ўақта, не болдым?

Тоным диземе жетпеди,
Жыламай күним өтпеди,
Ойлаған ойым питпеди,
Мине қартайдым, не болдым?

Көзим тынды гиреўленип,
Ғаррылық нышаны енип,
Қабырғамды қайғы сөгип,
Қайғы қаплады, не болдым?

Анадан жетим қалыппан.
Қаңғырған жетим болыппан,
Азғырды мени көп душпан,
Хорлықта ҳәзир, не болдым?

Сақал-шашларым ағарды,
Ақша жүзлерим сарғайды,
Қол-аяғым салдырайды,
Ойланып ҳәзир, не болдым?

Қуўатым кетип белимнен,
Хабар келип тур өлимнен.
Жақын болып қайғы билен,
Қартайып ҳәзир, не болдым?

Бағсыз жерлерде сайрадым,
Ҳәр нәрселерди ойладым,
Қайғыға тисти қайрадым.
Ақыры, халқым, не болдым?

Жасым жетпей питти исим,
Нәрсе қалмай түсти тисим,
Жоқшылықтан кетти есим,
Шығып дүньяға, не болдым?



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ЗАМАН
Алдынғы бөлимге қайтыў: ЖАРЫМАДЫМ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.